Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:27:30, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРГЕ ТУРАҚ ЖАЙЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 14-сентябрь күни Нөкис қаласында Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери әскерий хызметкерлерине жаңа турақ жайларды тапсырыў салтанаты болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде Қураллы Күшлер тараўын реформалаўға,  соның ишинде, әскерий хызметкердиң жемисли хызмет атқарыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериўге айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Шегараларымыздың қол-қатылмаслығын, елимиздиң тынышлығын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде мәртлик, қырағылық көрсетип кия­тырған әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳүкиметимиздиң ҳәмийше дыққат-итибарында болып келмекте. Усылар қатарында, Мәм­лекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлерине соңғы жыллары жаңадан әскерий бөлимлер ҳәм шегара постлары, әскерий хызметкерлерге турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта.

Нөкис қаласындағы 48 квартирадан ибарат турақ жайда барлық шараятлар жаратылған болып, балалар ушын ойын майданшалары, дала шертеги ҳәм саўда дүканы қурылған. Жаңа турақ жайдың қурылысын «Ин­вестстрой Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәми­йетиниң қурылысшылары белгиленген мүддетинде сапалы етип қурып питкерди.

Жаратылып атырған бундай имканиятлар әскерий хызметкерлерди халқымыздың тыныш және абадан турмысын тәмийинлеўде, мәмлекетимиздиң тәғдири ҳәм айдын келешеги жолында пидайы болыўға шақырады. Ең баслысы, жаңа турақ жайдың тапсырылыўы елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына байрам саўғасы болды.

— Әскерий хызметкерлерге қаратып атырған итибары ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдиремиз,-дейди жаңа турақ жай ийелеринен бири, сержант Рахим Умаров. — Бундай имканиятлар ҳәр биримизден белгиленген жаўынгерлик ўазыйпаларды жоқары дәрежеде атқарыўымызды талап етеди.

Қатнасыўшылар жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF