Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:55:18, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ КЕҢ ЖОЛ

Соңғы жылларда елимизде исбилерменлик тараўына айрықша итибар қаратылып, оны раўажландырыў экономикалық сиясаттың әҳмийетли бағдарларының бири етип белгиленди.

Халықты исбилерменликке тартыў, саламат бәсекиликти раўажландырыў, солай етип, бизнес орталықты жақсылаў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылмақта. «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасы арқалы исбилерменлик пенен шуғылланыўды мақсет еткен пуқараларды қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде жаңадан шөлкемлестирилген субъектлердиң саны көбейди. Лекин, орынларда бюрократия, дәмегөйлик ҳәм исбилерменлик жумысына тосқынлық етиў жағдайлары елеге шекем ушыраспақта.

Бул машқалаларды системалы шешиў, исбилерменлерге жәрдем бериў мақсетинде 2019-жыл 14-майда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрә­жатларын көрип шығыў ушын қабыллаўханаларын шөлкемлестириў белгиленген. Бул арқалы исбилерменлик субъектлерин қорғаўдың ҳуқықый механизмлерин еле де күшейтиў, сырт елли инвесторлардың мүрәжатлары менен ислесиўди шөлкемлестириў, ашық-айдын сөйлесиўин тәмийинлеў, шешими табылмаған мәселелерди шешиў ушын өз ўақтында нызамлы илажлар көриў мақсет етип қойылған.

Усы ийгиликли ислерди әмелге асырыў мақсетинде жақында Кегейли районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы Б.Аширбеков «Қазанкеткен» МПЖ, «Қусқанатаў» ҳәм «Аспантай» АПЖлары аймағындағы исбилерменлер менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда исбилерменлер қабыллаўхананың алып баратуғын жумыслары менен жақыннан танысып, өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўапларын алды.

Ә.ОРАЗОВ, арнаўлы

хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF