Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:30:53, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖАСЛАРЫНЫҢ ГҮЛЛӘН ХАЛҚЫМЫЗҒА МҮРӘЖАТЫ

Әзиз ата-аналар, қәдирли устазлар ҳәм жаслар!

Биз уллы инсанларды жетилистирип жәҳән цивилизациясына үлкен үлес қосқан бай тарийх ҳәм материаллық-мәнаўий мийрасқа ийе, өз перзентлериниң қәбилети, умтылыўшаңлығы менен дүньяда мүнәсип өз орнына ийе болып атырған елде жасаў бахтына миясар әўладпыз.

Бул муқаддес диярда илим менен талант бәрқулла қәдирленип келген. Өтмиш ҳәм нәўқыран тарийхымызды Әбиў Иса ат-Термизий, Имам ал-Бухарий, Әбиў Әли ибн Сино, Әбиў Райхан Беруний, Муҳаммед ал-Хорезмий, Мырза Улығбек, Алишер Наўайы, Бердақ, Әжинияз, Ибрайым киби уллы бабаларымыздың илим нурлары жақтыртып турады.

Бүгинги күни халқының 60 проценттен асламын жаслар қурайтуғын жанажан Өзбекстанымызда усындай уллы инсанлар жетилисип шығыўы ушын барлық тараўларда заманагөй шараятлар, имканиятлар, жеңилликлер жаратылып берилмекте.

Жигерли жигитлер, дилбар қызлар, Сизлерге мүрәжат етип, соны айтып өтпекшимиз, билим алыў ҳәр биримиз ушын турмыслық зәрүрлик болып есапланады.

Елимизде шөлкемлестирилип атырған жаңадан-жаңа балалар бақшалары, мектеплер, жоқары оқыў орынлары, абырайлы шет ел оқыў орынларының филиаллары, мәденият ҳәм спорт имаратлары, «Темурбеклер мектеби», «Президент мектеплери», «Дөретиўшилик мектеплери» деп аталған пүткиллей жаңа үлгидеги билимлендириў дәргайлары бүгинги глобалласыў шараятында ҳәр тәреплеме жетик кадрлардың жаңа әўладын тәрбиялаўға хызмет етпекте. Сондай-ақ, бул дәргайлар Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Биз ҳәм Сиз әзизлердиң оқып, билим алып, ақыллы ҳәм физикалық жақтан бәркамал болып жетлисиўиңиз ушын жаратылып атыр­ғанлығын умытпаң.

Жигит-қызларымыздың өз тараўында, жәмийетлик жумысларында ерисип атырған жетискенликлерин мүнәсип хошаметлеўге мәмлекетимиз тәрепинен үлкен итибар берилип, Ўатан­сүйгиш, пидайы жүзлеген жасларымыз «Дослық» ордени, «Шуҳрат» ҳәм «Келажак бунёдкори» медальлары, «Зульфия» атындағы ҳәм де «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлықлары, «Ўзбекистон белгиси» ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Үмит ушқыны» естелик белгилери, Өзбекстан Жаслар аўқамының бир қатар сыйлықлары менен сыйлықланыўы бәршемизде мақтаныш сезимлерин оятады.

Сондай-ақ, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арт­тырыў мақсетинде ҳәр жылы «Жас китапқумар» таңлаўы шөлкемлестирилип атырғанлығы Ҳүрметли Елбасшымыздың биз жасларға болған шексиз меҳри ҳәм ғамқорлығы деп билемиз.

Соның менен бирге, бүгинги күнде «Жаслар ­ келешегимиз» фонды тәрепинен жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, жаңа бос жумыс орынлары жаратылып атырғанлығы, «Жаслар мийнет гүзар»лары, «Жас исбилерменлер» коворкинг орайларының пайдаланыўға тапсырылып атыр­ғанлығы, жаслардың арзыў-ни­йетлерин, умтылысларын, жаңа идея ҳәм басламаларын әмелге асырыў мақсетинде улыўмахалықлық ҳәрекетке айланған 5 тийкарғы баслама бойынша уллы ислердиң әмелге асырылып атыр­ғанлығы айрықша мақтаўға ылайық.

Келешегимиздиң айдын болыўы өз қолымызда екен, келиң, тынымсыз оқып үйренейик!

Билим, өнер ­ бийбаҳа ғәзийне екенлигин бәрқулла есте сақлайық!

Әзиз ата-аналар!

Сизлерге мүрәжат етип айтпақшымыз, перзент тәрбиясы ең биринши шаңарақта қәлиплеседи. Соның ушын бүгинги заман Сизлерден ең алды менен меҳрибан устаз және дана кеңесгөй болыўыңызды, перзентлериңиз тәлим-тәрбия алыўы ушын мүнәсип шараят жаратып бериўди талап етпекте.

Соны айрықша атап өтемиз, Сиз тәрбиялап атырған перзент ­ турмысқа беккем қәдем қойып атырған жаңа күш! Ертеңги келешекти өзгерте алатуғын қәбилетли басшы! Теңлеслерин жумыс пенен бәнт ететуғын, узақты көре алатуғын исбилермен! Алдағы ўақытлары реформаларды әмелге асырыўшы реформатор! Өзбекстан менен өсип киятырған келешек!

Ул-қызы шаңарақ қәдириятын, миллий мәнаўиятын жоқары тутатуғын, ата-ана ҳәм мәҳәллесин ардақлайтуғын, Ўатанды сүйетуғын ел жеңилмесдур!

Перзентлеримиздиң заманагөй билим ҳәм жетискенликлер шоққысын ийелеўи, өзиниң әмелий жумыслары, күш-ғайраты менен жанажан Ўатанымыздың мүнәсип, садық перзентлери болып камалға келиўи ­ Сиз әзиз ата-аналардың көмеги менен әмелге асырылады.

Инсанның кеўилин, жолын китап жарытады. Китапта илим, ҳикмет дүрданалары орын ал­ған. Оны ийелеп, турмысқа енгизгенлер ҳәрдайым уллы ислерди әмелге асырған. Бундай ҳикметке биринши нәўбетте өзиңиз әмел етип, ул-қызларыңыздың санасын, пикирлеў дүньясын оятып, өз алдына қойған үлкен ҳәм жуўапкерли ўазыйпаларда белсенди болыў ушын Сизлерден де ҳәр тәреплеме үлкен таярлықты талап етеди.

Мәмлекетимиздиң күш-қүдирети, жәмийетимиздиң сүйениши ҳәм келешеги болған бәркамал әўладты интеллектуаллық жақтан кәмил инсан етип тәрбиялаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ҳәм муқаддес ўазыйпасы екен, қолыңызда бар имканиятларыңызды, билим ҳәм қәбилетиңизди шаңарағыңыздың қуўанышы болған перзентлериңиздиң нурлы келешеги ушын жумсаў барлық ата-аналардың ең жоқары миннети болып есапланады.

Ҳүрметли кәсип ийелери бол­ған әзиз оқытыўшылар, устаз ҳәм тренерлер!

Жас әўладты балалықтан миллий қәдирият ҳәм Ўатансүйгиш, өзи туўылып өскен жерге муҳаббат, бул муқаддес диярға шексиз ҳүрмет руўхында тәрбия­лаў, қәлбинде ҳадаллық, Ўатанға, ата-анаға ҳүрмет туйғысын оятыў ­ Сиз әзизлердиң әҳмийетли ўазыйпаңыз екенлигин шын кеўилден аңлаймыз!

Усы уллы мақсет жолында бәршемиз бир болып бул елдиң келешеги, оның ертеңги шын мәнисиндеги ийелери болған жаслар тәрбиясында педагоглар жәмәәти де қолды қолға берип кириссе, күтилген нәтийжеге ерисемиз!

Қарақалпақ классик шайыры Бердақ бабамыздың белгили қосығында айтып өткениндей «Жигит болсаң арысландай туўылған, Хызмет еткил уда­йына халық ушын» қатарларын уран етип, жаслар санасында Ўатансүйиўшилик сезимлерин күшейтиў ­ бүгинги күнниң талабы!

Әзиз жаслар, ата-аналар ҳәм педагоглар!

Ўатанымызды көз қарашығындай асырап-абайлайық, бар меҳримизди, мийнетимизди муқаддес диярымыздың раўажланыўы ушын жумсайық!

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF