ПРОФЕССИОНАЛ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, мийнет базарының талапларына сай жоқары маман кадрларды таярлаў, билимлендириў сапасын баҳалаўдың халықаралық стандартларын енгизиў, инновациялық илимниң жетискенликлерин әмелиятқа енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў арқалы мәмлекетте билимлендириў системасын реформалаў бойынша жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, профессионал билимлендириўдиң бағдарламалары ЮНЕСКО шөлкеми тәрепинен қабыл етилген Билимлендириўдиң халықаралық стандарт классификация (МСКО) дәрежелери менен үйлеспегенлиги, оқыў процесине Өзбекстанның Миллий квалификация системасы толығы менен енгизилмегенлиги таярланып атырған кадрлардың мийнет базарында мүнәсип орын ийелеўине тосқынлық етпекте.
Профессионал билимлендириў системасын алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында жетилистириў, баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў басқышларын енгизиў арқалы мийнет базары ушын маман ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў ҳәм усы процесске жумыс бериўшилерди кеңнен тартыў мақсетиндеF
- 2020-2021-оқыў жылынан баслап Өзбекстан Республикасында Билимлендириўдиң халықаралық стандарт классификациясы (кейинги орынларда — Халықаралық классификация) дәрежелери менен үйлескен жаңа баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў системасы ҳәм дифференцияластырылған билимлендириў бағдарламалары енгизилетуғын билимлендириў мәкемелериниң тармағы шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер:
Халықаралық классификацияның 3-дәрежесине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламалары тийкарында 9-класс питкериўшилерин социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған баслаўыш профессионал билимлендириў басқышында кадрлар таярлайтуғын билимлендириў мәкемелериниң дизими 1-қосымшаға муўапық;
Халықаралық классификацияның 4-дәрежесине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламалары тийкарында орта профессионал билимлендириў басқышында кадрлар таярлайтуғын билимлендириў мәкемелериниң дизими 2-қосымшаға муўапық;
Халықаралық классификацияның 5-дәрежесине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламалары тийкарында жоқары билимлендириў системасы менен интеграцияласқан орта арнаўлы профессионал билимлендириў басқышында кадрларды таярлайтуғын, жоқары билимлендириў мәкемелериниң жанында жумыс алып баратуғын билимлендириў мәкемелериниң дизими 3-қосымшаға муўапық;
Кәсипке оқытыў орайларын шөлкемлестириў ушын Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасына өткерилетуғын кәсип-өнер колледжлериниң дизими 4-қосымшаға муўапық;
Жоқары билимлендириў мәкемелериниң қуўатлықларын арттырыў, келешекте сырт ел билимлендириў мәкемелери ҳәм олардың филиалларын шөлкемлестириў ушын берилетуғын кәсип-өнер колледжлериниң дизими 5-қосымшаға муўапық;
Жоқары билимлендириў мәкемелериниң көп тармақлы оқыў орайларын ҳәм әмелият полигонларын шөлкемлестириў ушын берилетуғын кәсип-өнер колледжлериниң дизими 6-қосымшаға муўапық;
Имаратлары улыўма орта билимлендириў мәкемелери сыпатында пайдаланылатуғын кәсип-өнер колледжлериниң дизими 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине зәрүр жағдайларда усы бәнт пенен тастыйықланған дизимлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.
- а) баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў мәкемелерине Халықаралық классификация бойынша тийкарғы билимлендириў бағдарламаларынан тысқары төмен дәрежедеги билимлендириў бағдарламалары бойынша кадрларды таярлаў ҳуқықының берилетуғыны;
б) системада сәйкес түрде баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў бағдарламалары енгизилген кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумлардан ибарат профессионал билимлендириў мәкемелери тармағы шөлкемлестирилетуғыны;
в) кәсип-өнер мектеплеринде:
кадрларды таярлаў улыўма билим бериў мәкемелериниң 9-класс питкериўшилери есабынан қәлиплестирилген топарларда 2 жыллық улыўма билим бериў ҳәм қәнигелик пәнлериниң интеграцияласқан бағдарламалары тийкарында күндизги билимлендириў бағдарында әмелге асырылатуғыны;
билим алып атырған оқыўшылар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң есабынан базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында айлық стипендия және үш мезгил аўқат пенен тәмийинленетуғыны. Бунда кәсип-өнер мектеплери оқыўшыларды үш мезгил аўқат пенен тәмийинлеў ямаса усы аўқат пулларын оларға төлеп бериў ҳуқықына ийе екенлиги;
ағымдағы сақлаў, жумысты жүргизиў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў ҳәм кадрларды таярлаў қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
г) колледжлерде;
кадрларды таярлаў Халықаралық классификацияның ең кеминде 3-дәрежесине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламаларын тамамлаған «Өмири даўамында билим алыў» принципи тийкарында ең кеминде улыўма орта мағлыўматқа ийе болған шахслар есабынан кәсиплер ҳәм қәнигеликлердиң қурамалығынан келип шыққан ҳалда 2 жылға шекемги мүддетте күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарларында мәмлекетлик буйыртпа және төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны;
ағымдағы сақлаў, жумысты жүргизиў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў ҳәм кадрлар таярлаў қәрежетлери тийисли министрликлер, уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары, оқыўшыларды мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;
д) техникумларда:
кадрлар таярлаў Халықаралық классификацияның ең кеминде 3 ямаса 4-дәрежесине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламаларын тамамлаған «Өмири даўамында билим алыў» принципи тийкарында ең кеминде улыўма орта мағлыўматқа ийе болған шахслардың есабынан қәлиплестирилген топарларда кәсиплер ҳәм қәнигеликлердиң қурамалығынан келип шыққан ҳалда 2 жылдан кем болмаған мүддетте күндизги, кешки ҳәм сыртқы тәлим бағдарларында мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны;
орта арнаўлы билимлендириў бағдарламаларын табыслы тамамлаған питкериўшилер өз тараўына сәйкес келетуғын бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша кириў имтиханларысыз жеке тәртиптеги сәўбет арқалы жоқары билимлендириў мәкемелеринде 2-басқыштан оқыўды даўам еттириў ҳуқықына ийе болатуғыны;
ағымдағы сақлаў, жумысты жүргизиў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў ҳәм кадрлар таярлаў қәрежетлери тийисли министрликлер, уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары, оқыўшыларды мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны;
е) кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумларға уйымлық бойсыныўына қарамастан оқыў-методикалық басшылық етиў және бул тараўда мәмлекетлик сиясатты жүргизиў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2020-жыл 1-январьдан жаңадан шөлкемлестирилетуғын баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў мәкемелериниң тәмийнатына, соның ишинде, олардың ағымдағы сақланыўына, жумысын жүргизиўине, материаллық-техникалық базасын беккемлеўде Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде зәрүр қаржыландырыўды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң 10-11-класс оқыўшыларына кәсиплик билим бериўге қәнигелескен оқыў-өндирислик комплекслерин сапластырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң 10-11-класс оқыўшыларына кәсиплик билим бериўге қәнигелескен оқыў-өндирислик комплекслерин сапластырыў есабынан босайтуғын қаржылар профессионал билимлендириў системасын қаржыландырыўға бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Саўда-санаат палатасы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
а) еки ай мүддетте Миллий квалификация системасына муўапық Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм кәсиплериниң классификаторын қайта көрип шықсын;
б) алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында:
үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасында миллий квалификацияның рамкасын;
2020-жыл 1-январьға шекем экономиканың барлық тармақлары ушын Квалификациялық рамкаларды;
2020-жыл 1-апрельге шекем Миллий профессионал стандартларды ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
а) төмендегилерди:
еки ай мүддетте Үзликсиз баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў ҳаққындағы режени тастыйықлаўды;
үш ай мүддетте кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумлардың үлги уставларын тастыйықлаўды;
2020-жыл 1-январьға шекем аймақларда инвестициялық жойбарлар тийкарында жаратылып атырған жумыс орынлары, кадрларға болған реал талаплардан келип шығып, билимлендириў мәкемелериниң қәнигелесиўин есапқа алып, бар үскенелерди қайта бөлистириўди;
2020-жыл 1-апрельге шекем уйымлық бойсыныўына қарамастан профессионал билимлендириў мәкемелериниң оқытыўшы ҳәм өндирислик билимлендириў усталарын қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың жаңа системасын енгизиўди нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарының жойбарларын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
б) 2020-жыл 1-июньге шекем баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў системасы ушын билимлендириў бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын кең түрде жәриялаў бойынша шығыўларды ҳәм темаға байланыслы көрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 6-сентябрь.