Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:36:05, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭНЕРГИЯНЫ  ҮНЕМЛЕЎ ­ ТУТЫНЫЎШЫНЫҢ ПАЙДАСЫ

Мәмлекетимиз тәрепинен экономикамыздың турақлы өсиўин тәмийинлеў ҳәм халықтың жанылғы-энергетика ресурсларына болған талабын үзликсиз қанаатландырыўға қаратыл­ған реформалар әмелге асырылмақта.

Айта кететуғын тәрепи, Өзбекстан қуяш ҳәм самал сыяқлы қайта тиклениўши энергия дәреклеринен нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў  илажларын қарап шықпақта. Әсиресе, экономика ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энер­гияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың ҳәзирги басқыштағы әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады.

Атап айтқанда, усы жылдың 22-август күнги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыўдың тезлетилген илажлары ҳаққында»ғы қарары, мәмлекетимизде алдынғы сырт ел тәжирийбесин турмысқа енгизиў, бар ресурсларды ҳәм иске қосылмаған потенциалды тартыў арқалы энергия нәтийжелилигин арттырыў, әсиресе, энергияны үнем­лейтуғын технологияларды ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиўге айрықша итибар берилген. Сондай-ақ, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергияны жумсаў көлемин кескин азайтыў бағдарындағы жумысларды комплексли шөлкемлестириў, жанылғы-энергетика ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўда әҳмийетли бағдарлардан бири болып қалмақта.

Қарардың 11-бәнтинде 2019-жылдың 1-сентябринен баслап бурын пайдаланылған генератор үскенелери, күшлениўди төменлететуғын трансформаторлар, электр двигательлери, сондай-ақ, энергия нәтийжелилиги D категориядағы энергия жумсайтуғын үскенелерди Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўи қадаған етилиўи белгилеп қо­йылды.

Бул илаж тосыннан қабылланбады. Себеби, бүгинги күнде энергияны үнемлейтуғын А, В, С, D, Е, Ғ, G жети тийкарғы класс бар. Усы класлар үскенениң қанша киловатт энергияны жумсаў көлемине қарап бериледи. А ҳәриби ең жоқары энергия үнемлеўши екенлигин тастыйықлайды. Буннан тысқары, А+ ҳәм А++ класлары, А класынан жоқары энергия үнемлеўин әмелде дәлиллеп берген.

В ҳәриби маркировкасы көрсетилген үскенелер пәс көрсеткишли энергия үнем­леўин билдиреди. С, D, Е, Ғ, G ҳәриплери ең пәс энергия көрсеткишли энергия үнем­леўши класқа киреди.

Ҳәр қашан  турмыслық электр үскенелерин сатып алмастан бурын, энергия жумсаў көлемин анықлап алғаны қарыйдарға пайда келтиреди. Неге деген де, энергия үнемлеўши үскене, тутыныўшының электр энергиясы ушын төлеминиң азайыўына себин тийгизеди.

 С.АЯПОВ,

«Ўзэнергоинспек­ция»ның Карақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF