Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:06:23, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГРАНТ  ТАҢЛАЎЫНЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ  СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонды тәрепинен жәрия­ланған грант таңлаўларының жеңимпазларын сыйлықлаў ҳәм нәўбеттеги өткерилетуғын таңлаўлар менен таныс­тырыў мәресими болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Б.Мәтмуратов шығып сөйлеп, таңлаў тийкарында бирқанша жойбарлар қаржыландырылып, халыққа сапалы социаллық хызметлер көрсетиўдиң көлеми кеңейип, халықтың жәрдемге мүтәж қатламының қоллап-қуўатланып атырғанлығын айрықша атап өтти. Буннан соң таңлаўдың мақсети, оған қатнасыў шәртлери, грант жойбарларын таярлаў бойынша кең түсиниклер берди.

Нәўбеттеги төртинши ҳәм бесинши мәмлекетлик грант таңлаўлары «Ғалаба хабар қуралларында миллетлер аралық кеңпейиллик ҳәм дослықты, тынышлық ҳәм турақлылықты кеңнен үгит-нәсиятлаў», «Жәмийетте жоқары мәнаўиятты ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў» темаларында болып, ҳүжжетлер усы жылдың 25-сентябрине шекемги мүддетте қабылланады.

Буларды өткериўдеги мақсет, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөл­кемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәми­йетиниң басқа институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бағдарындағы хабардарлығын арттырыў, олардың таңлаўларға қатнасыўдағы белсендилигин асырыў, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйым­лары менен социаллық шерикликти раўажландырыўдан ибарат.

Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен быйылғы жылғы мәмлекетлик екинши ҳәм үшинши таңлаўларда Өзбекстан Республикасы Көзи әззилер жәмийети Нөкис қалалық бөлими, Зорлық көрсетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитация етиў  ҳәм бейимлестириў, өз жанына қаслық етиўдиң алдын алыў Орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекстан мәмлекетлик Дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының «Арал» спорт клубы, сондай-ақ, «Қарақалпақстан ҳаўазы» ҳәм «Шымбай ҳаўазы» газеталары редак­циялары грант таңлаўы жеңимпазлары деп табылып, оларға сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

Г.САПАРОВА,

 арнаўлы

хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ:  илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF