Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:45:36, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЙЛАЎЛАРҒА ТАЯРЛЫҚ БАСЛАНБАҚТА

Сайлаўлар мәмлекет ҳәм жәмийетлик турмыста әҳми­йетли орын тутатуғын сиясий процесс болып есапланатуғынлығы себепли елимизде декабрь айында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўлардың ҳәр қашанғыдан да ашық-айдын өтиўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Жақында Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси ислеп шығылды. Ҳәзирги ўақытта усы кодекс­тиң мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм сайлаўдың жоқары дәрежеде өтиўин тәмийинлеўде өзиниң талабанларын усынып, сайланыўына ерисиў ушын умтылып атырған сиясий партия хызметкерлериниң билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде орынларда семинар-тренинглер өткерилмекте.

Усы жыл 10-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы мақсетте «Сайлаўлар:  жеңиў страте­гиясы ҳәм тактикасы» атамасында семинар-тренинг болып өтти.

Үш күн даўам ететуғын усы семинар барысында жергиликли партия шөлкемлериниң хызметкерлери сайлаўға байланыслы темаларда лекциялар тыңлап, заманагөй сайлаў сис­темасы, раўажланған еллердиң тәжирийбелери туўралы мағлыўматларға ийе болады.

— Семинар даўамында бизлердиң сайлаў процесслерине таярлығымыз, Сайлаў кодексиниң мазмун-мәниси, талабанлар менен ислесиў, оларды таңлап алыў бойынша билимлеримиз және бир мәрте беккемленди,-дейди семинар қатнасыўшысы, партияның Қанлыкөл районлық Кеңесиниң хызметкери Н.Назарбаева. — Бизлерге усы сайлаў процесс­лери бойынша таярлықтан өтип келген тренерлер, ӨзМТДП Орайлық Кеңесиниң бөлим баслығы Ш.Насимов ҳәм басқалар сиясий партиялардың сайлаў кампаниясындағы қатнасыўы, сайлаў кампаниясының тактикасы, нәтийжели сайлаў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм бас­қа да мәселелери бойынша мағлыўматлар бермекте.

Семинарда партия ҳәм талабанлардың имиджин қәлиплестириў жоллары, усыллары бо­йынша пикир-усыныслар билдирилип, теориялық мағлыўматлар әмелият пенен байланыс­тырып көрсетип барылды.

Семинар-тренинг қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF