Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:52:16, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРЕЯЛЫ  ШЫПАКЕРЛЕР РЕСПУБЛИКАМЫЗДА

Қубла Корея Республикасының «Friends» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми усы жыл 12-сентябрь күни «Kunkuk» университети ҳәм басқа да клиникалардың бет-жақ хирурглары, стоматолог шыпакерлери ҳәм басқа да, жәми 46 қәнигеден ибарат топар менен республикамызға келген еди.

Олар үш күн даўамында мектеплерде оқыўшыларды медициналық тексериўден өткерип, қызықлы сахналық көринислер арқалы саламат турмыс тәризи, әсиресе, аўыз бослығы менен тислерди ҳәр қыйлы кеселликлерге ушыраўдан қалай сақлаўға болатуғынлығы туўралы түсиниклер берди.

Соннан, усы топар ағзаларының ортопед, педиатр шыпакерлеринен ибарат бир топары 12-сентябрьден берли Республикалық көп тармақлы балалар медициналық орайында балаларды медициналық тексериўден өткермекте. Усы топардың бет-жақ хирурглары тәрепинен 14-15-сентябрь күнлери 15 балаға операция исленди.

— Мен Хожели районынан келип отырман. 2013-жылы туўылған балам Ильярбек туўылғанлы берли аўыз бослығындағы нуқсаны себепли қыйналып киятыр едик. 2015-жылы усы шыпакерлер биринши операциясын иследи. Күни кеше және бир операция өткерди. Операция сәтли өтти. Ҳәзир баламның аўҳалы жақсы,-дейди әкеси А.Алламбергенов.

— Кеше балам Камронбектиң таңлайына операция исленди,-дейди анасы  М.Қурбанбаева. — Бизлер Әмиўдәрья районынан келдик. Былтыр баламның аўызындағы «қоян жырық»қа операция исленген еди. Ҳәзир баламның жағдайы жақсы.

Орайда медициналық тексериў ҳәм операция жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF