Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:46:48, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНВЕСТИЦИЯЛАР ҲӘМ ҚУРЫЛЫС ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

2019-жылдың январь-июнь айлары жуўмағы менен республиканың тийкарғы капиталын көбейтиўге 4765,9 млрд. сумнан артық инвестиция киргизилип, бул өткен жылға салыстырғанда салыстырма баҳада 187,6 процентти, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 1984,3 млрд. сумды ямаса 236,7 млн. АҚШ долларын қурады.

Тийкарғы капиталға киргизилген инвестицияның 35,5 проценти, яғный, 1690,6 млрд. сумы орайластырылған қурам болып, соннан 587,1 млрд.сумы бюджет қаржыларынан, 14,8 млрд. сумы Дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў, 220,0 млрд. сумы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорларынан, және де Өзбекстан Республикасы кепиллиги бойынша киргизилген сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлери есабынан 834,9 млрд. сум ажыратылған. Орайластырылмаған инвестиция көлеми 3075,3 млрд. сум болып, бул 64,5 процентти қурады. Соннан кәрханалардың өз қаржылары есабынан 985,4 млрд. сум, коммерциялық банк кредитлери ҳәм бас­қа қарыз дереклери 289,2 млрд. сум, тиккелей сырт ел инвестиция ҳәм кредитлери 1149,4 млрд. сум, пуқаралардың қаржылары есабынан 650,9 млрд. сум ажыратылды.

Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялар улыўма көлеминиң 3636,1 млрд. сумы өндирис тармағына, 1129,8 млрд. сумы өндирислик емес тараўға бағдарланды.

Өндирислик емес тараўға киргизилген инвестициялар көлеминен 676,9 млрд. сумы, яғный, 59,9 проценти турақ жай қурылысында өзлестирилген. 20l9-жылдың январь-июнь айларында улыўма майданы 768,9 мың кв.м. болған 5043 турақ жай питкерип тапсырылып, соннан 3llll турақ жайлар аўыллық жерлерге туўра келеди.

Ишимлик суў тармақлары қурылысында болса, 86,6 млрд. сум өзлестирилип,191,8 км узынлықтағы суў тармағы пайдаланыўға тапсырылды, соның 82,2 километри аўыллық жерлерге тартылды.

Қурылыс тараўында 2019-жыл январь-июнь айларында 1855,2 млрд. сумлық қурылыс жумыслары питкерилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 144,6 процентти  қурады.

 Полатбек БОРАНБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы

«Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы» бөлими баслығының орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF