СЫРТ ЕЛГЕ ШЫҒЫЎДА БИОМЕТРИКАЛЫҚ ПАСПОРТ АЛЫЎДАҒЫ ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы тәрепинен пуқаралардың сырт елге шығыў паспортларын ҳүжжетлестириўде нәтийжели жумыслар жүргизилмекте.
Атап айтқанда, Президентимиздиң 2018-жыл 26-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы пуқараларының сырт елге шығыў биометрикалық паспортларын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын жаратыў ҳәм де Өзбекстан Республикасы биометрикалық паспорт системасын модернизация етиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2019-жылдың 1-январьдан баслап мәмлекетимиз пуқараларына сырт елге шығыўы ушын биометрикалық паспорт ҳүжжетлестирилип берилмекте.
Атап өтилген қарарда сырт елге шығыўшы мәмлекетимиз пуқаралары 2021-жылдың 1-январь күнине шекем кириў визасы талап етилмейтуғын (Әзербайжан, Арманстан, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Молдова Республикасы, Россия Федерациясы, Украина ҳәм Грузия) мәмлекетлерге әмелдеги биометрикалық паспортын пайдаланған ҳалда шығыўы мүмкин болады. Буннан соң, сырт елге шығыў тек ғана жаңадан енгизилген паспорт пенен әмелге асырылады.
Атап өтилген қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы тәрепинен усы жылдың 6 айы даўамында 9225 пуқара сырт елге шығыў биометрикалық паспорт пенен ҳүжжетлестирилип, соннан шет елге ўақтынша шығыўы ушын 4977 пуқара, сырт елде турақлы жасаў ушын 1686 пуқара, ал ата-анасы менен биргеликте шығыў ушын 2504 жас өспирим сырт елге шығыў биометрикалық паспорты менен ҳүжжетлестирилди.
Усы жылдың июль айына шекем республикамыз турғынларына сырт елге шығыў әмелдеги биометрик паспортларын ҳүжжетлестирип бериўде басқармамыздағы бир дана техникалық қурылмадан пайдаланылған болса, август айынан баслап, пуқараларымызға қолайлылықлар жаратыў мақсетинде Төрткүл, Беруний, Елликқала районлары турғынлары ушын Төрткүл районы ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине, ал, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ ҳәм Қоңырат районлары турғынлары ушын Қоңырат районы ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине биометрикалық паспортты ҳүжжетлестириўши жаңа техникалық үскенелер орнатылды. Сондай-ақ, усы жылдың сентябрь айынан баслап Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Кегейли районлары турғынлары ушын Шымбай районы ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине де биометрикалық паспортты ҳүжжетлестиретуғын техникалық үскене орнатылады.
Буннан басқа, усы жылдың үшинши шерек жағдайына бола Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы тәрепинен қосымша үскенелер берилиўи нәзерде тутылған. Алып келинген үскенелер республикамыздың алыс аймақларына қурылады ҳәм бул өз нәўбетинде пуқаралардың узақ жерлерден келип кетиўиниң алдын алады.
Ҳәзирги ўақытта сырт елге шығыў биометрикалық паспортын ҳүжжетлестириўде Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, оларға теңлестирилген шахслар, ҳәмиледар ҳәм жас балалы ҳаяллар, наўқас, майыплығы болған шахслар нәўбетсиз қабыл етилип, ҳәптениң екшемби күнлери де халқымызға хызмет көрсетемиз.
Б.ҮББИНИЯЗОВ,
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты
рәсмийлестириў басқармасы баслығы, капитан.