ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ҚОЛ-ҚАНАТ
Халықты исбилерменликке тартыў, саламат бәсекеликти күшейтиў, солай етип бизнес орталықты жақсылаў бойынша бирқанша илажлар әмелге асырылмақта.
«Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасы арқалы исбилерменлик пенен шуғылланыўды мақсет еткен пуқараларды қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде жаңадан шөлкемлестирилген субъектлердиң саны көбейди. Лекин, орынларда бюрократия, дәмегөйлик ҳәм исбилерменлик жумысына тосқынлық етиў жағдайлары елеге шекем ушыраспақта.
Бул машқалаларды системалы шешиў, исбилерменлерге жәрдем бериў мақсетинде 2019-жыл 14-майда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў ушын қабыллаўханаларын шөлкемлестириў белгиленди. Бул арқалы исбилерменлик субъектлерин қорғаўдың ҳуқықый механизмлерин еле де күшейтиў, сырт ел инвесторлардың мүрәжатлары менен ислесиўди шөлкемлестириў, ашық-айдын сөйлесиўин тәмийинлеў, шешими табылмаған мәселелерди шешиў ушын өз ўақтында нызамлы шаралар көриў мақсет етип қойылған.
Қабыллаўханалар ашылып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети структурасында Бас Министрдиң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў Қабыллаўханаларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секретариаты шөлкемлестирилди. Қабыллаўханаларда исбилерменлерди, сырт ел инвесторларын қабыл етиў, ҳәкимликлер, Саўда-санаат палатасының исбилерменликке көмеклесиў орайлары, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда, әдиллик, салық инспекциясы, қурылыс, мәмлекетлик кадастр уйымлары, банк ҳәм басқада шөлкемлердиң аймақлық уйымлары ўәкиллериниң қатнасыўында тастыйықланған кесте бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылады. Егер мүрәжатларда көрсетилген нызамлы талаплар ҳәм усынысларды район ҳәм қала дәрежесинде шешиў ҳәм қанаатландырыў имканияты болмаса Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына жибериледи. Буннанда нәтийже шықпаса, Министрлер Кабинети секретариатында, Бизнес Омбудсман, Саўда-санаат палатасының ўәкилликли уйымларының қатнасыўында көриледи. Ал, бунда да шешим табыў қыйын болса, Бас Министрдиң тиккелей өзи қабыллап, мүрәжатты үйренеди.
Усы ийгиликли ислерди әмелге асырыў мақсетинде жақында Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы Р.Данеқулов исбилерменлер менен бирме-бир жумыс орнына барып, ушырасыў өткерип бунда исбилерменлер қабыллаўхананың алып баратуғын жумыслары менен жақыннан танысты, өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўапларын алды, шешилиўи лазым болған мәселелери тийисли тәртипте мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрип шығылмақта.
Бул пәрман исбилерменликке кең жол ашып, тараў жумысларының жеделлесиўине жәрдем береди деп ойлаймыз.
Зайыр АЯПОВ,
Тахтакөпир районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң
Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы жетекши қәнигеси.