ТУРМЫСЫМЫЗДАҒЫ УМЫТЫЛМАС СӘНЕ
XX әсир адамзат турмысында түрли ўақыяларға — урыслар, жаўызлықлар, апатшылықлар, соның менен бирге уллы ашылыўлар, дөретиўшиликлер дәўири болды. Булар унамлы яки унамсыз болыўына қарамастан тарийх мүлки есапланады.
Биз олардың барлығын үйрениўимиз, талқылаўымыз керек. Себеби, тарийх келешек әўладлар ушын сабақ болыўы лазым. Ҳәр адымда өтмишке нәзер таслап, оннан сабақ алып, жуўмақ шығарып, тарийхымызды қайта жазыў — әдиўли ўазыйпамыз.
XX әсирдиң басында Түркстанда зорлық пенен орнатылған Совет ҳәкимияты халқымыздың басына қаншадан-қанша қырғынлар алып келди. Совет ҳәкимиятын тән алмаған Түркстан халықлары көп жыллар даўамында бул дүзимге қарсы гүрес алып барды. Бул гүреслер даўамында көпшилик халық сырт еллерге шығып кетти, айырымлары Сибирьге, Узақ Шығыс, Арқа Кавказ, Уралға ҳәм тағы басқа аймақларға сүргин етилди.
Бүгинги күнде тарийхымыздың аянышлы, ҳәсиретли бетлерин ҳәр тәреплеме терең үйренип, ҳақыйқый тарийхты жазыў тарийхшы алымлардың алдындағы үлкен ўазыйпа. Тарийхымыздың сондай аянышлы бетлеринен бири — советлердиң Өзбекстанда алып барған репрессия сиясаты ҳәм оның аянышлы ақыбетлери есапланады. Бирақ, бул Ўатанымыз тарийхында, әсиресе, екинши жер жүзилик урысқа шекемги тарийхымызда улыўма жарытылмаған. Ғәрезсизликке ерисиў қарсаңында ҳәм ғәрезсизлик жылларында ғана Өзбекстандағы сиясий репрессия ҳәм оның қандай өткенлиги, аянышлы ақыбетлерин ашып бериў, бурынғы репрессия қурбанларын ақлаў, атларын мәңгилестириў илажлары көрилди.
Усы орында репрессия түсиниги ҳаққында, оның не екенлиги туўралы айтып өтсек. Репрессия латынша «Repressio» сөзинен алынып, «басым», «қысым» мәнилерин аңлатады. Репрессия партия ҳәм мәмлекетлик уйымлар қолланатуғын жаза есапланады. Бул түсиник тоталитар мәмлекет тәрепинен халыққа қолланылатуғын жазалаў — атыў, ғалаба түрде зулым өткериў мәнилерин өзине жәмлеген.
Репрессия сиясаты пүткил бурынғы аўқам халықлары қатары Түркстан, Өзбекстан халықларының да басына үлкен мүсийбетлерди жаўдырды. Оның ең жокары басқышына көтерилген 1937-1938-жылларда көплеген өзбекстанлылар қурбан болды. Урыс дәўиринде де репрессия даўам етти. Урыстан соң уламалар, миллетшилер иси бойынша көплеген әдебият, көркем-өнер, илим тараўы, дин ийелери репрессияға ушырады. СССР Конституциясы статьяларында пуқаралардың диний исенимине қарамастан сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе екенлиги, олардың еркинликлерин шеклеўдиң қадаған етилгенлиги көрсетилиўине қарамастан совет тоталитар дүзими дәўиринде халқымыздың миллий тарийхый дәстүрлерин, руўхый байлықларын таратыўшылар болған илимли, диний саўатлы көплеген уламаларымыз жазықсыз қамалды, сүргин етилди, аўыр жазаларға тартылды. XX әсирдиң 80-жылларында «Пахта иси», «Өзбек иси» деп ойлап табылған жынайый ислер бойынша да мыңлап бийгүна ўатанласларымыз репрессияға ушырады.
Репрессия қурбанларын үйрениў, олардың атларын мәңгилестириў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1999-жыл 12-майда жәрияланған пәрманы ҳәм 22-июльдеги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ўатан ҳәм халық азатлығы жолында қурбан болған пидайылар ядын мәңгилестириў ҳаққында»ғы қабыл еткен қарарларынан соң кең жолға қойылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2001-жыл 1-майда қабыл етилген «Репрессия қурбанларын еслеў күнин белгилеў ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында 31-август ҳәр жылы республикамызда «Репрессия қурбанларын еслеў күни» сыпатында белгиленип киятыр.
Маман РАМАТУЛЛАЕВ,
ҚМУ тарийх факультети оқытыўшысы.