Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:55:07, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ГОСПИТАЛЬ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 28-август күни Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы алдынан және бир объект — Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Шыпакерлик бөлими госпиталының имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Оған республикамыздағы ҳуқық қорғаў уйымлары, Арқа-Батыс әскерий округи, минис­трликлер менен шөлкемлердиң басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Ашылыў салтанатында, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник Р.Хатамов, «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында алып барылып атыр­ған кең көлемли реформалар нәтийжесинде ҳалқымыздың абадан ҳәм тыныш-татыў турмысын тәмийинлеўде айтарлықтай өзгерислердиң жүз берип атыр­ғанлығын атап өтти.

Госпитальдың тарийхына нәзер аўдарсақ, ол 1964-жылы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен саўалландырыў орны болып ашылған ҳәм бул орын 2000-жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң қурамына өткерилип, саўалландырыў-емлеў орайы болып жумыс баслаған. Ал, 2011-жылда министрликтиң Шыпакерлик бөлиминиң госпиталы болып қайта шөлкемлестирилген.

Оның ашылыўы республикамыздағы барлық ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, ветеранлары ушын үлкен байрам саўғасы болды, десек асыра айтқан болмаймыз.

Госпиталь имаратының қурылғанына 50 жылдан асқанлығы себепли, имараттың барлық бөлмелери ашынарлы жағдайға келип қалған еди.

— Президентимиздиң ишки ислер уйымларының хызметкерлерине, ветеранларына ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына барлық имканиятларды жаратып бериў мақсетиндеги 2017-жыл 29-ноябрь күнги қарарына тийкарланып, госпиталымыз 2018-жылы қайта реконструкциялаўға киргизилди. Усы қарар талаплары тийкарында госпиталь тек ғана қайта реконструкцияланып қоймастан, ол жерде заманагөй 2 қабатлы имарат қурыў режелестирилип, «Архторус» кәрханасы тәрепинен улыўма баҳасы 7 млрд. 800 млн. сум муғдарында смета ислеп шығылды. Қурылыс жумыслары «Нөкис искер» ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен қысқа мүддет ишинде әмелге асырылды. Жаңа имаратта наў­қаслардың стационар усылда емлениўлери ушын қолайлы шараятлар жаратылды. Имарат 40 орынға мөлшерленген болып, ҳәр бир бөлме 2 орыннан ибарат. Буннан басқа, имаратта айрықша люкс бөлмелер, бассейн, саўна ҳәм массаж бөлмелери шөлкемлестирилген. Толық ири оңлаўдан өткен алдынғы еки қабатлы имараттың биринши қабатында заман талапларына жуўап беретуғын қабыллаўхана, физиотерапия бөлмеси, дәрихана, лаборатория, асхана, екинши қабатынан болса, барлық спорт инвентарьлары менен тәмийинленген спорт залы  ашылды,-дейди ИИМ Шыпакерлик бөлиминиң баслығы У.Қурбанбаев.

700 метр тереңликтен шығып турған йод-бромлы шыпалы суў госпитальдың мақтанышы есапланады. Усы суў менен емлеў ушын ажыратылған имаратқа да заман талапларына сай оңлаў жумыслары исленди ҳәм емлениўшилерге қолайлы шараят жаратыў ушын емлеў имаратына алып баратуғын жол айналар менен қапланып, ысытқышлар менен тәмийинленди.

Сондай-ақ, госпиталда дәри-дәрмақлар менен емлеўден бас­қа физиотерапялық, яки массаж, ыссылық ваннасы, электрофорез, дарсанваль ҳәм басқа түрдеги емлеўлер әмелге асырылады. Емлениўдиң сапасын ҳәм жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикаси ИИМниң Шыпакерлик басқармасы тәрепинен баҳасы 120 миллион сумнан артық болған медициналық әсбап-үскенелер, атап өтетуғын болсақ амплипульс, гальванизатор, дарсенваль, УЗТ, тубс ҳәм басқа медициналық үскенелер менен тәмийинленген.

Госпитальдың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳам­раев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF