Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:42:06, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ  МАҚСЕТИ — ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ ЖАЙНАП-ЖАСНАП ЖАСАЎЫ

Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң 2019-жылы 20-21-августтағы Қарақалпақстанға сапары халқымызға өзгеше бир қуўаныш алып келди.

Соңғы үш жыл ишиндеги Қарақалпақстандағы әжайып жетискенликлерге халықтың ырза екенлигине байланыслы оларға: «Мен Сизлер менен ушырасыўда қол шаппатлаўларыңызды көриў ушын емес, Сизлердиң көзлериңизге қараў ушын келдим. Себеби, қарақалпақ халқының жәмийетлик-социаллық турмысының тарийхында, ҳәмме ўақыт қайғы-ғәплет «дәртке дәрмансыз» жасағаны тарийхта сыр емес» деген сөзи ҳәммени толқынландырды.

Ол ҳақ еди. Бул сөз қарақалпақларға мийирманлықтың белгиси, ғамқорлықтың ирге тасы ретинде тарийхқа алтын сыя менен жазылып қалатуғын пикирди қәстерлеп, халқымыздың өтмишиндеги оғада қыйын демлерин еске түсириўди мақул көрдим. Солай етсем, заманымыздың әдалатлығын, Елбасшымыздың халқымызға меҳрибанлығының әҳмийетин жоқары баҳалаўға дәлил болады деген мақсетте мақалаға қол урдым.

Ҳақыйқатында да, халқымыздың өмиринде азаплы заманлары, думанлы күнлери, қайғылы мәўритлери көп болды. Ол ҳаққында қарақалпақ хал­қының тарийхын жетик билген бабамыз Бердақ:

«Ата-бабам малды жыйнап,

Шыбын жанын бәрҳа қыйнап,

Шақақласып күлип ойнап,

Ашлықтан жалшыған емес».

 

«Қарақалпақ халық болғалы,

Халық атағын алғалы,

Ҳақтағала жол салғалы,

Бир теңликти алған емес» деп халқымыздың әсирлик тәғдирин, сорлы жағдайларын сүўретлеген еди.

Тарийхта күшлилердиң зулымлығынан халқымыз нешше мәрте көшип қонды, нешше мәрте бүлинди, нешше рет бөлинип қайғы-ғәплетте жасады. Бул ҳаққында Бердақ бабамыз былай деген еди:

«Қарақалпақ халқы бүлип,

Қоңсы отырған ели күлип,

Биразлары жолда өлип,

Жүз жыл қоныс басқан емес».

Халқымыз ел болып нешше саўашларда ат көтерип, Алтын Орда қурамында Мамай батырдың басшылығында Ноғай ханлығын дүзип, Волга ҳәм Орал дәрья бойларында жадырап «Едил елдиң есиги, Жайық жердиң бесиги» деп жасап атырғанында, орыслардың зорлығына ушырап «Елде Мамай қор болдық», «Орманбет бий өлген соң, он сан ноғай бүлген соң», оннан ата журты Түркстанға қуўылды. «Онда да паян таппады». Қазақлардың ханы Абулқайырдың зулымлығына шыдай алмай, қарақалпақ ерлери Маман  бийдиң басшылығында Россиядан жәрдем сорап, оның патшасы Елизавета Петровнаға барғанын ҳәм оннан келисим жарлығын алғанын еситип, Абулқайыр оннан да бетер жаўызлық пенен қарақалпақларды тоз-тоз етип, қырып-жойып, Түркстанды таслап кетиўге мәжбүрледи. Соның нәтийжесинде ел үшке бөлинип, туўыс­қан-туўғаннан, дос-яраннан, қуда-қудағайдан айырылып халықтың биологиялық ҳәм генетикалық бирлигин бузып, зар жылатты.

Қарақалпақлардың Хийўа ханлығының тусындағы аўҳалы да жөнли болмады. Халықты аўыр салықлар шаршатты. Бердақ бабамыздың айтқанындай:

«Былтырғыдан быйыл жаман,

Қалай-қалай болды заман,

Ғәрип-қәсер қалмай аман,

Он тилладан келди салық», - деген әдалатсызлыққа қарсы турып, халықты қорғаўға урынған Ерназар Алакөзди, Айдос бийди, Бегис ҳәм Мыржық сыяқлы батырлардың көзин жойып халықты албыратты.

Халық қараўсыз, қорғаўсыз болды. Англичанлардың қурал-жарағы менен қарыўланған түркмен шабарманларының үзликсиз тонаўына ушырап, перзентлери тутқын болып, шет еллерге сатылды. Ол ҳаққында халқымыздың уллы шайыры Әжинияз «Бозатаў» поэ­масында былай билдиреди:

«Сәҳәр ўақта қырлы дүпең атылды,

Бенде болып түстим, қолым шатылды,

Перидек қыз шоры болып сатылды,

Хош аман бол, бизден қалдың Бозатаў».

Ҳәмме пуқараны теңдей қыламыз, «ҳәр кимниң уқыплылығына қарап жумыс берип, ҳәр кимниң талабына қарап тәмийинлеймиз» деген төгин-шашын жәннет мәкан ­ коммунизмди қурып, халқымыз турмысын абат етемиз деп, жетпис жыл даўрық сал­ған социалистлик дүзим де халқымыздың көз жасын аямады. Өзлигинен айырды, исенимин бузды, қатағанлық орнатып, өз пикирлерине ийе болып, көзге көринип киятырған жигербентлерин ҳәр сапар «чеханка»лап жазықсыз жазалап, халықты аяқ асты етти.

Совет ҳүкимети, өзбек халқының атайы байлығы болған пахтаны, халықтың басына бәлеге айландырды. Оны «ақ алтын» деп, «ақ алтынды алтын қоллар жаратады» деп марапатлап ақырында пахтаны халықтың маң­лайының соры дәрежесине апарды.

Пахтадан ақ алтын, салыдан сары алтын алып Аўқамды байытамыз деп, халқымыз Арал теңизинен айырылып қалды ҳәм оның зәҳәрли, дузлы шаң­ғытларынан түрли аўырыўларға ушырап, генофонды зыянланды. Буның ақыбетин толық түсинген ақыллы адамзат, бул апатшылықты «Тихий Чернобыль» деп атап, себепшиси шоралар системасының буйрықпазлық сиясаты екенлигин көтерип, дүньяға жар салған дәўирде, Москвадағы сиясатшылар Қарақалпақстанды аўқамның басқа аймақларына көшириўди ойлады. Олар Аралды қутқарыўдан гөре, елди көшириў арзаныраққа түседи деп дәлиллеўге тырысты. Россияның Уссурия аймақларына көширген қолайлырақ болар деп, халықтың кеўлине тийди. Буны көрген уллы шайырымыз И.Юсупов өзиниң «Дузлы самаллар» атлы китабында:

«Қәўетер бар, қарақалпақлар,

Көп узамай көшер деген,

Қайдағы бир жақсы жаққа

Барып қоныс басар деген.

 

Есаплаған шотқа салып,

Буған қалай шек қоясаң,

Шотын қолдан жулып алып,

«Ҳәссений бир» - деп қоясаң» деп ғәзепленип:

«Бардур болжаў қәбилетим,

Билген нәрсем сол болады,

Сәл азырақ сабыр етиң,

Бул жер еле зор болады» - деп халықты жубатты.

Мине, енди узақты гөзлеген әдил басшымыз Ш.М.Мирзиёев қарақалпақлардың бул аўыр кешкен тарийхын ҳәм ҳәзир өзбек халқы менен мәңгиликке дослығын терең баҳалап, Өзбекстанды кең көлемде жедел раўажландырыў менен бир қатарда Қарақалпақстанды экономикалық, социаллық, мәдений жақтан бийик шеклерге көтерип, халқымыздың күлип-жайнап жасаўын мәмлекетлик мақсет етип белгиледи.

Ол мәмлекетимиз Президенти лаўазымына кирисиўден баслап Қарақалпақстанға тиккелей кеўил бөлди. Қарақалпақстанның аўыр жағдайға түсип турғанының баслы себеби ­ Арал апатшылығы екенлигин, оның мәселесин шешиўдеги халықаралық режелерге, илимий стратегияларға, Аралды қутқарыў шөлкемлериниң исине кеўли толмай, оны шешиўдиң жаңа стратегиясын усынды.

Ш.Мирзиёев Арал дағдарысынан қутылыў ушын апатшылықтың тек нәтийжеси менен ғана емес, оның себеби менен гүресиўдиң жолын көрсетти. Аралдың қурып қалған ултанын өсимликлер менен жаўып, дузлы, зәҳәрли тозаңды иркип, оның орнына «жасыл экономиканы» шөлкемлестириўди илимий тийкардан дәлилледи.

Бул батыр ҳәм өткир пикир дүнья жәмийетшилигиниң қоллап-қуўатлаўына ерисип, инсаният тарийхында адам даналығының ең уллы жемиси ретинде баҳаланды.

Ол 2017-жыл 20-сентябрьдеги Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас  Ассамблеясындағы шығып сөйлеген сөзинде Арал апатшылығына қарсы гүрес улыўма инсанияттың иси екенлигин дәлилледи. Бул гүресте пүткил дүнья мәмлекетлериниң бирлигин шөлкемлестирген Траст фондын шөлкемлестириўге еристи. Сондай-ақ, бул жоқары мәртебели мәжилисте Орта Азия регионларындағы суў машқаласын теңдей есапқа алыўдың ақылға муўапық екенлигин көрсетип, Қарақалпақстанды суўсызлықтан қутқарды.

Президентимиздиң усындай әжа­йып даналығы тийкарында халықтың жоғалып баратырған үмитлери тикленди, келешекке исеними күшейди.

Ҳүрметли Президентимиз тарийхта көп жәбир көрген халқымыз тарийхының, гүллениў ҳәм күлип-жайнап жасаўдың жаңа бетин ашты. Ҳәзир сол тарийхтың жаңа бетине ай сайын, жыл сайын Қарақалпақстандағы инабат пенен иске асып атырған Президентимиздиң тапсырмаларының нәтийжелери жазылмақта.

Ҳақыйқатында бурын умытылып баратырған Мойнақта ҳәзир 350 ҳаял-қыз жумыс ислейтуғын Текстил фабрикасының пайда болатуғынын ким ойлапты?!

Бурын балықшылық санааты менен белгили болғанлығы умытылып баратырған Мойнақта енди ол санаат тикленип, суў бассейнлери пайда болып, жылына 15 мың тонна балық өндирилип, оннан Мойнақ консерва комбинаты қайтадан тикленип халықты қуўандырыўы ҳеш кимниң түсине де кирип шықпады.

Президентимиздиң Аралға атла­ныс­ты шөлкемлестириў шеберлиги нәтийжесинде бурын 40 жыл даўамында Аралдың ултанының дөгерегинде 400 мың гектар жерге сексеўил егилген болса, тек соңғы бир жылдың ишинде 500 мың гектар жердиң өсимлик пенен жабылыўы тарийхта болмаған қаҳарманлық ­ қарақалпақ тарийхына алтын сыя менен жазылып қалды.

Бурын санаат өними бойынша ҳеш қашан еске алмаған үлкеде, Президентимиз металлургия комбинатын, нефть-химия завод комплекслерин, қурылыс материаллары, энергия дәреклерин ҳәм басқа да кәрханаларды пайда етиўи ҳәм келеси үш жыл ишинде елимизди экономикалық жақтан раўажландырыў ушын тағы да 14 триллион 690 миллиард сумлық 697 жойбардың әмелге асыўы да халқымыздың муқаддес тарийхына алтын сыя менен жазылмақта. Бул теңи-тайы жоқ әжайып тарийхый ўақыялар, әлбетте, адамлардың шырайына шырай қосып күлимлеп, Журтбасшымыздың даналығына қанаатланып жасаўына тийкар болды.

Президентимиз халқымыздың кейпиятына кеўли толып қуўанышына қуўаныш қосқан тағы бир айрықша ғамқорлығы, нешше жыллардан бери елди әдил басқарып, оны көп қыйыншылықлардан мәрдана алып шыққан елимиз перзенти Муса Ерниязовқа «Өзбекстан Қаҳарманы» атағын миясар көриўи пүткил халқымыздың кеўлин көтерди. Президентимиздиң ҳүрметли М.Т.Ерниязовты: Сөзи менен иси бир, ер азамат деп сыпатлаўы оның мәмлекетлик исте пидайылығын, халықшыллығын, табанлылығын, ерлигин жоқары баҳалаўы халқымыздың кеўлинен шықты. Солай етип, уллы бабамыз Әжинияздың «Ел ҳәм ер билендур, ер ҳәм ел билен, Ерсиз елдиң қәдири дәрбадар билен» деген әрманын орынлады. Ал, халқымыз болса, республикамыз басшысына берилген бул жоқары атақ елимизге ҳүрмет деп қабыл етемиз. Президентимиздиң көрегенлигине, әдил сиясатына, даналығына беккем исенип, оның идеяларын инта ҳәм ғайрат, инабат пенен орынлаўға көтериңкилик пенен атланып, «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген дуўасына қоса, Шавкат Мирзиёевтиң узақ өмир көрип, халқымыз ийгилиги жолындағы уллы ислерде оған Аллатаала мәдеткар болсын.

 Ж.БАЗАРБАЕВ,

академик, Өзбекстанға мийнети сиңген илим ғайраткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF