САЛАМАТЛЫҒЫМЫЗ ӨЗ ҚОЛЫМЫЗДА
Саламат жәмийеттиң раўажланыўы жедел, келешеги жарқын болады. Мине усы тийкарда ҳаял-қызлар саламатлығына қәўип туўдырып келген жатыр мойны рак кеселлиги қәўипли болып, ол тарқалыўы бойынша ҳаялларда ушырасатуғын рак кеселликлери арасында дүнья жүзинде төртинши орында турады.
Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматлары бойынша ҳәр жылы мәмлекетимизде 1660 тан аслам ҳаяллар усы кеселлик пенен дизимге алынбақта. Ҳәр жылы дүньяда бул кеселликтен 311 мыңнан аслам ҳаяллар набыт болады. Сол себепли пүткил дүнья бойлап бул кеселликтиң алдын алыў айрықша әҳмийетке ийе. Буның алдын алыўда сыналған ҳәм нәтийжели стратегиялар бар. Оларға адам папиломасы вирусына қарсы профилактикалық шаншыў ҳәм де рак алды кеселликлери жағдайларын скрининг етиў ҳәм емлеў, инвазив рак кеселлигин ерте анықлаў ҳәм ерте басқышларда қыстаўлы емлеў, паллиатив жәрдем көрсетиў киреди.
Республикамыз бул бойынша биринши қәдемди қойды, яғный, миллий шаншыў календарына АПВ на қарсы вакцина киргизилмекте. Мәмлекетимизде 2017-жылы Министрлер Кабинети тәрепинен адам папиломасы вирусына қарсы шаншыў ҳәм де кеселликти қадағалаў мақсетинде миллий жоба тастыйықланған.
Миллий шаншыў календары тийкарында мәмлекетимизде балалар бюджет есабынан 12 түрли басқарылыўшы инфекцияларға қарсы профилактикалық шаншылады. Сонлықтан, елимизде эпидемиологиялық жағдай турақлы сақланбақта.
Усы жылдың ноябрь айынан баслап республикамыздағы 9 жасар қызларға усы кеселликке қарсы шаншыў басланады. Буның нәтийжесинде келешекте ҳәр жылы 1100 кеселликке шалыныў ҳәм жатыр мойны рак кеселлиги бойынша 600 ге жақын өлим жағдайларын кемейтиўге ерисиледи. Адам папиломасы вирусы тек кеселликтиң алдын алып қоймастан, ал, қызлар ҳәм ҳаяллардың саламат узақ өмир көриўине тийкар жаратады.
Феруза ТУРКМАНБАЕВА,
Тақыятас районы МСЭБО Эпидемиология бөлиминиң шыпакер-эпидемиологы.