Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:39:25, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГҮЎАЛЫҚЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ

Соңғы жыллары Өзбекстан Қураллы Күшлериниң жаўынгерлик потенциалын арт­тырыў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, әскерий хызметкерлердиң физикалық ҳәм руўхый-интеллектуаллық таярлығын жетилистириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң 2018-жыл 12-декабрьде қабыл етилген «Жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында ҳәм физикалық тәрбиялаў және шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық усы жыл апрель айынан баслап Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанында әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў орайы шөлкемлестирилди. Оқыў орайының ашылыўы Қураллы Күшлеримиз ушын керекли әскерий-техникалық қәнигелерди таярлаў сапасын жақсылаў ҳәм миллий армиямыз қатарының маман қәнигелер менен беккемлениўине үлес қосады.

 Жақында усы орайдың дәслепки питкериўшилерине әскерий-техникалық қәнигелигин ийелегенлиги ҳаққындағы гүўалықларды тапсырыў мәресими болып өтти. Оған тараў хызметкерлери, питкериўшилердиң ата-аналары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери бас­қармасының баслығы, подполковник Б.Бегалиев, Өзбекстан Жаслар аўқамы Нөкис қалалық кеңеси баслығы П.Қазақбаев ҳәм басқалар сөзге шығып, жыйнал­ғанларды жақынласып киятыр­ған ең уллы, ең әзиз болған Јәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы менен  қутлықлады. Сондай-ақ, питкериўши курсантларға Қураллы Күшлер қатарында шын кеўилден хызмет ететуғын азаматлар болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

Буннан соң, орайда билим алған курсантларға әскерий-техникалық қәнигелигин ийелегенлиги ҳаққындағы гүўалықлар  тапсырылды.

­— Орайда төрт ай даўамында билим алып, әскерий автомобиль басқарыў сырларын тереңнен үйрендик, ­ - дейди орай питкериўшиси Э.Азимов. ­ — Бул жерде маман қәниге болып жетилисиў ушын оқыў өндирислик әмелият ханаларында  барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Қураллы Күшлер қатарында әскерий-техникаларды басқарыўда өз үлесимди қосаман...

 Сондай-ақ, илажда оқыўда ҳәм жәми­йетлик жумысларда белсендилик көрсеткен курсантларға мақтаў жарлықлары тапсырылды. Илаж көркем-өнер шеберлери тәрепинен таярлан­ған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды. 

 

А.ОРАЗОВ.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF