ИСТИҢ КӨЗИН БИЛГЕН ФЕРМЕР
Ҳадал мийнет ислеп турмыс кеширгенниң жүзи бәрҳа жарқын болады. Буны биз бүгинги күни халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында пидайылық пенен жумыс ислеп атырған заманласларымыз мысалында көрип, гүўасы болып жүрмиз.
Әсиресе, исбилерменлик ҳәм киши бизнес ўәкиллерине қаратылып атырған айрықша дыққат-итибардың нәтийжесинде олардың ислери кең қанат жайып, раўажланып бармақта.
Усындай өз кәсибиниң жанкүйериниң бири «Алламурат — Тахта» фермер хожалығының баслығы Шарапатдин Султанов болып табылады. Жигирма жылға шамалас ўақыттан берли аўыл хожалығы тараўында мийнет етип атырған ол усы дәўир ишинде өзиниң мийнетсүйгишлиги ҳәм исбилерменлиги арқасында кең жәмийетшилик арасында абырай арттырды. Дәслеп әкеси «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери» Пирнияз Султановтың қасында жүрип дийқаншылықтың әлўан түрли сырларын үйренген ол, 2013-жылы өзи туўылып өскен аймақтағы қарыздарлыққа белшеринен батқан «Алламурат-Тахта» фермер хожалығын басқарыўды өз қолына алып, оны банкротлық ҳалатынан материаллық-техникалық базасы беккем үлгили хожалықлар қатарына қосты. Бүгинги күни хожалықта аўыл хожалығы ушын зәрүр болған техникалардың барлық түри табылады десек асыра айтқан болмаймыз.
Быйылғы жылы 40 гектар гүзлик бийдайдан 90 тонна ғәлле тапсырып, белгиленген мәмлекетлик шәртнама режесин артығы менен орынлап шыққан фермер, ерте бәҳәрде Қазақстан Республикасынан «Едилбай» нәсилли қойларын сатып алып, дийқаншылық пенен қоса қаракөлшиликти раўажландырыўға да өзиниң салмақлы үлесин қоспақта. Әйне күнлери хожалық ағзалары 36 гектар майдандағы туқым ушын егилген пахта теримин баслап жиберип, ел қырманына 35 тоннадан аслам пахта тапсырыўға еристи.
Ә.ОРАЗОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: фермер Ш.Султанов пахта атызында.
Р.ОТАРБАЕВтың түсирген сүўрети.