ЫРЫСҚЫ-НЕСИЙБЕМИЗ МОЛ БОЛСЫН
Ең уллы, ең әзиз әййям Ўатанымыз Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығын пүткил халқымыз кең түрде байрамламақта. Елимизде байрамды көтериңки руўхта өткериў ушын барлық таярлықлар көрилген.
Республикамыз халқын байрамда сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде орынларда байрам ярмаркалары шөлкемлестирилип, оларда арзанлатылған аўыл хожалық өнимлери саўдасы жолға қойылған.
«Нөкис дийқан базары» акционерлик жәмийети жанында шөлкемлестирилген ярмаркада республикамыздың Нөкис, Төрткүл, Беруний, Әмиўдәрья, Тақыятас, Қанлыкөл, Қоңырат, Елликқала ҳәм басқа да районларынан фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген бәрше аўыл хожалық өнимлери менен қатнасып, халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде өзлериниң үлеслерин қоспақта.
Әзелден жер менен тиллескен, мийнетте зәбердес дийқан-фермерлеримиз ҳәм бағманларымыз жетистирген қыяр-помидор, алма, жүзим, қәрели, қаўын-ғарбыз ҳәм басқа да бирқанша мийўе-палыз өнимлери көздиң жаўын алып, иштейиңди ашады. Әсиресе, журтымызда жетистирилип атырған бул өнимлер денсаўлығымызға пайдалы витаминлер, азық-аўқат рационында орнын алмастырып болмайтуғын түрли биологиялық элементлерге бай екенлигин айтып өтиўимиз керек.
— Шаңарағымыз ушын керекли мийўе-палыз өнимлерин усы жерден алып атырман, - дейди қарыйдарлардың бири Әнар Бекмуратова. — Қарыйдарлар ушын жетерли шараятлар жаратылған. Ярмаркадан шабдал, жүзим сатып алдым. Мийўелердиң барлығы жаңадан әкелинген, мазалы, баҳасы да арзан. Байрам қарсаңында ҳүкиметимиз тәрепинен халыққа көрсетилип атырған бундай қолайлылықлардан миннетдармыз...
Қулласы, шөлкемлестирилген бул байрам алды ярмаркалары халқымыздың дастурханының молшылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: байрам ярмаркасынан көринис.