Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:23:10, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОДЕКСЛЕРГЕ  КИРГИЗИЛГЕН  ӨЗГЕРИСЛЕР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20l9-жыл 8-июльдеги «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят процессуал, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекслерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 548-санлы Нызамы менен Өзбекстан Республикасы Жынаят, Жынаят процес­­суал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекслерине бир қатар өзгерислер киргизилди.

Атап айт­қанда, Жынаят Кодекси жаңадан «Шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққында нызам ҳүжжетлерин бузыў» мазмунындағы 1412-статьясы менен толықтырылып, статьяның биринши бөлиминде шахсқа байланыслы мағлыўматларды нызамға қарсы рәўиште жыйнаў, сақлаў, өзгертиў, толтырыў, олардан пайдаланыў, оларды бериў, тарқатыў, ийесизлендириў ҳәм жоқ етиў, усындай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылғаннан соң исленген болса, ең кем айлық ис ҳақының елиў есесине шекем жәрийма яки үш жылға шекем арнаўлы ҳуқықтан азат етиў ямаса еки жылға шекем мийнетте дүзетиў ислери жазасы менен жазаланатуғынлығы көрсетилген.

Екинши бөлиминде болса, усындай ҳәрекетлер бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип, қайта түрде яки қәўипли рецидивист тәрепинен, ғәрезли яки басқа пәс нийетлерде, хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда, аўыр ақыбетлерге себеп болса, ең кем айлық ис ҳақының елиў есесинен жүз есесине шекем жәрийма яки еки жылдан үш жылға шекем мийнетте дүзетиў ислери яки бир жылдан үш жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланатуғынлығы айтылған. Яғный, усы нызам менен шахсқа байланыслы мағлыўматлар бузыл­ған жағдайда нызам менен жуўапкершилик белгиленетуғыны белгилеп қойылды.

Сондай-ақ, усы нызам менен Өзбекстан Республикасы ЖПКниң 38-статьясының мазмуны, яғный, Жынаят ислери бойынша сорас­тырыў төмендегише:

  1. l) Ишки ислер органлары;

2) Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм оның орынлардағы бөлимлери;

3) Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм оның орынлардағы бөлимлери;

4) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм оның орынлардағы бөлимлери;

5) Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳәм оның орынлардағы бөлимлери тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қо­йылды ҳәм ЖПКниң 39l-статьясының 1-бөлими жаңадан 13-бәнт пенен Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳәм оның орынлардағы бөлимлерине нызам менен олардың ис жүргизиўине берилген ислер бойынша сорастырыў алып баратуғынлығы белгилеп қойылды.

Буннан тысқары, усы нызам менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекси жаңадан «248l-статьясы» менен толтырылып, буған муўапық, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы органлары усы Кодекстиң 185l ҳәм 210l-статьяларында нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды анықлаған жағдайда Миллий гвардияның лаўазымлы шахслары тәрепинен ҳәкимшилик ҳуқық­бузарлық ҳаққында баяннама дүзиў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баяннаманы көрип шығыў ушын усы Кодекстиң 282-статьясына тийкарланып, белгиленген тәртипте судқа жибериў ўәкиллиги белгилеп берилди.

Бул нызам менен буннан былай сорастырыў органы сыпатында миллий гвардия да өзиниң ўәкиллиги шеңберинде өз хызметлерин атқаратуғынлығы белгилеп берилди.

 А.САРЫЕВ,

Хожели районы ИИБниң Тергеў бөлимшеси баслығы, капитан.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF