Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:53:41, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРЫМЫЗДЫ  ЖАТ  ИДЕЯЛАР  ТӘСИРИНЕН  ҚОРҒАЙЫҚ

Бүгинги күни турмысымызда қураллы қәўиплерден көре мәнаўий қәўип ең нәзик мәселелердиң бирине айланып қалмақта. Сонлықтан диний экстремистлик шөл­кемлер жаслардың еле өзиниң мәнаўий дүньясын қорғай алмайтуғын санасына унамсыз тәсир көрсетиў арқалы мыңлап инсанларды туўры жолдан аздырып, олардың өмирине қәўип салмақта.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында сөйлеген сөзинде БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық Конвенциясын ислеп шығыў ҳәм Бас Ассамблеяның   «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюциясын қабыл етиў бойынша басламаларында терроризм машқаласына үлкен итибар қаратып, оның себеплерин сапластырыўға шақырды.

Усы мүнәсибет пенен адамлар, биринши нәўбетте жаслардың ой-пикирин ағартыўшылық тийкарында қәлиплестириў ҳәм ең әҳмийетли ўазыйпа екенлигин айрықша атап өткен еди, елимиз Президенти.

Сондай-ақ, идеологиялық қәўиплердиң тәсири қанша күшли екенлиги, олардың ҳеш қандай шегара билмейтуғынлығы сыр емес. Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримов өзиниң «Жоқары мәнаўият ­ жеңилмес күш» китабында «...бүгинги заманда идеология полигонлары ядро полигонларынан да көбирек күшке ийе. Бул мәселениң инсанның мудамы сергек болыўға шақыратуғын тәрепи сонда, егер әскерий, экономикалық, сия­сий басым болса, буны сезиў, көриў, алдын алыў мүмкин, бирақ, идеологиялық қысымды, оның тәсири ҳәм ақыбетлерин тез сезип алыў оғада қыйын» деп атап өткени бийкарға емес.

Бүгинги күнде мәнаўий қәўиплердиң ең көп қамтып алыўға ийе болған саласы ғалаба хабар қураллары сис­темасы болып табылады.

Мәмлекетлер басқа аймақлардан өз шегаралары менен ажыратылған ҳәм беккемленген. Лекин, мәлимлеме көлеми соншама кең, ол ҳеш қандай шегара билмейди. Ҳәзирги күнде бундай унамсыз мақсетлерди өзиниң жаўыз нийет­лерин әмелге асырыў ушын пайдаланады. Сонлықтан да, елимизде жаслардың ҳәр қандай мәлимлемеге қарата иммунитетин пайда етиў, идеологиялық бослық пайда болмаўы ушын көплеп илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги глобалласыў заманында диний экстремизм ҳәм терроризм пүткил жәҳән көлеминде қәўипли күшке айланбақта.

Ашынарлысы сонда, ҳәтте, бул жолға кирип Ўатанына, шаңарағына қыянет еткен мыңлап жаслар саны артып бармақта. Буның себеби неде?  Идеологиялық бослық ҳәм ең зыянлы болған бийпәрўалық ҳәм бийғамлық деп есаплаймыз. Бийпәрўа адам душпаннан да қәўиплирек екенлигин даналарымыз әзел-әзелден келешек әўладларға уқтырып келмекте. Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда, биз жасларымыздың идеологиялық иммунитетин күшейтиўимиз ҳәм бул ушын тараў қәнигелерин тарта отырып, билимлендириў мәкемелеринде ҳәм мәҳәллелерде профилактикалық түсиндириў ислерин белсене алып барыўымыз зәрүр ҳәм  кең жәмийетшилик буған үлесин қосыўы тийис.

Қ.РЕЙМОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF