ПРЕЗИДЕНТИМИЗ ЖҮРИП ӨТКЕН — АЙДЫН ЖОЛЛАР
Тарийх ушын қысқа ўақыт болғаны менен санаўлы жыллар ишинде ғәрезсизлигимиз шарапатынан ўатанласларымыз қайта туўылып, аўыл-қалаларымыздағы үлкен өзгерислер менен жаңаланыўларды өз қолларымыз бенен жаратқанларымызға ҳеш ким шек келтире алмайды.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң республикамыз бойлап сапарындағы жүрип өткен айдын жоллары қанлыкөлшилерди шексиз қуўанышқа бөледи. Район турғынлары асыға күткен елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы мың адамлық «Жәйҳун» стадионында өткерилген еди. Изли-изинен пайдаланыўға бериле баслаған аймақтағы 27 объекттиң қурылыслары менен абаданластырыў ислеринде өзлерин шетке алмай, белсене қатнасыўды парызы ҳәм қарызы деп билген.
Халық хожалығының барлық тараўлары сыяқлы билимлендириў саласындағы түпкиликли өзгерислер кимди болса да қуўандырады.
Қанлыкөл санаат кәсип-өнер колледжи имараты 1-санлы қәнигелестирилген мектепке берилгенде 3 млрд. 700 млн. сумлық ири оңлаў жумысларын жуўапкершилиги шекленген «Қурылыс сервис» жәмийети белгиленген мүддетте сапалы питкереди. 450 оқыўшыға мөлшерленген l7 класс жайы бар, үскенеленген арнаўлы пән кабинетлеринде елиўден аслам муғаллимлер өз шәкиртлерине инглис ҳәм қарақалпақ тиллеринен терең, тыянақлы билимлер беретуғын болады.
Район орайының көркине көрк қосатуғын ең заманагөй архитектуралық үлгиде салынған санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайының еки қабатлы имаратын «ХРСП Голден Стар» жәмийетиниң қурылысшылары тырнағынан баслап қалаған. Ең керекли әсбап-үскенелер, қатты ҳәм жумсақ мебельлер менен тәмийинленип, халыққа сапалы медициналық хызмет түрлерин көрсетиўди баслап жибереди.
Ҳәр жылы пән олимпиадалары менен билимлер беллесиўлеринде, көркем өнер, спорттың көплеген түрлери бойынша өткерилетуғын жарысларда алдынғы орынларды ийелетуғын 18-санлы мектептиң оқыўшылары менен устазларына жаңа оқыў жылы алдынан сыйлы саўға таярлап, «Мийирбек-Нөкис» ЖШЖниң қурылысшылары сметалық нырқы 3 млрд. 220 млн. сумлық қурылыс жумысларын питкерип береди.
Мектептиң химия-биология пәни муғаллими, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары билимлендириў ағласы Арзайым Абдрасулиева быйылғы жылдың тест сынағынан өз оқыўшысы Б.Жумабаеваның мәмлекетлик грант тийкарында ҚМУдың химия-биология факультети студенти болғанын мақтаныш етти.
Қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада «Қанлыкөл медицина тараўындағы ең үлгили район» дәрежесине жеткерилиўи есапқа алынып, күнделикли жумысларында көплеген жаңаланыў менен жетискенликлери көзге тасланады. Орайлық емлеўхана қасынан үш қабатлы электрон поликлиника пайдаланыўға берилди. Наўқаслар шыпакерлердиң қабыллаўына интернет арқалы байланыс жасап, қымбатлы ўақытларын босқа өткермейтуғын болды. Лабораториялық анализлер де электрон тәризде хабарланады. Көп тармақлы электрон дизимли поликлиниканы Н.Бегжанов басшылық еткен «Инвест-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийет ағзалары сапалы қурып питкерген.
Қурылысшылардың ғәрезсизлик байрамына сыйлы саўға ретинде таярлаған имаратларын пайдаланыўға тапсырыў мәресимлеринде район ҳәкими Д.Толыбаев ҳәм тағы басқалар жыйналған көпшиликти ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлап өтти. Босағаларына тартылған ленталар кесилип, қурылысшылардың дәстүрий «алтын гилт»лери тапсырылды.
Жақсы хабардың қанаты болғанындай, сөз гезегин алған нураный Сәрсенбай Есимбетов «Районымызда исленип атырған үлкен жумыслар, жетискенликлеримиздиң басы-қасында республикамыз басшысы М.Ерниязовтың кеше-күндиз турғанларына талай мәрте гүўа болдым. Ел-халқымыздың бахты ушын туўылған басшымыз Муса Ерниязовқа Ўатанымыздың ең жоқары наградасы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы берилгенин өзимниң ҳәм сизлердиң атларыңыздан шын жүрегимнен қутлықлайман» деген сөзлери ҳәммени толқынландырып, қызғын қол шаппатлаўлар менен қоллап-қуўатлады.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Қанлыкөл районы.