ӨНЕРЛИНИҢ ҚОЛЫ АЛТЫН
Соңғы жыллары республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Тахтакөпир районында да исбилерменлик пенен шуғылланыўшы жаслар жылдан-жылға көбейип бармақта.
Мине, солар қатарында мебель ислеп шығарыўға қәнигелескен «Шуҳрат стаил» шаңарақлық кәрханасы баслығы Зийнел Сапарбаев ҳәм заманагөй аква әйнек ҳәм есиклер, темир ҳәм ағаштан исленетуғын үй руўзыгершилиги буйымларын ислеп шығарыўға қәнигелескен «Тахта Мирпласт» ЖШЖ баслығы Мийирбек Кураковларды атап көрсетсек болады.
«Халық банк»тиң 7 процентли жеңилликли кредити есабынан 120 миллион сумға ағашқа ҳәрқыйлы нағыс ойыўшы ҳәм желимлеўши Қытай технологиясын сатып алып әкелип қурдым, - дейди Зийнел Сапарбаев. Мине, соның арқасында бүгинги күни кәрханамызда өндирис көлеми артып, 9 жумыссыз жасларды жаңа жумыс орынлары менен тәмийинледик. Келешекте таярлаған өнимлеримизди тек районымыз халқына емес, қоңсылас елатлар ҳәм пайтахтымыз Нөкис қаласына да жеткерип бериўди режелестирип атырмыз...
Ҳақыйқатында да, «Өнерлиниң қолы алтын» дегениндей, кәрхананың таярлаған сапалы ҳәм шырайлы буйымларын көрип, олардың бул жақсы нийетлери жақын аралықта әмелге асатуғынына исенгендей болдық.
Р.ОТАРБАЕВ,
ҚМУ студенти.
СҮЎРЕТТЕ: «Шуҳрат Стаил» кәрханасы баслығы З.Сапарбаев қарыйдарларға өз өнимлерин көрсетпекте.