Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:00:24, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАЙЫР ҚАЛДЫРҒАН МИЙРАС

Өткен ХХ әсирдиң 60-жылларында қарақалпақ поэзиясына өз ҳаўазы, өзиниң өмирлик позициясына ийе болған бир топар шайырлар кирип келди.

Олардың ишиндеги ең зәбердеси, көзге түсип, қосықлары арқалы оқыўшының ишки дүньясын жаўлап алған шайыр Төлепберген Мәтмуратов еди.

1939-жылы 1-сентябрьде ҳәзирги Қараөзек районы аймағында «Жеткиншек» аўылында туўылған Төлепберген қолына қәлем алып, дәслепки қосықларын дөреткенде еле Ташкентте, миллий университетте, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Абдулла Арипов, белгили қарақалпақ илимпазы, жазыўшы Камал Мәмбетов ҳәм басқа да шайыр-жазыўшылар менен ийинлесип, билим алып атырған еди. 1960-жылларда оның дәслепки қосықлары баспасөзде көрине баслайды. Ал, дәслепки қосықлар топламы 1964-жылы баспадан шығып, ол «Ақ терек пе, көк терек» деп аталады.    

Балаларға арналған топламы изинен оның «Лирика» атлы китабы көпшиликтиң нәзерин өзине тартты ҳәм сыншылар  тәрепинен тилге алынды. Оннан кейинги жылларда жарық көрген «Гөззаллық оянды» (1970), «Айсәнем» (1973), «Ашылысыў» (1977) атлы поэтикалық китаплары қарақалпақ поэзиясына талантлы шайырдың кирип келгенлигин кеңнен таныт­қан еди.

Төлепберген Мәтмуратов үлкен эрудицияға ийе, жәҳән поэзиясынан хабардар, өзбек ҳәм рус тилин терең билетуғын зыя­лы инсан болды. Еле 1970-жылларда ол уллы Гётениң әлемге белгили болған, философиялық руўхта жазылған шығармасы «Фауст»ты аўдарыўға қол урғанлығы арадан қырық жыллар өткен соң мәлим болды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басшыларының қоллап-қуўатлаўы арқасында өткен 2018-жылы китап етип басып шығарылды. Т. Мәтмуратов өзбек әдебиятының ири ўәкиллери бол­ған Еркин Воҳидов пенен бир қатарда «Фауст»ты аўдарыўға кирискени, ол пайытларда Абдулла Арипов Дантениң «Илаҳий комедия» шығармасын аўдарыўға отырғаны мәлим, талантлы шайырлардың дөретиўшилигиде бир-бири менен үнлес, сабақлас екенлигинен дәрек береди.

Төлепберген Мәтмуратов турмыста кишипейил, ҳешкимниң зейнине тийиўди билмейтуғын, бирақ, дөретиўшилик мәселесине келгенде мурасасыз инсан еди. Оның: «Ким билмейди уйқастырыўды, уйқастырар сыншыларың да», деп басланатуғын қосығы бираз сыншыларды өкпелетип алғаны да шынлық. Деген менен ол ҳешкимге өкпелеместен өмириниң ақырғы демлерине дейин қолынан қәлемин тасламады ҳәм поэ­зияға садық болып қалды.

Шайыр арамыздан ерте кетти. 1984-жылы март айының орталарында оның өлими ҳаққында хабар  қарақалпақ зия­лыларын терең қайғыға батырғаны еле ядымда. Оннан берли арадан дерлик 35 жыл өтиўине қарамастан Төлепберген Мәтмуратовтың поэзиядағы орны билинип турады.

Төлепберген Мәтмуратов арамызда болғанда оның 80 жыллығын өзи менен бирге тойлаған болар едик. Тилекке қарсы, шайыр арамызда жоқ. «Шайыр халқы еки өмир сүреди», дегендей оның екинши өмири даўам етип атыр.

  К.Каримов,

Қарақалпақстан халық шайыры,

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF