Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:33:43, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕРТЕҢГИ КҮНГЕ ИСЕНИМ БЕККЕМЛЕНБЕКТЕ

Президентимиздиң Қарақалпақстанғасапарынан кейинги ойлар

Президентимиздиң Қарақалпақстанға гезектеги ҳәр бир сапары халқымыздың үлкен қуўанышына, кеўиллеринде шексиз арзыў-үмит ҳәм мақсетлердиң пайда болыўына себепши болады.

Әсиресе, халқымыз мәм­лекетимиз басшысының Қарақалпақстанға 20-21-август күнлериндеги сапары ҳаққында интернет сайтлары арқалы хабар таўып, оның келиўин интизарлық пенен күтти.

­ Президентимиз келсе журтымызға мол ырысқы-несийбе, абаданлық, молшылық келеди, ­ деп қуўанды ақсақалларымыз.

Елимиз басшысының бул реттеги сапарының әйне жаз паслына туўра келгени оғада әжайып болды. Президент өзиниң басламасы менен Мойнақта алып барылған дөретиўшилик жумысларының нәтийжеси, Арал дағдарысы себепли нешше жыллап итибардан шетте қалған бул қаланың гүллеп-жаснап турғанлығы, пайтахтымыз Нөкис қаласының жасыл аршалары, рәң-бәрең гүллери, көгис фонтанлары, көркем ҳәм заманагөй имаратлары, кең ҳәм тегис көшелерин өз көзи менен көрди, деп қуўанды аналар.

Ҳәмме Қарақалпақстанда жаңалық, өзгерислер болып атырғанын шын жүректен сезине баслады... Мен елимиз басшысының Мойнақ районы Мәденият ора­йындағы белсендилер менен ушырасыўында қатнастым. Президентимиздиң басламасы менен жаңаланып, жасарып атырған Мойнақты барып көрмеген нураныйлар, халық депутатлары, түрли тараў ўәкиллери Мойнаққа сапар етип, ол жердеги дөретиўшилик ислерине гүўа болды.

­ Мен Мойнақты кишкене бир посёлка деп ойлар едим, ­ дейди әмиўдәрьялы Санобар Хожамуратова. ­ Көз алдымда заманагөй қала пайда болды. Бул жерде ҳәмме нәрсе бар екен.

Бул мен ушын бир кәрамат еди. 8 бақша, 7 мектеп, 4 жерде спорт, 6 медицина ҳәм 8 мәденият объ­ектлери... Қайылман, заманымыздың раўажланыўына, елимиз басшысының халқымызға болған меҳирине рахмет!

Әлбетте, өзин усы елдиң перзентимен, деген ҳәр бир адам әмелге асырылып атыр­ған жумыслар менен мақтанады, тилге тийек етеди. Бирақ, реформалардың мазмун-әҳмийетин түсинбейтуғын ямаса табысларымызды көре алмайтуғын айы­рым кимселердиң «мақтаўларға жүдә шебер болып кеттик, сәл нәрсеге мақтанатуғынлар көбейип баратыр», деген сөзлерине интернет сайт­ларында көзимиз түседи.

Адам бундай кимселерге ашынар екен. Олар елимиздиң жаңаланып атырғанын, кең көлемли ҳәм теңсиз дөретиўшилик ислериниң өмиримиздиң мазмунын гөззалландырып жибергенин аңлай алмай атыр. Лекин, ҳақыйқатлық алдында халқымыздың жүзи жарық. Адамларымыз дөретиўшилик процесслеринде белсене қатнасып атыр, жаңа­ланған журт бахтынан қуўанбақта, шынлықты айтып мақтансақ арзыйды, деп ҳақыйқатлықтың жүзине тик бақпақта. Буны пүткиллей өзгерген, жаңаланған Мойнақтың жәннеттей жамалы мысалында қайта-қайта атап өтиўимизге ҳақымыз бар.

Бул ҳақыйқатлықты Президентимиздиң Мойнақтағы белсендилер жыйналысында «Мойнақта жүз берип атырған өзгерислер, көзлериңиздеги турмысқа разылық адамды қуўандырады. Бул узақ-узақ аймақларға барып ислеп атырған жумысларымыздың нәтийжеси. Егер кимде-ким бизиң реформаларымызға гүманланатуғын болса, Мойнаққа келип көрсин!» деп атап өткенинде де айқын көрдик.

Усы орында Мойнақтағы өзгерислер менен жаңаланыўлардан тек Қарақалпақстан халқы ғана емес, ал, пүткил Өзбекстан халқы қуўанып ҳәм толқынланып атыр десек, асыра айтқан болмаймыз. Биз буны «Қарақалпақ әдебияты» газетасына Мойнақ, Арал темасында басқа ўәлаятлардың пуқараларынан, ҳәўескер шайырлардан келип атырған шығармалар, мүнәсибетлер арқалы билемиз. Олар Аралбойында исленип атырған жумыслар тап өзиниң мәҳәллесинде, өзиниң аўылында әмелге асырылып атырғандай қуўанып жазады. Бул неден дерек береди! Мойнақта болып атырған өзгерислерден пүткил Өзбекстан халқы руўхланбақта, илҳамланбақта.

Қарақалпақстан ­ үлкен имканиятлар ели. Бул имканиятлардан реже менен, мақсетли пайдалансақ, Қарақалпақстан экономикасы және де раўажланады. Садықлық, пидайылық, Ўатансүйиўшилик пенен жантасыў үлкен көлемдеги жумыслардың әлбетте, нәтийжели болыўын тәми­йинлейди.

Нөкисте өткен белсендилер жыйналысында мәмлекетимиз басшысы бир қатар мәселелерди оғада кеңпейиллик, даналық пенен узақты гөзлеп үйренгенин сездик. Ортаға тасланып атырған үлкен-үлкен машқалалар, олардың шешимине тийисли анық усыныслар ҳәм ўазыйпалар, ҳәммеси-ҳәммеси Қарақалпақстан ҳәм оның ертеңги күниниң және де абат, және де абадан, халықтың дастурханының және де мол болыўы ушын хызмет етеди.

Президентимиз ҳәр бир бағдарда нәзерде тутылған мәселелерге айрықша тоқталып, олар бойынша белсене ислеў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, ҳәр бир район ҳәм қаланың өзине тән өзгешеликлери ҳәм имканиятларынан келип шығып, оларды түрли тараў­ларға қәнигелестириў бо­йынша усыныслар берилди.

Атап айтқанда, Қараөзек районы қурылыс материаллары, Беруний, Хожели, Нөкис районлары мийўе-овощ, Тахтакөпир шарўашылық, Шоманай қусшылық, Елликқала жүзимшилик ҳәм туризм, Мойнақ балықшылық ҳәм шарўашылық, Кегейли шарўашылық, боян тамырын қайта ислеў ҳәм қағаз санааты, Қанлыкөл районы собықлы егинлер ҳәм салы жетистириўге қәнигелестирилиўи белгиленди.

Қоңырат районын нефть-химия санааты ҳәм шарўашылыққа, Шымбайды боян тамырын жетистириў ҳәм қайта ислеўге, Төрткүлди шийше, айна ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўға, Әмиўдәрья районын бағшылық, тоқымашылық ҳәм пиллешиликке, Нөкис қаласын болса фармацевтика ҳәм электротехникаға қәнигелестирип, Тақыятас районын санаат-өндирис аймағына айландырыў мақсетке муўапықлығы атап өтилди.

Қарақалпақстанда илим-пән, мектеп билимлендириўи, мәденият, көркем өнер, туризмди раўажландырыўдың да жаңа перспективалары белгилеп берилди. «Үлкен-үлкен имаратлар, заманагөй техника менен мақтаныў керек емес. Ақыллы, билимли, пидайы перзентлерди тәрбияласақ, олар Ўатанға садықлық пенен хызмет етсе, ең үлкен байлық, бахыт мине усы», деди мәмлекетимиз басшысы.

Әсиресе, Президентимиздиң «Қарақалпақстанда ҳәмме тараўда өзгерис болып атыр. Буның тийкарында усы топырақта жасап атырған уллы халықтың мийнети, умтылыслары жәмленген. Сизлер менен биргеликте үлкен ҳәрекетти басладық. Ҳәр бир аймақтың дәртин үйренейик, ҳәр бир инсанның қәлбине кирип барайық, ертеңги күнге исенимин беккемлейик, деп терең реформаларды әмелге асырып атырмыз. Адамлар ертең емес, алыс келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек» деген гәплери ҳәммениң кеўлин көтерди.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир сөзинде Қарақалпақстан диярына болған меҳири дәрьядай тасып турғанлығын халқымыз шын кеўилден сезинбекте.

Бул сапар шеңберинде белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар барлық тараўларда жаңа мақсетлердиң әмелге асыўы ушын бағдарлама болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Бир сөз бенен айтқанда, Президентимиздиң Қарақалпақстанды, Мойнақты раўажландырыў бағдарында алға қойған идея ҳәм басламалары, олар тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерис ҳәм жаңаланыўлар қарақалпақстанлылардың ертеңги күнге исенимин беккемлемекте.

Гүлистан

АННАҚЛЫЧЕВА,

Қарақалпақстан халық шайыры, Олий Мажлис Сенаты ағзасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF