Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:48:20, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎ РАЙОНЫНА ҲӘКИМ ТАСТЫЙЫҚЛАНДЫ

Усы жыл 14-сентябрь күни халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Онда министрликлер,  кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерния­зов шығып сөйлеп, жыйнал­ғанларды районның қайта шөлкемлестирилиўи менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң усы жылдың 20-21-август күнлери  республикамызға болған сапары, сондай-ақ, Нөкис қаласында белсендилер менен өткерген ушырасыўы республикамыз тарийхындағы умытылмас ўақыялардың бири болды. Районларды белгили бир тараўға қәнигелестириў, соның ишинде, шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў бо­йынша усынысы гүллән хал­қымыз тәрепинен айрықша қуўаныш пенен күтип алынды.

Елимиз басшысы республикамызды буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли болған бес тийкарғы ўазыйпаны белгилеп берди. Атап айтқанда,  инвестицияларды кеңнен тарт­қан ҳалда санаатты жедел раўажландырыў, экспорт ҳәм импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығаратуғын кәрханаларды көбейтиў, киши бизнес және жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, сол арқалы халықтың бәнтлигин тәми­йинлеў, аўыл хожалығына заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм өнимлерди қайта ислеп шығарыўды көбейтиў илажлары белгилеп алынбақта. Буннан тысқары, заманагөй инженерлик-коммуникация, жол-транспорты, социаллық инфраструктураны  жаратыў, усы арқалы халыққа, соның менен бирге исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараят жаратыў, Аралбойы халқының жасаў шараятларын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Улыўма алғанда, 2019-2020-жылларда  жәми 14 триллион 684  миллиард сумлық 697 жойбарды әмелге асырыў, усының есабынан 14 мыңға шамалас жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, өткен қысқа ўақыт ишинде шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты және Нызамшылық палатасының келисими алынып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы қарары қабыл етилди.  Буннан тысқары, районда 4 сектордың жумысын жолға қойыў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў, мәденият, спорт, қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардың районлық бөлимлерин шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта. 

Районды комплексли раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген жумысшы топар тәрепинен аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халыққа тәбийғый газ жеткерип бериў мақсетинде жаңадан автоматластырылған газ бөлистириў станция­сын қурыў, «Аспантай»  ҳәм «Еркиндәрья»   каналларын реконструкциялаў, насос станцияларын орнатыў. Район орайын абаданластырыў, инженерлик-коммуникация және социаллық объектлерди қурыў сыяқлы әҳмийетли жумыслар алып барылмақта.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды. Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы болып ислеп келген Махмуд Тенгелович Қайпанов Бозатаў районының ҳәкими етип тастыйықланды. Илажда 55-санлы «Бозатаў»  сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Уснатдинов,  «Ерик бағ»  сайлаў округинен районлық Кеңестиң депутаты А.Ерназаров, «Қазанкеткен» сайлаў округинен районлық Кеңестиң депутаты И.Палыбекова айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди ҳәм жаңадан сайлан­ған район басшысының алдағы жумысларында табыслар тиледи.

Сессияда район ҳәкими М.Қайпанов үлкен исеними ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бар билимин,  тәжирийбесин оны ақлаўға жумсайтуғынын атап өтти.

Усының менен халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF