Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:04:48, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ «ӨЗАРХИВ» АГЕНТЛИГИНИҢ ЖУМЫСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында архив иси ҳәм ис жүргизиўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 20-сентябрьдеги ПП-5834-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Республикасы «Өзархив» агентлигиниң (кейинги орынларда — Агентлик) жумысын жетилистириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Агентликтиң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 20 дан ибарат Агентликтиң орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы архив иси басқармаларының (кейинги орынларда — аймақлық бас­қармалар) үлги структуралары ҳәм бас­қарыў хызметкерлериниң шекленген саны 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасында 2020-2025-жылларда архив иси ҳәм ис жүргизиўди және де раўажландырыў бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық;

2020-2025-жылларда мәмлекетлик архив имаратларын ҳәм сақлаўханаларын қурыў бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық;

2023-2025-жылларда мәмлекетлик архив имаратларын реконструкциялаў бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы архив иси басқармаларының структурасына қосымша киргизилип атырған штат бирликлери бюджет шөлкемлериниң штат бирликлери санын тийислисинше қысқартқан ҳалда, оларды қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қәрежетлер есабынан тәмийинленетуғыны белгиленсин.

  1. Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў;

Миллий архив фондының ҳүжжетлерин жыйнаў, олардың сақланыўын, мәмлекетлик есапқа алыныўын тәмийинлеў және олардан кеңнен пайдаланыў;

мәмлекетлик архивлерди басқарыў ҳәм олардың нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў;

архив хызметлерин көрсетиўде мәмлекетлик емес секторды буннан былай да раўажландырыў, архив иси тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ушын қолайлы шараятлар жаратыў;

архивтаныў, археография, ис жүргизиў, электрон ҳүжжет айланысы тараўында илимий, методикалық жумысларды шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин ҳәм илимий-техникалық жетискенликлерди республика архивлери әмелия­тына енгизиў;

заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда турақлы түрде архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў системасын қәлиплестириў;

архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўындағы мәмлекетимиз ҳәм сырт мәмлекетлердиң алдынғы жумыс тәжирийбесин үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў , сырт ел архивлеринде сақланып атырған Өзбекстан тарийхына байланыслы архив ҳүжжетлериниң көширмелерин алып келиў.

  1. Агентликтиң директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Агентлик, оның аймақлық бас­қармалары ҳәм уйымлық бойсыныўындағы шөлкемлердиң структурасына басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў;

жергиликли ҳәм сырт елли қәнигели кадрларды хызметкерлер ҳәм кеңесгөйлер сыпатында, оларға бурынғысынан басқаша тәризде Архив исин раўажландырыў қоры (кейинги орынларда — Қор) қаржылар есабынан мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгиленген ҳалда, тартыў.

  1. Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармаларының хызметкерлери өз ўәкиллиги шеңберинде архив ҳүжжетлерин тапсырыўдың, сақлаўдың, олардан пайдаланыўдың, сондай-ақ, архивлер ҳәм уйымлық тәрепинен хызметлер көрсетиўдиң белгиленген тәртибин бузыў жағдайлары бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққында протоколлар дүзиў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленсин.
  2. Архив иси ҳәм ис жүргизиў бойынша қәнигелигин арттырыў илимий-методикалық орайында (кейинги орынларда — Орай):

архив иси ҳәм ис жүргизиўдиң заманагөй талаплары және процесс­лерин есапқа алған ҳалда мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәки­мияты уйымлары ҳәм басқа да шөлкем және мәкемелердиң архив­ши ҳәм ис жүргизиўши кадрларын үш жылда кеминде бир рет қәнигелигин арттыратуғыны;

басқа тараў қәнигелериниң архив иси ҳәм ис жүргизиў бойынша билимлерин арттырыў бойынша оқыўлар шөлкемлестиретуғыны;

архив иси ҳәм ис жүргизиўге байланыслы республикалық ҳәм халықаралық көлемде семинарлар, конференциялар, әнжуманлар шөлкемлестиретуғыны;

архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында илимий изертлеўлер өткеретуғыны;

архивши ҳәм ис жүргизиўши кадрлардың қәнигелигин арттырыў мәселелери бойынша халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлердиң билимлендириў мәкемелери менен өз-ара бирге ислесиў жумыслары әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

мәмлекетлик архивлер төлемли хызмет көрсетиўден алынған дәраматының 20 проценти муғдарындағы жыллық мәжбүрий ажыратпалар;

Орайдың төлемли хызмет көрсетиўден алынған дәраматының 30 проценти муғдарындағы ажыратпалар;

Қордың қаржыларын коммер­циялық банклердиң депозитлерине қойыўдан алынған дәраматлар;

юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайыр­қомлықлары, халықаралық шөлкемлердиң грантлары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Қордың қаржылары төмендегилерге жумсалатуғыны бел­гиленсин:

мәмлекетлик архивлердиң имаратлары ҳәм сақлаўханаларын оңлаў ҳәм қурыў;

мәмлекетлик архивлерде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм қәўипсизлик системаларын енгизиў;

сырт мәмлекетлерден Өзбекстан тарийхына байланыслы архив ҳүжжетлериниң көширмелерин қайтарыў;

архив иси тараўында ҳәр қыйлы конференциялар, семинарлар ҳәм бас­қа да илажларды өткериў;

Агентлик, оның аймақлық басқармалары ҳәм уйымлық бойсыныўындағы шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

Агентлик, оның аймақлық бас­қармалары ҳәм уйымлық бойсыныўындағы шөлкемлердиң хызметкерлерин сырт мәмлекетлердиң илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм басқа да мәкемелеринде оқытыў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў;

Агентлик, оның аймақлық бас­қармалары ҳәм уйымлық бойсыныўындағы шөлкемлердиң хызметкерлерине мәмлекетте ҳәм сырт елге хызмет сапарларының қәрежетлерин төлеп бериў;

Агентликтиң жумысын шөлкемлестириўге қаратылған басқа да илажлар.

  1. Агентликтиң директорына Қордың қаржылары есабынан Агент­ликтиң орайлық аппараты ҳәм аймақлық басқармалардың хызметкерлерине тийкарғы ийелеп турған лаўазымлары бойынша лаўазым мийнет ҳақыларына, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да төлемлерге қарамастан, үстеме ҳәм басқа да хошаметлеўши төлемлерди белгилеў ҳуқықы берилсин.
  2. 2019-жыл 1-октябрьден:

Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм аймақлық басқармалары хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақыларын Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына тийкарланып белгилеўде тариф коэффициенти 1,6 есеге арт­қан ҳалда қолланылатуғыны; 

Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм аймақлық басқармаларының хызметкерлерине тараўда узақ мүддет хызмет еткени ушын мийнет ҳақысына үстеме ҳақы төленетуғыны.

Усы бәнтти әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

  1. Ташкент қалалық ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги еки ай мүддетте Өзбекстан миллий архивлер имаратының қурылыс дәўиринде Агентликти мәмлекеттиң қарамағында бос турған объектлерге ўақтынша жайластырыўға жәрдемлессин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы «Өзархив» агентлиги;

архив иси ҳәм ис жүргизиў жағдайы бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби; Архив исин раўажландырыў қоры;

Архив иси ҳәм ис жүргизиў бо­йынша қәнигелигин арттырыў илимий-методикалық орай ҳаққындағы режелерди тастыйықласын.

  1. Агентлик мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ари­повқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 20-сентябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF