ДЕНЕТӘРБИЯ ҲӘМ СПОРТ ОБЪЕКТЛЕРИН ҚУРЫЎ, ЕКОНСТРУКЦИЯЛАЎ, КАПИТАЛ ОҢЛАЎ ҲӘМ ҮСКЕНЕЛЕЎ ЖУМЫСЛАРЫН ҚАРЖЫЛАНДЫРЫЎ ТӘРТИБИН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, халық, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, елимизди халықаралық спорт майданларында мүнәсип түрде танытыў, сондай-ақ, денетәрбия ҳәм спорт объектлерин қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын қаржыландырыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги (кейинги орынларда — Министрлик), Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қорын (кейинги орынларда — Қор) сапластырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Сапластырылып атырған Қордың денетәрбия ҳәм спорт объектлерин қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша қаржыландырыў функциясы Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине жүкленетуғыны;
денетәрбия ҳәм спорт объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў бойынша жойбарлар және олардың мәнзилли дизимлери ҳәр жылы Министрлик тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте келисилген ҳалда қәлиплестирилетуғыны ҳәм кейинги жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасына киргизилетуғыны;
сапластырылып атырған Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылып келинген денетәрбия ҳәм спорт объектлерине спорт әсбап-үскенелери менен инвентарьларын орайласқан тәртипте сатып алыў ҳәм жеткерип бериў, республикалық спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларын өткериў қәрежетлери ҳәр жылы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режесинде нәзерде тутылатуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, район (қала) спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажлары календарь режесин қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыў ушын ҳәр жылы белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери, сондай-ақ, район (қала) бюджетлериниң қаржылары нәзерде тутылатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлериниң Министрлик пенен биргеликте ислеп шығылған 2019-жылға мөлшерленген денетәрбия ҳәм спорт объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў мәнзилли бағдарламасы орайластырылған инвестициялар есабынан қаржыландырылатуғыны;
район (қала) денетәрбия ҳәм спорт бөлимлерин, олардағы бас бухгалтер лаўазымларын қысқартқан ҳалда, сақлаўға байланыслы қәрежетлер район (қала) бюджетлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы денетәрбия ҳәм спорт басқармаларының структурасында 2 штат бирлигинен ибарат орайласқан бухгалтерия хызмети шөлкемлестирилсин және оларға орайластырылған тәртипте район (қала) денетәрбия ҳәм спорт бөлимлериниң қаржы-бухгалтерия жумысын жүргизиў ўазыйпасы жүкленсин.
- Министрлик Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Қор ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң есап бетлериндеги қалдық қаржыларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген төлемлер әмелге асырылғаннан кейин Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетине қайтарылыўын тәмийинлесин.
- Денетәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыў, тараўды басқарыў уйымларының хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, олардың кәсиплик дәрежесин арттырыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў мақсетинде Министрликтиң бюджеттен тысқары «Спорт» арнаўлы есап бети (кейинги орынларда — Арнаўлы есап бет) ашылсын.
- Төмендегилер Арнаўлы есап бет қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы ҳәм оның филиаллары тәрепинен шөлкемлестирилген қайта таярлаў курсларында оқытыўдан түсетуғын қаржылардың 20 проценти;
Министрлик системасындағы юридикалық шахс статусына ийе болған уйымға тийисли шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қорларына түсетуғын қаржылардың 10 проценти;
тренерлик жумыс пенен шуғылланыў ушын аттестациядан өткериў ҳәм рухсатнамалар бериў, сондай-ақ, денетәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт имаратларын паспортластырыў есабынан түсетуғын қаржылардың 15 проценти;
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети және оның филиалларында оқытыўдың төлем-контракт суммалары есабынан түсетуғын қаржылардың 5 проценти муғдарындағы ажыратпалар;
Арнаўлы есап бетиндеги ўақытша бос қаржыларды жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт мәмлекетлердиң грантлары және техникалық жәрдемлесиў қаржылары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Арнаўлы есап бетиниң қаржыларынан:
Министрликтиң орайлық аппаратының хызметкерлерине ҳәр айлық үстемелер, сыйлықлар ҳәм басқа да хошаметлеўши төлемлер төлеў;
жоқары қәнигели сырт ел экспертлери ҳәм сырт елдеги ўатанласларды Министрликте ислеў ушын тартыў;
Министрликтиң, оның аймақлық бөлимлери ҳәм уйымлық бойсыныўындағы шөлкемлердиң имарат ҳәм объектлерин сақлаў, пайдаланыў, оларды қурыў және оңлаў, керек әсбап-үскенелер, соның ишинде, мебель, байланыс қураллары, компьютерлер ҳәм басқа да қураллар менен тәмийинлеў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў;
Министрлик хызметкерлерин сырт мәмлекетлердиң илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм басқа да мәкемелеринде оқытыў, маманлығын арттырыў;
Министрлик хызметкерлериниң мәмлекет аймағындағы ҳәм сырт мәмлекетлердеги хызмет сапарларына байланыслы қәрежетлерди төлеў;
Министрликтиң жумысын жетилистириўге қаратылған басқа да илажлар ушын пайдаланыў белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қордың сапластырылыўын есапқа алыпF
а) 2019-жылда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлериниң қаржылары шеңберинде ҳәм Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша дәреклери есабынан:
денетәрбия ҳәм спорт объектлерин қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеўге байланыслы қәрежетлер;
район (қала) спорт бөлимлерин сақлаў қәрежетлери;
спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режеси ушын талап етилетуғын қосымша қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин;
б) 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң тийкарғы параметрлерин қәлиплестириўде:
Министрликтиң тийкарланған есап-бетлерине муўапық орайласқан тәртипте денетәрбия ҳәм спорт объектлерине спорт әсбап-үскенелерин ҳәм инвентарьларын сатып алыў ҳәм жеткерип бериў және спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режесин қәлиплестириў ушын республикалық бюджет параметрлеринде;
район (қала) спорт бөлимлерин сақлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, район (қала) спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажлары календарь режелерин қәлиплестириў ушын тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бюджетлери, сондай-ақ, район (қала) бюджетлериниң параметрлеринде зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери еки ай мүддетте Қор және оның аймақлық бөлимлериниң сапластырылыўы нәтийжесинде босайтуғын имарат ҳәм объектлер, инвентарь және үскенелер ҳәм автотранспорт қуралларын Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлерине өткерилиўин тәмийинлесин.
Тастыйықланған лимиттен артықша транспорт қураллары белгиленген тәртипте сатылсын ҳәм оларды сатыўдан түскен қаржылар Мәмлекетлик бюджет дәраматларына өткерилсин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте сапластырылып атырған Қор және оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерин жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанында денетәрбия ҳәм спорт объектлерин қурыў, реконструкциялаў және капитал оңлаў ҳәм спорт инвентарьлары менен үскенелеў жойбарларын әмелге асырыўда буйыртпашы функциясын атқарыўшы мәмлекетлик унитар кәрханасы түриндеги Спорт объектлериниң инфраструктурасын раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясы шөлкемлестирилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы Спорт объектлериниң инфраструктурасын раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясының жумысын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Қурылыс министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте жойбар шөлкемлерин тартқан ҳалда денетәрбия ҳәм спорт объектлерин қурыўда алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесинен келип шығып, инновациялық технологияларға тийкарланған, арзан, энергияны үнемлейтуғын ҳәм тез қурылатуғын конструкция ҳәм материаллардан пайдаланыўды нәзерде тутатуғын үлги жойбарларды ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 1-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 2-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 26-август.