ТАЯРЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-май күнги 2992-санлы «Ишки ислер уйымлары Өрт қәўипсизлиги бөлимлериниң жумысларын түп-тийкарынын жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып Тақыятас районының өрт қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен район аймағында жайласқан мәкеме ҳәм кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында, турақ жайларда өрттиң алдын алыў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.
Атап өтетуғын болсақ, районымызда жыл басынан усы күнге шекем 9 өрт келип шыққан болса, олардың басым көпшилиги пуқаралардың жеке меншик турақ жайларында ҳәр қыйлы себеплер менен жүз бергени анықланды. Ең ашынарлысы, бундай унамсыз ҳәдийселер айырым пуқаралардың өртке итибарсызлық пенен қарап, насаз газ ҳәм электр үскенелеринен, ашық турған электр тоги сымларынан, үй әтирапында ашық оттан пайдаланыўы, жас өспирим балаларды үйинде қараўсыз қалдырыўы ҳәм көшеде өрт пенен ойнаўға жол қойыўы ақыбетинде келип шықпақта.
Ҳәзирги күнде Тақыятас районында пуқаралардың турақ жайларының гүз-қыс мәўсимине таярлығы бөлимшемиз хызметкерлери, профилактика инспекторлары тәрепинен тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте көзден өткерилип, анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў илажлары көрилмекте.
Мәкан пуқаралар жыйынларында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлар ҳәм өрт қәўпиниң алдын алыў бойынша ескертиўлер берилип, түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, мәкеме ҳәм кәрханалар аймағында өрт өшириў автомобильлериниң жер асты суў алыў орынлары ҳәм суў ҳәўизлериниң сазлығы көзден өткерилип, гүз-қыс мәўсимине таярлық жумыслары алып барылмақта.
Ш.УБЕНОВ,
Тақыятас районлық 7-санлы Өрт қутқарыў бөлимшеси смена баслығы, лейтенант.