ШАҢАРАҚ — МЕҲИР ҲӘМ ҮМИТ ШЫРАҒЫ
Шаңарақтағы келиспеўшиликлер, ер-ҳаялдың бир-бирин түсинбеўлери, перзентлер тәрбиясына бийпарўалығы себепли жынаятқа қол урып атырғанлығы да мәселениң қаншелли әҳмийетли екенлигинен дәрек береди.
Сол себепли, жаслар ушын сынаў мүддети, шаңарақ қурыўға таярлық көриў дәўири нызамда беккемлениўи лазым.
Жақсы нийетлер менен қурылатуғын шаңарақты ҳәр қандай ғәрезли нийетли кимселерден қорғаў ушын күйеў ҳәм келин ийин тиресип гүрессе турмысы жақсыланады. Шаңарақ татыў, аўызбиршиликли болса, ҳақыйқый бахыт қорғанына айланады.
Негизинде, шаңарақтың шайпалыўы жаңалық емес. Бурынлары да бундай кеўилсиз ўақыялар ушырасып турған. Барлық мәселеге ақыл көзи менен қараған ата-бабаларымыз ең аўыр жағдайларда да, шаңарақты сақлап қалыўға ҳәрекет еткен. Тек ғана қыянет етиў кеширилмеген, ал, қалған жағдайларда жасларды жарастырған. Бүгинги, ажырасыўлар себеплерин талқылап көргенимизде, айтыўға арзымайтуғын бәнелер екенлигине көзимиз жетеди.
«Оила» илимий-әмелий изертлеў орайының мағлыўматларына көре, 2018-жыл апрель-сентябрь айларында ажырасыў алдында турған 18521 шаңарақтағы турмыстың бузылыў себеби сыпатында төмендеги факторлар келтирилген: күйеў ҳәм ҳаялдың арасындағы турмыслық келиспеўшиликлер-48,4 қәйинене, қайната яки үшинши шахс, улыўма басқалардың шаңарақ турмысына араласыўы-17,4, бийперзентлик-5,3, материаллық жетиспеўшиликлер, өмирлик жолдасының жумыссызлығы ҳәм экономикалық машқалалар-6,3, мәскүнемшилик ҳәм басқа да зыянлы иллетлер ақыбети-5,5, ишки ҳәм сыртқы миграция 3,5, басқа түрли себеплер-11,3 процент.
Енди өзиңиз ойлап көриң. Усы көрсеткишлердиң қай бири адам тәғдирин ойыншық етиўге, тири жетимлер санын көбейттириўге тийкар бола алады! Бизиңше, ҳеш бири. Бул машқалаларды пайда ететуғын да, сапластыратуғын да адамның өзи. Ажырасыў алдында турған яки ажырасқан шаңарақлардың машқаласы бир-бирине уқсамасада, ҳәр бири өз шешимине ийе. Ең әҳмийетлиси, олардың көпшилигинде ажырасыўға шекем шаңарақты сақлап қалыў имканияты бар.
Ҳәр дайым усы машқалалы тема тилге алынғанда ямаса қандай да бир кеўилсизликлер жүз бергенде дәрҳал қәнигелерге мүрәжат етиледи. Олар да әдеттегидей есабатлар, алып барылған түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары ҳаққындағы мағлыўматларды көрсетеди. Тап усының менен мәселе шешимин тапқандай. Ҳақыйқатында, жағдай пүткиллей басқаша. Машқалалы шаңарақ, өз тәшўишлери менен араласып жүре береди. Жанынан тойып кеткен яки машқаланы шешиўде басы туңғыйық көшеге кирип қалған адам илажсызлықтан жынаятқа қол урады.
Аўызбиршилик кеткен шаңарақты, усы бағдарда алып барылған жумыслар анализи, үгит-нәсиятлар, бир-еки түсиндириўлер алып барыў арқалы тиклеп болмаслығын жақсы түсинемиз. Соның ушын машқалалы шаңарақлар менен турақлы ислесиў, дәрт-тәшўишлерин бөлисиў орны келгенде сырлас, ғамқор, меҳрибан дос болыў керек.
Дурыс, ажырасыўлардың алдын алыў, шаңарақты сақлап қалыўда ҳәмме бийпарқ деп айта алмаймыз. Бул бағдарда бир қатар илажлар әмелге асырылып атыр. Атап айтқанда, шаңарақлық мүнәсибетлерди беккемлеў ҳәм ажырасыўларды азайтыў мақсетинде Жоқарғы суд пенен Ҳаял-қызлар комитети арасындағы меморандумға көре, ажырасыў ушын арза бергенлерге ҳаял-қызлар комитетиниң шешимин алыў системасы жолға қойылған.
Сондай-ақ, ажырасыўлардың алдын алыў мақсетинде ажырасыў ушын төленетуғын мәмлекетлик бажы да еки есеге көбейттирилди. Ажырасып атырған шаңарақларға мүддет берилмекте. Бирақ, бул күтилген нәтийжени бермей атыр. Себеби, көпшилик шаңарақлар судқа шекем, анық қарарға келип болған ҳәм оны өзгерттириўди ойлап та көрмейди. Ал, айырым жаслардың болса нызамлы ажырасыў қағазын алмай турып, мусылманша неке тийкарында басқа шаңарақ қурып атырғанын ҳеш нәрсе менен түсиндирип болмайды.
Шаңарақ Кодексине де өзгерислер киргизиў ўақты келди. Себеби, кейинги ўақытларда сырт елде турып, исеним қағазы арқалы ажырасып атырған шаңарақлар саны көбейген. Бундай тәжирийбени келешекте бийкар етиў режелестирилмекте. Президентимиздиң 2019-жыл 22-апрельдеги «Бала ҳуқықларын, кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, усы жыл 1-сентябрьден жигитлер ҳәм қызлар ушын неке жасы 18 етип белгиленди.
ПҲАЖ бөлимлери жанынан шаңараққа таярлаў ушын некеден өтиўден бир ай алдын «Жас шаңарақ қурыўшылар мектеби»нде жасларға сабақ бериледи. Бирақ, мәселеге қалыс жантасатуғын болсақ, мүддет дурыс таңланбаған. Себеби, жаслар өзи үлкейип өскен орталықта алып үлгермеген билим ҳәм көнликпени белгиленген қысқа мүддетте ийелей алмайды. Сол себепли, мектеплер ҳәм оқыў орынларынан шаңарақ билимин үйретиўге айрықша әҳмийет қаратыў керек.
Жаслар некеден өтиўден алдын ким менен шаңарақ қурып атырғанын терең ойлап көрсе, шаңарақлық турмысқа таяр болса, ҳеш қандай машқалаға орын қалмайды.
Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ,
Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги.