ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ СЫЙЛЫ САЎҒАСЫ
Қайсы кәсипте де жоқары дәрежедеги қәнигелесиў жақсы көрсеткишлерге еристиреди. Республикамыздың қала ҳәм районларындағы оқыў орынлары, улыўма орта билим беретуғын мектеп ҳәм балалар бақшаларының қурылысы менен қайта оңлаў жумысларында өз исиниң маманы атанған қурылысшыларымыздың бири Көбей Ешмуратов басшылық ететуғын жуўапкершилиги шекленген «Мектеп қурылыс сервис» жәмийетиниң ағзалары бүгинги күнде «Ҳәким ата» АПЖ аймағындағы 288 оқыўшыға мөлшерленген 18-санлы мектепте ири оңлаў жумысларын сапалы жүргизип, жаңа оқыў жылына толығы менен таяр тур.
Ис басына усы жылдың февраль айында көшип келдик. Мектепти шиферлаў, иши-сыртын сыбаў, әйнек-қапылары, жылытыў ҳәм электр тармақларын пүткиллей жаңалап, полға кафель, сыртқы майданшаларға брусчаткалар басылды. Жаңадан ҳәжетхана, көмирхана, 25 кубметр суў сыйымлықтағы өрт өшириўшилер ҳәўизи, дөгереги темир қорғаншалар менен қоршалып, соңғы бояў-пардозлаў, абаданластырыў жумыслары алып барылмақта, -дейди қурылыс прорабы Баҳадыр Ешмуратов.
Ҳәр бири үш-төрттен қәнигелик ийелеген Қ.Муўсаев ҳәм К.Танбаевлардың комплексли бригадаларының ағзалары айрықша көзге түсти. Объектти өз ўақтында иркинишсиз қурылыс материаллары менен тәмийинлеўде М.Яхшимовтың искерлиги өз алдына. Гербиш өриў ҳәм сыбаў жумысларында Ө.Камалов, М.Қошымов, А.Бекбаев, ағаш усталарынан М.Төреханов, Б.Қурбанбаев, И.Қурбаниязов, электриклер А.Сапаров, Н.Сапаров, бояў жумысларында Ҳ.Сетуллаев, З.Төребаев, Ә.Сапаров, кепсерлеўши Д.Файзуллаев, Б.Әсетуллаевлар ўақыт пенен санаспай ислеген қолы гүл қурылысшыларымыз саналады.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Мойнақ районына сапары көтериңки руўхта күтип алынып, изли-изинен пайдаланыўға берилип атырған қурылыс объектлери қатарында бизлер ҳәм өз үлесимизди қостық. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, район ҳәкимиятының қоллап-қуўатлаўы менен усы аймақта жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақ ийеси, 88 топар майыбы Оралбай Махановтың тозыўы жеткен қақырасы орнына барлық қолайлылықларға ийе бес өжирели жайы салынды. Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы ҳүрметине Президентимиздиң сыйлы саўғасы ретинде тапсырып, қоныс тойын бирге тойладық, - деген жәмийеттиң ис басқарыўшысы М.Тайыров пенен О.Махановтың төринде отырып, аўылласлары қатары жақсы тилеклеримизди билдирдик...
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Мойнақ районы.