Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:22:03, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ҲАЯЛ — МИЛЛЕТ  ҲАЎАЗЫ»

Бүгинги  күнде ҳаял-қызларымыз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде  басшы лаўазымларда жумыс  ислеп, олардың ҳәр бир ислеген мийнетлери  халқымыз тәрепинен мүнәсип  баҳаланбақта.

Ҳәзирги ўақытта  қызларымызға  жоқары билим бериў, миллий инсаныйлық қәдириятларды  санасына сиңдирип,  шаңараққа таярлаў ҳәм кәсипке бағдарлаў бүгинги күнниң ўазыйпасына  айланбақта. Елимизде бул бойынша  сиясий партияларға да  үлкен жуўапкершилик жүкленген.

Жакында Өзбекстан «Миллий  тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан  Республикасы Кеңеси «Ҳаял-қызлар қанаты»   тәрепинен  шөлкемлестирилген  «Ҳаял ­ миллет ҳаўазы» атамасындағы  сәўбетлесиў  кешеси болып өтти.

Илажда  ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы  Т.Романов,  Нөкис қалалық ҳаял-қызлар комитети баслығы  Г.Абибуллаева,  ӨзМТДП   Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси  баслығының  «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар  мәселелери» бойынша орынбасары И.Сейтназарова,  «Дослық»  ордениниң  лауреаты, партия белсендиси  А.Пирназаровалар сөзге  шығып, мәмлекетимизде  ҳаял-қызлардың  нызамлы ҳуқықларын қорғаў бо­йынша  көплеп жумыслар исленип атырғанлығы   атап өтилди.

­ Быйыл елимизде миллий  парламентимиз ҳәм  жергиликли Кеңеслерге  сайлаўлар болып өтеди.  Усы сайлаў­ларға  партиямыздан депутатлыққа талабан болатуғын ҳаял-қызлар санын  еле де көбейтиўимиз керек, - деди  Т.Романов.

Илаж пикир алысыў ҳәм сораў жуўаплар менен жуўмақланды.

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF