ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА КОСМОСЛЫҚ ЖУМЫСТЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетте әмелге асырылып атырған бар илимий-технологиялық бағдарларды кеңейтиў ҳәм талап жоқары болған жаңа бағдарларды жаратыўға қаратылған жедел инвестициялық сиясат, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған бағдарламалық илажлар инновациялар, нано-технологиялар, атом энергетикасы, космослық санаат сыяқлы еле пайдаланылмаған жоқары илимий көлемли, технологиялық ҳәм кең көлемли жумыс бағдарларынан пайдаланыўды талап етеди.
Өзбекстан Республикасында машина қурылысы тараўында космослық изертлеўлер ҳәм технологияларды раўажландырыў ушын зәрүр болған әҳмийетли илимий-техникалық, сынаў-өндирислик, тәжирийбе-излениў потенциалы, жетерли интеллектуаллық ҳәм кәсипке байланыслы ресурслар, белгили базалық космослық инфраструктура бар.
Соның менен бирге, мәмлекетте аўыл ҳәм суў хожалығы, экология, телекоммуникация, геологиялық-излеў, картография, метеорология, сейсмология ҳәм қала қурылысы тараўларының нәтийжелилигин арттырыў имканиятына ийе болған жерди аралықтан турып зондлаў, спутник байланысы, навигация системалары сыяқлы космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўында жумыс дерлик әмелге асырылмай атыр.
Мәмлекеттиң және де турақлы раўажланыўы, соның ишинде, экономиканың ҳәр қыйлы тараўларында инновациялық космослық технологиялардан пайдаланыў арқалы бар илимий-техникалық потенциалды нәтийжели әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги (кейинги орынларда — «Өзбеккосмос» агентлиги) шөлкемлестирилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Телекоммуникациялық инфраструктураны раўажландырыў бас басқармасының Спутник байланыс технологиялары басқармасы сапластырылсын ҳәм оның босайтуғын 5 штат бирлиги «Өзбеккосмос» агентлигине өткерилсин.
«Өзбеккосмос» агентлиги космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясат ҳәм стратегиялық бағдарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланатуғыны;
«Өзбеккосмос» агентлиги хызметкерлериниң шекленген саны 37 штат бирлигин қурайтуғынлығы;
«Өзбеккосмос» агентлигиниң бас директоры, бас директордың орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;
«Өзбеккосмос» агентлигиниң бас директоры статусы, мийнетке ҳақы төлеў медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шәртлерине бола министрдиң биринши орынбасарына, бас директор орынбасарлары болса министр орынбасарларына теңлестирилетуғыны;
«Өзбеккосмос» агентлиги Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер «Өзбеккосмос» агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясат ҳәм стратегиялық бағдарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
Өзбекстан Республикасында космослық тармақлық раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
космослық жумыс, космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўында нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў, соның ишинде, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў;
космослық жумыс тараўының зәрүр дәрежеде раўажланыўы, тараўға тийисли ҳәм оған байланыслы жумыслар, хызмет көрсетиўдиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде космослық жумыс тараўындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
космослық тармақ инфраструктурасы, космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар, илимий-изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық ҳәм инновациялық жумысларды раўажландырыў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
космослық жумыстың барлық бағдарлары бойынша кадрларды, соның ишинде, жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелеринде таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў;
стратосфера ҳәм басқа да ушыўшысыз ушыў аппаратлары, сондай-ақ, жерди аралықтан зондлаў ҳәм спутник байланыс космослық аппаратларын қолланған ҳалда мәмлекетлик уйымларға мәселелерди шешиў нәтийжелилигин арттырыўда жәрдемлесиў;
космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўында халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў;
сырт ел инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларды космослық жумыс тараўына, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында тартыў мақсетинде мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте халықаралық финанс институтлары, донор-мәмлекетлер, компаниялар ҳәм банклер менен бирге ислесиўди раўажландырыў;
космослық ҳәм спутник технологияларын енгизиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын жергиликли коммерциялық структуралар, өндирис ҳәм қаржы ресурсларының кеңнен тартылыўын тәмийинлеў;
космослық жумыстың айырым бағдарларының коммерцияластырылыўын хошаметлеў.
- «Өзбеккосмос» агентлиги жанында Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, Илимлер академиясы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, сондай-ақ, космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўындағы халықаралық экспертлерди өз қурамына киргизген Илимий — техникалық ҳәм экспертлик кеңеси шөлкемлестирилсин.
Космослық тармақты раўажландырыўдың стратегиялық мәселелери бойынша қарарлар қабыл етиў «Өзбеккосмос» агентлигиниң Илимий техникалық ҳәм эксперт кеңесиниң жуўмақлары тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 2019-2020-жылларда Өзбекстан Республикасында космослық тармақты раўажландырыў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- «Өзбеккосмос» агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
2019-жыл 1-ноябрьге шекем Өзбекстан Республикасының «Космослық жумыс ҳаққында»ғы нызамы жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.
2020-жыл 1-июльге шекем 2020-2030-жыллар даўамында Өзбекстан Республикасында космослық тармақты раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы (кейинги орынларда — Бағдарлама) жойбарын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
Бағдарламаның жойбарын ислеп шығыўда төмендеги мәселелерди шешиўге айрықша итибар қаратылсын:
Өзбекстан Республикасында космослық тармақты раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша тутас көриўди ислеп шығыў ҳәм стратегиялық ўазыйпаларды нәтийжели шешиў;
санаат ҳәм экологиялық қәўипсизликтиң жоқары дәрежесин тәмийинлейтуғын заманагөй алдынғы технологияларды қолланған ҳалда космослық тармақ ҳәм тийисли инфраструктуралық объектлерди қурыў;
жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳәм оқыў орайларында космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тараўының қәнигелерин таярлаўды шөлкемлестириў.
- «Өзбеккосмос» агентлиги Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте космослық жумысты раўажландырыў ушын жеңиллетилген кредитлерди ҳәм грантларды тартыў мақсетинде Бағдарлама шеңбериндеги жойбар усынысларының паспортын Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине келешекте халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт ел донорлары менен көрип шығыў ушын усынсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 30-август.