Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:59:30, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИТИБАРДЫҢ  ЖЕМИСИ

Мәмлекетимизде соңғы үш жыл ишинде барлық тараўларда түпкиликли өзгерислер, жаңаланыўлар жүз берди. Әсиресе, билимлендириў тараўындағы реформалар келешек әўлад тәрбия­сына итибар болып, оқытыўшылар алдына үлкен жуўапкершиликлер жүкледи.

Билимлендириў тараўы хызметкерлериниң абырайын көтериў ҳәм олардың мийнетин материаллық жақтан хошаметлеў ­ бул оқытыўшылардың өз үстинде көбирек изленип, оқыўшыларға билим бериўде ҳәр қыйлы жаңа методлардан пайдаланып сабақ өтиўге умтылдырады.

Быйылғы жылы 29-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў Концепциясын тастыйықлаў ҳаққында» Президентимиздиң Пәрманы менен билимлендириў тараўы түп-тийкарынан жаңа басқышқа көтерилетуғыны белгиленген. Мәмлекетимизде жас әўладқа болған итибар олардың жетискенликлери менен көзге көринип атыр. Мектебимиз пәнлерди, әсиресе, математика пәнин тереңлестирип өтиўге қәнигелестирилгенликтен оқыўшылар арасынан талантлы, математика пәнинен қәбилетли жаслар шығып атыр. Усы жылы февраль айында халықаралық математика пәни бойынша болып өткен олимпиадаға мектебимиздиң 10-класс оқыўшылары Ғафур Қәдирбаев, Нурлан Яхияевлар қатнасыўға ылайық болды. Бул оқыўшылар халықаралық олимпиадаға қатнасыўы менен еле де математикалық есаплар әмеллерин тереңирек үйрениўге күш салмақта. Сондай-ақ, пайтахтымыздан Президент мектебиниң шөлкемлестирилиўи менен саралап қабылланған оқыўшылардан кейин математика пәнинен жоқары балл топлағанлар ушын арнаўлы класс шөлкемлестирилип, олар усы класста тыянақлы билим алмақта.

Г.ШАНАЗАРОВА,

Нөкис қаласы 22-санлы улыўма билим бериў мектебиниң

математика пәни оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF