Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:27:43, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛ:  ШЕЖИРЕ, ӘПСАНАЛАР,  ШЫНЛЫҚ

ШЕЖИРЕ

Арал:

Әсирлер бойы Туран саҳрасының сәни болған, инсанның ана-тәбиятқа деген бийпарық қатнасының нәтийжесинде қәлби жараланған бул теңиз ҳаққында сөз етер болсаң, жүрегиң зилзилә тәсир еткен сыяқлы ләрзем алады. Аты тарийх жылнамаларында мөрленип қалған, бул теңиз әййемнен зыялылардың дыққат-итибарын өзине қаратқан.  Буннан 1800 жылдай бурын өмир сүрген атақлы грек билимданы Клавдий Птоломей өзиниң «Аламагест» (Уллы қурылыс) деген шығармасында жер шарының 27 бөлектен туратуғын картасын ислеген. Оның 22 картасында Арал менен Каспий теңизи көрсетилген.

Бир гезлерде Арал аймағынан акуланың тиси менен сүйеги табылған. Демек бурынлары Арал океан менен байланысып турған екен-дә!

Арал теңизи тарийхта түрлише аталып келген. Мысалы, 865-жылы Ибн-Хордатбек «Курдер» көли десе, 243-жылы Масуди «Курджани», 961-жылы Истахи «Казбин», 1339-жылы Хафизи «Абдуда», ХIII әсирде Бекрон «Джентд» көли деп жаз­ған. Бүгинги Арал деген атама оған ХVII әсирден баслап берилген.

Сонда бул теңиз бойының турғынлары ким! Оның ақ бас толқынларын писент етпей, оннан балық маржанларын сүзген қайсы халық! Қайсы миллет ўәкиллери оның жағалаўларында жасаған!

Бул сораўларға да жуўап табыўға болады. 1740-жылы инглис  ТомсанF «Әмиўдәрьянын қуяр жеринде қарақалпақлар турады. Олар жағадан узақлап кетпей, қамыс қайықлары менен балық аўлайды» деп естелик қалдырып кеткен.

Тарийхый дереклерге жүгинетуғын болсақ, Арал теңизи 1870-жылға шекем Сарықамыс көли менен қосылып жат­қан. X әсирде жасаған арабтың атақлы саяхатшысы Ибн Русте былай деп көрсетедиF «Арал теңизи балыққа күтә бай. Оның жағалаўында балықшылар аўылы жийи ушырасады. Олар ылай менен қамыстан исленген жер төлелерде турады. Балық аўлаў қуралы ретинде сол қамыстан пайдаланады».

Мине, усы ушан теңизде қамыс қа­йықлар (сал) менен балық аўлаў аңсат болмаған. Нәтийжеде 1850-жылғы октябрь айындағы патша Россиясының бу­йыртпасы бойынша Швецияның Мотол қаласында 49347 сумға пароход исленген. Ол туңғыш рет 1853-жылы Арал теңизинде жүзе баслаған.

Енди Арал байлықлары көпшиликти қызықтырып қойған. 1886-жылы Аралдың Оң түслик бетинде А.Никольскийдиң, ал, сол түслик жағында академик Бергтиң бас­қарыўы менен экспедиция уйымласып, балық байлықларын изертлеў жумыслары қолға алынады. Патша Россиясы бул мол олжаны изертлеў мақсетинде 1905-жылы темир жол қурылысын салады. Соннан кейин Астрахан, Дон, Қара теңиз тәрептен, Орайлық Россиядан жеке балық аўлаўшылар келе баслайды. Лапшин, Риткин, Красильников, Макеев сыяқлы саўдагерлер ири-ири балық кәсипшиликлерин ашып, «Хийўа» атлы акцио­нершик шөлкем қурады.

... 1920-жылы Арал балық изертлеў станциясы жумыс ислей баслайды. 1925-жылы ҳәзирги Арал аймағында «Шериклик» дейтуғын балық аўлайтуғын шөлкем дүзиледи. Оның алтаўы Арал жеринде, төртеўи Мойнақ әтирапында болады. 1928-жылы Арал теңизи балықшыларының басын бириктирип, «Балықшылар аўқамы» (Рыбаксоюз) шөлкемлестириледи. Оның бас­қарма баслығы болып, кәсиплик қәнигелиги инабатқа алынып, шығысының қандай болыўына қарамастан патша заманында жер аўдарылып келген Дон казаги Дубовик (1897-1945) сайланады. Бул исбилерменликке деген итибардың, дәслепки саналы адымлардың бири еди.

Ис буның менен тоқтап қалмай, теңиз аймағында балық санаатының тиклениўи ҳәм раўажланыўына қәдем қо­йылады. 1930-жылдан баслап профессор М.И.Ильинниң басқарыўы менен Мойнақ пенен Арал қаласында консерва заводы салына баслайды. Ол жылына 6 миллионнан аслам консерва шығарады. 1946-жылы Арал теңизинен 234, 320 центнер балық аўлаған Солтүслик Аралда (Қазақстанда) 5 балық заводы, 1 балық комбинаты, 45 балық қабыллаў пункти бол­ған. Ал, Оңтүслик Аралда (Қарақалпақстан АССРында) 5 балық заводы, 20 дан аслам балық қабыллаў пункти жумыс ислеген.

Бир таң қаларлық жери 1960-жыл­ға дейин Арал қаласынан Нөкис, Мойнақ, Чаржоўға жолаўшылар тасыйтуғын кемелер жүрип турған. 1970-жылға шекем Арал теңизинде балықтың 34 түри есап­қа алынған.

Бул келтирилген фактлер Арал балық санааты шежиресиниң айырым бетлери ғана.

ӘПСАНАЛАР

Арал... Мойнақ... қыян-кести ўақыяларды басынан кеширген бул теңиз бойы үлкесиниң әпсаналары оғада көп. Орал казакларының атаманы Фильчев: «Мойнақты алсақ, Москва өз өзинен бағынады» деген екен. Бул гәп қаяқтан шыққан!

... 1918-жылы февральдың басларында Арал флотында ислеўши матрослардың ҳәм жергиликли халықтың жәрдеми менен Мойнақта кеңес ҳәкимияты орнатылады. Бирақ, сол дәўирде жаңа дүзимди ишки душпанлар менен сырт еллердеги империалистлер көре алмайды, олар күш бириктирип, ҳәкимиятты туншықтырмақшы болады. Усы мақсетте контрреволюциялық элементлер халық арасында терис үгит-нәсият жүргизеди. Ҳәттеки Зайыр казаклары сотнясының командири атаман Фильчев балықшылар арасынан балық ҳәм басқа да өнимлер жыйнап, Оренбургтағы ақ гвардияшы Дутов, Толстовқа жибермекши болады. Қубла Арал балықшылары душпанлардың усындай ҳәрекетлеринен қорғаныў ушын қыстаўлы илажлар көреди. Мойнақ ҳәм Үрге балықшылары казаклардың топылысынан қорғаныў ушын шөлкем дүзеди. Мойнақ мийнеткешлери жәмлесип казаклардан еки суткадай қаҳарманларша қорғанады. Усыған қарамастан үшинши күни душпан посёлканы басып алады. Арадан бирқанша ўақыт өтип, күш бириктириўдиң нәтийжесинде 1919-жылы 27-августта жаўынгерлердиң десант экспедициясы Арал теңизиниң қубла жағалаўындағы ярым атаўды казаклардан азат етеди. Жеңилис тапқан казаклардың бир бөлеги еки пулемёт ҳәм басқа да ҳәр түрли қураллары менен «Бухарест» пароходына минип, Зайыр елатына қарай шегинип жасырынады.

1919-жылы 8-сентябрьде Мойнақ ра­йонының аймағы ишки душпанлардан толық тазартылады. Солай етип, Мойнақта қайтадан ҳәкимият тикленеди. Нәтийжеде Орал казакларының атаманы Фильчев Мойнақты да узақ мүддетке ала алмаған, Москваны болса, бағындырыў әрманы менен өлип кеткен екен.

***

Қарақалпақстан Республикасының арқа зонасында жайласқан, пүткил Өзбекстан бойынша балықшылық ҳәм балық санаатының орайы болып келген Мойнақ районының жылнамасы тарийхый дереклерде 1931-жылдың 30-июлинен басланады. Усы күни бурын­ғы Советлердиң Пүткилроссиялық Орайлық Атқарыў Комитети Карақалпақстан Республикасының қурамында жаңа район — Мойнақ балықшылық ҳәм балық санааты ра­йонын дүзиў ҳаққында қарарының жойбарын қарап шығып, оны бекитеди.

1932-жылдың басларынан баслап ра­йонда шөлкемлестириў жумыслары жол­ға түсип, балық аўлаў пәти кескин артады. Усы жыллары район балықшылары 172 мың центнер балық аўлап, ел қырманына инам етеди. Нәтийжеде районның алдынғы қатардағы 16 балықшысы 1936-жылы бурын­ғы Аўқамның азық-аўқат комиссары А.И.Микоянның қабыллаўында болады, оның тиккелей буйрығы менен балықшылар ушын қәрежет жылына 2,1 миллион манатқа де­йин көбе­йеди ҳәм балықшыларға 5 мотор, 5 автомашина, 2 трактор жибериледи. Усының нәтийжесинде бир ғана 1936-жылдың өзинде районда биринши рет 220 мың центнер балық аўланады. «Мойнақ», «Үшсай», «Үрге», «Қазақдәрья», «Майпоз» усаған балықты қайта ислеў пунктлери жаңадан үскенеленип, балық заводларына айландырылады.

***

... Екинши жер жүзилик урыс күн са­йын раўажланып ҳәм абаданласып баратырған Мойнақ районының парахат турмысындағы дөретиўшилик мийнетин үзилиске түсиреди. Урыстың дәслепки күнлеринде Мойнақтың 4 мыңға жақын азаматлары фашизмге қарсы саўашқа атланады, соннан еки ярым мыңнан асламы набыт болды ҳәм бийдәрек кетеди. 1181 адам елге майып болып қайтады.

 Усының менен бир ўақытта Мойнақ халқы  фронт аймақларынан көширип әкелинген бир неше миллет ўәкиллерин, ата-анасыз қалған балаларды өз баўырына басады, бир тислем нанды олар менен бирге бөлиседи. Урыс жылларында мойнақшылар «ҳәмме нәрсе фронт ушын, ҳәмме нәрсе жеңис ушын» деген уран астына жәмлеседи ҳәм фронтқа жәрдем бериўде өзлерин ис жүзинде көрсетеди. Мойнақ гөш-балық комбинатының өзи 1943-жылы 5 миллион 990 мың дана гөш, балық консерваларын, 50 мың центнерден аслам дузланған, қақланған балық өнимлерин фронтқа жибереди.

Урыстың шешиўши пайытында Мойнақтың мәрт перзентлери қаҳарманлықтың жайнаған үлгилерин көрсетеди. Днепр­ден өтиўде көрсеткен ерлиги ушын Иван Федорович Махоринге Советлер Аўқамының қаҳарманы деген жоқары атақ берилди.

Арал бойының азаматларынан «Данқ» ордениниң толық кавалери Алексей Михайлович Зайка, еки «Данқ» ордениниң ийеси Турдымурат Тилеўмуратов, үш «қызыл Жулдыз» ордениниң ийеси Жаңабай Жуманазаров, көплеген жаўынгерлик наградалардың ийелери Наўрызбай Асқаров, Жәмшид Жийемуратов, Жалғасбай Саманбаев, Тилеўнияз Мәмбетниязов ҳәм тағы басқа аталарымыздың атларын атап, мақтаныш етиўимизге болады.

***

Нан... Садағаң кетейин, оның түрлери көп. Лекин ҳешбир жерде писириў үрдис етилмейтуғын, тек те Мойнақта писирилетуғын бир нан бар — ол «уўылдырық нан» деп аталады. Қырдың балалары оны қолына услап та, дәм татып, жеп те көрмеген.

Еле есимде. Баслаўыш мектепке қатнайтуғын гезлеримиз. Балалардың саны жетиспей ме, яки оқытатуғын муғаллим жоқ па, бир-еки аўылға мөлшерленген бир баслаўыш мектепте бир муғаллим биринши класс пенен үшинши классты, екинши класс пенен төртинши классты қосып оқытатуғын еди. Сонда бизлер нәилаж өзимизден жоқары класстың сабағын, ал, олар әллеқашан өтип кеткен төменги класстың «әлипбе»син тыңлап отырады. Азанда бизлерди мектепке жиберер де анамыз «түске шекем аш болып қалмасын», деп май табаға салып, балықтың уўылдырығынан нан писирип беретуғын еди. Ол жүдә тоқ болады. Түске де­йин аўқат деген ядымызға да келмейди. Сонда тоқшылығымызға мәсирип, бизлер бийдай нанды күсейтуғын едик. Енди соны еслесем, бул бир бахытлы күнлер екен.

... 1969-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетин питкерип, республикалық жаслар газетасына әдебий хызметкер болып орналастым. Редакция көп узамай мени Москваға «Пионерская правда» газетасына қәнигелик асырыўға жиберди. «Юность» мийманханасында жасап, газетада тәжирийбе арттырып жүрген күнлеримниң биринде Евгений Крылов деген бирге ислейтуғын достым мени  Журналистлердиң Орайлық үйи жайласқан жердеги кафеге ертип барды. Сонда оның мени сыйлағаны еле ядымда. Маған әпергени-бир бөлек нанның үстине жағылған сары май ҳәм кишкене бир қасық қызыл уўылдырық еди. «Ал, ҳәмме журналистлер бул жерге усыннан дәм татыў ушын келеди» деди ол. Иштейим болмаса да, достымнын кеўли ушын дәм таттым. Кейин бул мақтаўлы тағамның баҳасы мени қызықтыра баслады. Достыма билдирмей, буфет айнасының ищинде тур­ған нан бөлегине көзимниң қыйығын салдым, қарасам баҳасы 3 сум 50 тийин! Ҳайранлар болдым. Бир тарелка аўқаттың баҳасы 40-50 ти­йиннен аспайтуғын ўақыт еди. Ойланып қалдым. Баслаўыш мектепке қатнайтуғын гезлеримизде анамыздың бизлерге уўылдырық нан жегизип жиберетуғыны ядыма түсти. Күнде оны жей бергеннен ке­йин назырқанып бизлер бийдай нанды күсеп туратуғынымызды еследим. Қараң, енди пүткил аўқамның орайы Москвада оның бир бөлек нанға салынған кишкене бир қасығы 3 сум 50 тийин. Метро 5 тийин, трамвай 3 тийин! Демек, мен туўылып өскен Мойнақ сол гезде-ақ молшылықтың, есап-сансыз байлықтың қәни екен аў!

Қудаға мың қәтле шүкир!

***

«Бекире» деген балықты көргениңиз бар ма! Исенимим кәмил, көпшилик бүгинги әўлад «бекире» деген балықты көрмеди де, жемеди де, оның мазасының қандай екенлигин билмейди де. Сонлықтан «бекирениң бел кеспесин жемеген басым, қолаңсыған қой гөшине дуўшакер болдым...» деген налыныўларды, жүрек төринен айтыл­ған өкинишлерди баҳалай алмайды.

Бурынлары бозға (қырдағы үлкелерди суў бойында өскен мойнақшылар солай атайды) келиншек болып түскен бир жигиттиң қарындасы  Мойнаққа, әжағасының үйине,  ер жеткен баласына камалға келген буның қызын айттырып келипти. Әжағасының қызы жигитти унатып турса да, туўылған жерин, көгилдир көк теңизин таслап кетиўге көзи қыймай, көпке шекем қа­йылшылық бермепти. Ақыр соңында, туўысқанлықты умыта алмай, ол қыз бозға келиншек болып түсипти. Сонда арадан жыллар өткеннен ке­йин перзентин сағынып, қызының ҳал-жағда­йынан хабар алыў ушын кейнинен келген анасына қызыF «Бекирениң бел кеспесин жемеген басым қолаңсыған қой гөшине дуўшакер болдым» деп балықты сағынғанын айтып, турмысына налып, өксип-өксип жылаған екен...

Ҳәркимниң туўған жери Мысыр шәҳәри, деген усы-дә!

ШЫНЛЫҚ

... Қәлби жаралы Арал. Ол бүгинги күни пүткил дүньяның дыққат-итибарында. Ҳәзирги ўақытта Арал машқаласы себепли 5,5 миллион гектардан аслам майданда Аралқум саҳрасы пайда болды. Ҳәр жылы 100 млн. тонна қум ҳәм дуз ҳаўаға көтерилмекте. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарда «Траст фонды»ның дүзилиўи өзбек дипломатиясының үлкен жемиси болды. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М. Мир­зиёевтиң Арал бойы аймағын бағы-бостанға, абат мәканға айландырыў жөниндеги сөзлерин пүткил әлем тыңлады.

Арадан көп ўақыт өтпей,  «Өзбекстан-24» каналы арқалы Мойнақта өткизилген халықаралық Пресс-клуб көрсетиўинде айтылған сөзлерди пүткил елимиз, әсиресе, қарақалпақстанлылар үлкен көтериңкилик пенен күтип алды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса ЕрниязовF «Арал теңизи соңғы 45-50-жыл ишинде, бир әўладтың көз алдында жоқ болып кеткени оғада өкинишли. Ҳәзир теңиздиң қурыған ултанында пайда болған жүдә үлкен көлемдеги саҳрадан миллион тонналап қумлы дуз тозаңлары алыс музлықларға, Европа материгиниң Норвегия аймақларына дейин жетип бармақта. Арал бойы апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў бойынша ҳүрметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас ассамблеясының 72-сессиясында баянлап, дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратқан еди. Жақында БМШтың Арал бойы регионында Инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды шөлкемлестирилди. Оған Япония, Норвегия, Катар, Саудия Арабстаны усаған бир қатар мәмлекетлер қаржы ажыратты» деп атап көрсетти.

Мине, бул Мойнақ халқының арзыў-әрманларының иске асырылыў илажларының дәслепки нәтийжелери. Президентимиз Қарақалпақстанға сапары пайытында Мойнақ районына келип, халықтың жасаў шараятлары менен жақыннан танысып, халық пенен пикирлесип, олардың пикир-усыныслары тийкарында Қарақалпақстан бойынша Бағдарлама қабыл етилди ҳәм оған 973 жойбар киргизилди. Бул жойбарды иске асырыў ушын дерлик 12 триллион сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған болып, 12-13 мың жумыс орынларын жаратыў күтилмекте.

Ең әҳмийетлиси, Мойнақта балықшылық кәсиби қайта тикленетуғын болды. Буның ушын Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында балықшылық комплексин шөлкемлестириў режеси ислеп шығылды. Усы тийкарда «Мойнақ аква санаат»  Мәмлекетлик унитар кәрханасы дүзилип, балықты қайта ислеў ҳәм балық консервасын ислеп шығарыў заводы қурылады.

Жойбардың улыўма баҳасы 26,2 млрд. сум болып, оған жергиликли бюджеттен 9,1 млрд. сум, Арал фондынан 17,1 млрд. сум қаржы қаратылады. Нәтийжеде 160 адам жаңа ис орынлары менен тәмийинленеди.

Қурылысы 2019-жылдың 2-февралында басланған жойбардың иске түсиў мүддети 2019-жыл 4-шерек деп белгиленген. Ол иске түскеннен ке­йин жылына 4000 тонна товар балық жетистириледи, 2000 тонна балық кептирилип, ысланады, 720 тонна балық котлети, 480 тонна балық филесин ислеп шығарылады, 9 млн. дана балық консервасы жетистириледи.

Мине, Мойнақ күннен-күнге жаңарып атыр. Оның инфраструктурасы өзгерип, район орайы заманагөй көриниске ийе болмақта. Аэропорт, стадион, социаллық-мәдений тараўлардағы жаңалықлар көзди қуўандырады.

«Мәденият Мойнақтан басланады» деген еди Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев. Биз бүгин оны көз бенен көрип, оған гүўа болып атырмыз. Сонлықтан Қарақалпақстан Республикасының Арал бойы аймағын, соның ишинде Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан буннан былайда раўажландырыў бойынша өз ўақтын да дурыс ҳәм әдил шешим таўып, көрсетип атыр­ған жәрдемлери ушын Журтбасшымыз Шавкат Миромонович Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Алпысбай СУЛТАНОВ,

Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан  Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF