Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:21:05, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МУҒАЛЛИМ — КЕЛЕШЕК  ТӘРБИЯШЫСЫ

Журтбасшымыз елимизде билимлендириў системасын жетилистириў, инновациялық заманагөй пикирлейтуғын кадрларды таярлаў мәселесин мәмлекетлик сия­сат дәрежесине көтергени тосыннан емес.

Себеби, жәмийеттеги барлық өзгерислер менен жаңаланыўлар билимлендириў сапасына байланыслы екенлигин раўажланған еллер тарийхынан көриўимиз мүмкин.

Бүгин инвестиция, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле»    сыяқлы халқымыз турмысында айрықша әҳмийетке ийе болып атырған бағдарламалар тийкарында қала ҳәм аўылларымыздағы мектеплеримиз жаңаша түске енип, материаллық-техникалық базалары беккемленип барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириўин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў системасын басқарыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў, өсип киятыр­ған жас әўладты руўхый, әдеп-икрамлылық ҳәм интеллектуаллық жақтан раўажландырыўды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, оқыў, тәрбия процесинде билимлендириўдиң инновациялық форма ҳәм усылларын кең қолланыў мәселелери алға сүрилди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң 2019-жыл 29-апрельдеги Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў системасын 2030-жылға дейин раўажландырыў Концепциясы тастыйықланды. Усы Концепцияға тийкар, 2030-жылға барып оқыўшылардың билимин баҳалаў бойынша PISА халықаралық бағдарлама рейтингинде Өзбекстанның жәҳәндеги жетекши 30 мәмлекет қатарынан орын ийелеўи мақсет етип қойыл­ған. Булардың барлығы елимизде жаслардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў, талантлы балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў ушын зәрүр болған шараятлар жаратыўға, усылар менен қатар келешек тәрбияшылары болған муғаллим-устазлардың мийнетлерин ҳәм жәмийеттеги абырайын жоқары дәрежеге көтериўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли.

Журтбасшымыздың итибар ҳәм ғамқорлығының нәтийжесинде соңғы үш жылда оқытыўшылардың ис ҳақылары 2,5 есеге асырылып, узақ районларға барып ислейтуғын педагог кадрлар мийнетин хошаметлеў  мақсетинде 50 процентке шекем қосымша айлық үстемелер төлеў белгиленди.

Усы жыл 23-август күни Ҳүрметли Президентимиз басшылығында халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың қәнигелигин ҳәм жәми­йеттеги абырайын арттырыў, жас әўладтың мәнаўия­тын жетилистириў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилиси тек ғана муғаллимлер қәўимин емес, ал, пүткил хал­қымыздың кеўлиндеги мәжилис болғанлығын атап өтиў орынлы.

Усы видеоселектор мәжилисинде «Дүньядағы раўажланған мәмлекетлер тарийхына нәзер таслайтуғын болсақ, оларда жәми­йетлик турмысты өзгертиўге қаратылған реформалар дәслеп билимлендириў системасынан, бақша, мектеп, тәрбия мәселесинен бас­ланғанын көремиз. Себеби, мектепти өзгертпей турып, адамды, жәмийетти өзгертип болмайды. Билимлендириў ҳәм тәрбияның тийкары, тырнақ тасы бул ­ мектеп. Мектепти мектеп ететуғын күш болса ­ муғаллимлер болып есапланады» деп тараў хызметкерлериниң жумысларына жоқары баҳа берди.

Усылар менен қатар, Президентимиздиң «Материаллық ҳәм руўхый тур­мыс­ты үнлес раўажландырыўымыз керек. Мектеп усы бағдарда тийкарғы буўын болыўы керек. Мектеп билимлендириўин раўажландырыў бизлер ушын уллы улыўмамиллий мақсетке, улыўмахалықлық ҳәрекетке айланыўы керек» деген қанатлы пикирлери тек тараў хызметкерлерине ғана емес, кең жәмийетшиликке қарата айтылған пикирлер екенлигин елимиздиң ҳәр бир пуқарасы терең сезиниўи керек.

 

Г.ҚАЛАНДАРОВА,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети шет тиллер

факультети рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының аға оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF