Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:29:57, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛ ЕЛЕ ТОЛЫП — ТАСАДЫ

Арал теңизи суўының турақлы түрде пәсейиўиниң басланыў дәўири болған 1960-жыллардан бурын оның қубласы, әсиресе, қубла-шығыс тәрепи оғада көп атаўлардан ибарат еди.

Ал, дәрья дельтасында бир-бири менен тутасып кеткен көллердиң оғада көплигинен аралығындағы қурғақлықлар атаўды елеслетип турар еди. Соның ушын да, изертлеўшилер теңиздиң аты Арал ­ атаў сөзинен келип шыққан деген жуўмаққа келген.

1701-жылы Россияда «Пүткил Сибирьдиң сызылма китабы» шығарылды. Китап С.У.Ремезов тәрепинен жазылып, Орта Азия еллери ҳаққында оның 22-бетинде сөз етилген. «Сызылма китап» усы ўақытқа шекемги Орта Азия еллери ҳаққындағы барлық мағлыўматларды қамтыған. Онда Арал теңизи орыс дереклеринде биринши мәрте ҳәзирги аты менен «Море Аральское» көринисинде жазылған.

Көп жыллық тарийхқа ийе Арал теңизи қурығаны менен оның жүреги еле тири ҳәм халқымыз арасында жасап атыр. 1989-жылы сценарий авторлары М.Тучиев, Оразбай Әбдирахманов, режиссёр Жақсылық Дәўлетов, оператор Валерий Алламяров, сахналас­тырыўшы художник Нурсултан Шариповлар «Гүм-гүм» атамасындағы фильм түсирди. Аралдың қурыған жерлерин қазып суў әкелип, Арал теңизи көринисинде сахналастырып фильм түсирип атырған ўақытта алыстан қоңыраўдың даўысы еситиле береди. Фильм түсириўшилер барып қараса, маяк ҳәм қоңыраўды таўып алады. Арал әтирапында сақланып атырған затлар Нурсултан Шарипов тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине әкелип тапсырылды ҳәм көздиң қарашығындай сақланбақта. Бул музейге ҳәм Арал өмирине жаңалық болып, ҳәзирги ўақытта Мойнақ қаласындағы Арал кемелери тарийхы музейиниң экспозициясынан орын алды.

Ғәрезсизлигимиз шарапаты ҳәм Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң алып барып атырған сиясаты нәтийжесинде Арал теңизине суў келди. Теңизимиз қайта толып-тасып, келешек әўладларымызға көп жыллар хызмет ететуғынына халқымыздың исеними артпақта.

 

Айнур ПОЛАТ,

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты

мәмлекетлик музейи бөлим баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF