ЭКОНОМИКА ТАРМАҚЛАРЫ ҲӘМ СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎДЫҢ ЭНЕРГИЯ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АРТТЫРЫЎ, ЭНЕРГИЯНЫ ҮНЕМЛЕЙТУҒЫН ТЕХНОЛОГИЯЛАРДЫ ЕНГИЗИЎ ҲӘМ ҚАЙТА ТИКЛЕНИЎШИ ЭНЕРГИЯ ДӘРЕКЛЕРИН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫҢ ТЕЗЛЕТИЛГЕН ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республикада экономиканың турақлы өсиўин тәмийинлеўге ҳәм халықтың абаданлық дәрежесин арттырыўға, жанылғы-энергетика ресурсларына болған талапты үзликсиз қанаатландырыўға қаратылған нефть-газ, электр энергетика, көмир, химия, қурылыс индустриясын раўажландырыўдың узақ мүддетли стратегиясы әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, жанылғы-энергетика тармағының бар қуўатлылықлары энергия ресурсларына барған сайын артып баратырған талапты толық дәрежеде тәмийинлемей атыр, мәмлекетимиз экономикасының энергияны жумсаў көлеми раўажланған мәмлекетлердиң орташа көрсеткишинен бирқанша жоқары.
Ҳәзирги ўақытта тийкарынан гидроэлектростанциялар ислеп шығарып атырған қайта тиклениўши энергия дәреклери есабынан мәмлекетте ислеп шығарылып атырған электр энергиясы улыўма көлеминиң тек ғана 10 процентине туўра келмекте. Оғада үлкен потенциал бар болыўына қарамастан, қуяш ҳәм самал сыяқлы қайта тиклениўши энергия дәреклериниң имканиятларынан толық дәрежеде пайдаланылмай атыр.
Усы көзқарастан, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў мәмлекетлик сиясаттың ҳәзирги басқышындағы әҳмийетли бағдарларынан бири болып қалыўы керек.
Алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алып, бар ресурсларды ҳәм иске қосылмаған потенциалды тартыў арқалы энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергияны жумсаў көлемин кескин азайтыў бағдарындағы жумысларды комплексли шөлкемлестириў, сондай-ақ, жанылғы-энергетика ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде:
- а) Өзбекстан Республикасының «Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамында қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў тараўындағы жеңилликлер ҳәм преференциялар, соның ишинде, төмендегилер:
қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўшылар мәмлекетлик дизимнен өткерилген сәнеден баслап бес жыл мүддетке салықтың барлық түрлерин төлеўден;
қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын (номинал қуўатлылығы 0,1 МВт ҳәм оннан артық болған) орнатқаны ушын олар пайдаланыўға тапсырылған ўақыттан баслап он жыл мүддетке мүлк салығын және усы қурылмалар менен бәнт болған участкалар бойынша жер салығын төлеўден;
ислеп турған энергетика ресурслары тармақларынан толық үзип қойылған жасаў ушын мөлшерленген жерлерде қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўшы шахслар қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланған айдан баслап үш жыл мүддетке жер салығын төлеўден азат етилиўи нәзерде тутылғаны;
б) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-ноябрьдеги «Энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3379-санлы қарары менен орнатылған тәртипке муўапық 2018-жыл 1-январьдан баслап:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң имаратлары ҳәм объектлери, сондай-ақ, көп квартиралы турақ жай фондын жойбарластырыў, реконструкциялаў, қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыўда оларда энергия нәтийжели ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланылғанлығы бойынша қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларына муўапық екенлиги тексерилетуғыны;
жеке тәртиптеги турақ жай қурылысынан тысқары, барлық имаратлар ҳәм объектлери жойбарластырыў, реконструкциялаў ҳәм қурыўда, ыссы суў тәмийнаты ушын сертификатланған қуяш суў ысытқыш қурылмаларын, сондай-ақ, энергияны үнемлейтуғын лампаларды мәжбүрий тәртипте орнатыў нәзерде тутылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың, экономика тармақлары және социаллық тараў кәрханалары менен шөлкемлериниң жумысы қанаатландырарсыз деп табылсын.
- Административлик имаратларда, елатлы пунктлерде ҳәм өндирис объектлеринде энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў бойынша комплексли илажлар қабыл етилиўи бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының биринши басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлери жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.
- Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги тәрепинен ислеп шығылған және төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2019-2022-жылларда Өзбекстан Республикасында экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин және де арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў комплексли бағдарламасы (кейинги орынларда — Комплексли бағдарлама) мақуллансын:
а) төмендегилерди:
қайта тиклениўши энергия дәреклерин және де раўажландырыўдың мақсетли параметрлерин 1-қосымшаға муўапық тастыйықлаў, олардың үлесин 2030-жылға барып электр энергиясын ислеп шығарыў улыўма көлеминиң 25 процентинен көбирегине жеткериў;
экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў және қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша «Жол картасын» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлаў;
б) регионларда социаллық тараў объектлерин (билимлендириў мәкемелери, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, денсаўлықты сақлаў объектлерин) энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў, сондай-ақ:
ыссы суў ҳәм электр энергиясы менен тәмийинлеў ушын заманагөй қуяш фотоэлектрли станцияларды ҳәм қуяш суў ысытқышларын (орайластырылған ыссылық тәмийнаты системаларына жалғанған объектлер буған кирмейди), сондай-ақ, энергия нәтийжелилиги. соның ишинде, бивалент ысытыў системаларын басқышпа-басқыш орнатыў, атап айтқанда, заманагөй ыссылық насосларын ҳәм рекуператорларын енгизиў;
имаратлардың ыссылықты қорғаў системасын жақсылаў, еки камералы ҳәм энергия нәтийжели айна блокларын, светодиодлы дәреклерди өз ишине алған сенсорлы датчиклер, сондай-ақ, ҳаўа рекуператорларын ҳәм басқа да системаларды орнатыў есабынан Нөкис қаласында, ўәлаят орайларында ҳәм ўәлаятлардың қалаларында энергия тутыныўын азайтыў илажларын әмелге асырыў;
в) жеке меншик квартираларда қуяш фотоэлектрик станцияларын (орташа 2 кВт) ҳәм қуяш суў ысытқышларын (орташа 200 литр) орнатыў;
г) турмыслық тутыныўшылардың, сондай-ақ, юридикалық шахслардың стандарт емес газ-горелкалы қурылмаларын заманагөй ҳәм энергия нәтийжели газ-горелкалы қурылмаларға алмастырыў;
д) Қуяш фотоэлектрли станциялар ҳәм қуяш суў ысытыў қурылмалары менен үскенелеў усыныс етилетуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң административлик имаратлары және инфраструктура объектлери дизимин 3-қосымшаға муўапық тастыйықлаў.
- Өзбекстан Республикасының республика бюджети, Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қаржылары, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың өзлерине тийисли қаржылары, сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлериниң жеңилликли кредит ресурслары, сырт ел донорларының техникалық жәрдеми қаржылары (грантлары) комплексли бағдарламаның илажларын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Энергетика министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Комплексли бағдарламаны әмелге асырыўға кредит ресурсларын ҳәм техникалық жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў мақсетинде халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлери ҳәм сырт ел донорлары менен сөйлесиўлер алып барсын.
- Сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық 2020-жыл 1-январьдан төмендеги илажлар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан ҳәр жылы тастыйықланатуғын параметрлер шеңберинде қаржыландырылады:
а) физикалық шахсларға қуяш фотоэлектрли станциялар, қуяш суў ысытқышлары, сондай-ақ, энергия нәтийжели газ-горелкалы қурылмаларды сатып алыў қәрежетлериниң 30 проценти муғдарында, бирақ:
қуяш фотоэлектрли станциялар ушын — 3 миллион сумнан;
қуяш суў ысытқышлар ушын — 1,5 миллион сумнан;
газ-горелкалы қурылмалар ушын - 200 мың сумнан аспайтуғын муғдарда компенсациялар усыныў;
б) физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қайта тикленетуғын энергия дәреклери қурылмалары, энергия нәтийжели газ-горелкалы қурылмалар ҳәм қазанлар, сондай-ақ, энергия нәтийжели басқа үскенелерди сатып алыўға коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаўға төмендеги компенсацияларды усыныў:
физикалық шахсларға — 500 миллион сумнан аспайтуғын кредитлер бойынша — Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан артқан бөлегинде, бирақ, 8 процентли пункттен көп болмаған муғдарда;
юридикалық шахсларға — 5 миллиард сумнан аспайтуғын кредитлер бойынша — Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан артқан бөлегинде, бирақ, 5 процентли пункттен көп болмаған муғдарда;
в) энергия нәтийжели, энергияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм үскенелерге, сондай-ақ, оларды сынаў методларына байланыслы талапларды орнататуғын халықаралық стандартларды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Энергетика министрлиги еки ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў механизмин белгилесин.
- Ҳәр жылы:
15-сентябрьге шекем мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, сондай-ақ, энергия нәтийжелилиги ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша аймақлық комиссиялар келеси жылда қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмалары, энергия нәтийжели ҳәм энергияны үнемлейтуғын басқа да үскенелер менен тәмийинлениўи, сондай-ақ, ыссылықты қорғаўды жақсылаў бойынша жумысларды әмелге асырыў зәрүр болған объектлер дизими (кейинги орынларда — Дизим)не киргизиў ушын Энергетика министрлигине усыныслар киргизетуғыны;
1-октябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қурылыс министрлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў, сондай-ақ, қала ҳәм районлар кесиминде қаржыландырыўдың анық көлемлерин ҳәм дәреклерин көрсеткен ҳалда Дизимди қәлиплестиретуғыны;
15-октябрьге шекем Энергия нәтийжелилигин ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша республикалық комиссия Дизимди көрип шығатуғыны ҳәм тастыйықлайтуғыны;
Дизимде нәзерде тутылған финанслық қаржылардың көлеми Қаржы министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасының ҳәр жылы тастыйықланатуғын Мәмлекетлик бюджети параметрлерине киргизилетуғыны белгиленсин.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап:
а) жеке тәртиптеги турақ жай қурылысынан басқа барлық имаратлар ҳәм объектлерди орналастырыў, реконструкциялаў ҳәм қурыўда:
қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларына муўапық имаратлардың энергия нәтийжелилигин тәмийинлеў;
жойбар ҳүжжетлерин экспертизадан өткериўде қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларының талапларын есапқа алған ҳалда имаратлар ҳәм объектлердиң энергия нәтийжелилиги көрсеткишлери бөлимин усыныс етиў мәжбүрий тәртипте нәзерде тутылатуғынлығы;
б) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер өз балансындағы имаратлар ҳәм объектлерде жақтыландырыў системалары ушын светодиодлы дәреклерди өз ишине алған сенсорлы датчиклерди, энергия нәтийжели газ-горелкалы қурылмаларды орнатыўға мәжбүр екенлиги;
в) өним (үскенелер, товарлар) ҳәм технологиялардың энергия нәтийжелилиги дәрежесин ямаса техникалық көрсеткишлерин белгилеў оларды Өзбекстан Республикасының аккредитацияланған уйымлар тәрепинен сертификатластырыў мәжбүрий есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
Қурылыс министрлиги Энергетика министрлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-ноябрьге шекем:
жаңадан қурылып ҳәм реконструкцияланып атырған имаратлар және объектлердиң энергия нәтийжелилигине байланыслы талапларын түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде қала қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларын қайта көрип шықсын;
имаратлар ҳәм объектлердиң энергия нәтийжелилиги дәрежесин (А, Б, В ҳәм басқа дәрежелер) белгилеў бойынша нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- «Өзстандарт» агентлиги, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлигиниң 6-қосымшадағы дизим бойынша мәмлекетимиз кәрханаларында энергетика менеджментин басқарыў системасын халықаралық стандартқа (ISO 50001) муўапық 2019-жыл 1-декабрьден 2023-жыл 1-январьға шекем басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин, бул системада төмендегилер нәзерде тутылады:
энергия тутыныў нәтийжелилигин баҳалаўдың ашық-айдынлығы ҳәм қалыслығын, кәрханалардың энергияны жумсаў көлемин пәсейтиў, сондай-ақ, атмосфераға шығарып тасланатуғын шығындыларды азайтыў;
ресурсларды биринши гезекте финанслық қаржыларды минимал дәрежеде жумсап энергия тутыныўын басқарыў нәтийжелилигине ерисиў, кәрханалардағы активлердиң капиталласыў дәрежесин арттырыў;
ислеп шығарылып атырған өним, көрсетилип атырған хызметлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў.
- Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлиги жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
бир ай мүддетте энергия нәтийжели, энергияны үнемлейтуғын технология ҳәм үскенелерге болған талапларды орнатыўшы стандартластырыў бойынша әмелдеги нормативлик ҳүжжетлерди хатлаўдан өткерсин;
еки ай мүддетте 2019-2020-жыллар энергия нәтийжели, энергияны үнемлейтуғын технологиялар, үскенелер ҳәм оларды сынаў методларына байланыслы талаплар орнататуғын зәрүр халықаралық стандартларды қабыл етиў тармақ графигин тастыйықласын;
еки ай мүддетте 2020-жыл 1-августқа шекем энергия жумсайтуғын үскенелерди энергия нәтийжели ҳәм энергияны үнемлеў көрсеткишлерине муўапықлығын сынаўдан өткеретуғын заманагөй лабораторияларды шөлкемлестириў бойынша «Жол картасын» ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- 2019-жыл 1-сентябрьден баслап бурын пайдаланылған генератор үскенелери, күшлениўди төменлететуғын трансформаторлар, электр двигательлери, сондай-ақ, энергия нәтийжелилиги D категориядағы энергия жумсайтуғын үскенелерди Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў тастыйықласын.
Аймақлық электр тармақлары кәрханалары ушын электр техника үскенелери ҳәм қурылмаларын, сондай-ақ, комплектлеўши буйымлар ҳәм материалларды сатып алыў «Аймақлық электр тармақлары» АЖ тәрепинен орайластырылған тәртипте әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Энергия нәтийжелилигин ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша республикалық комиссияның (кейинги орынларда — Республикалық комиссия) жаңаланған қурамы 5-қосымшаға муўапық;
энергия нәтийжелилигин ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша аймақлық комиссиялардың үлги қурамы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Республикалық комиссия (А.Н.Арипов):
2019-жыл 15-октябрьге шекем энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жанылғы-энергетика дәреклерин үнемлеў көрсеткишлерин анықлаў методикасын тастыйықласын;
2019-жыл 20-октябрьге шекем келешекте энергия нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм жанылғы-энергетика дәреклерин үнемлеў мақсетинде энергияның жумсалыў көлеми үлкен болған кәрханалар кесиминде экономика тармақлары дизимин қәлиплестирсин;
2019-жыл 20-декабрьге шекем 2020-2022-жылларда кеминде 2,4 миллиард кВт/саат электр энергиясы, 2,4 миллиард метр куб тәбийғый газ ҳәм 20 мың тонна нефть өнимлерин үнемлеўди нәзерде тутатуғын экономика тармақлары бойынша энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жанылғы-энергетика дәреклерин үнемлеўдиң мақсетли көрсеткишлерин тастыйықласын;
зәрүр жағдайларда Комплексли бағдарлама параметрлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин;
усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестирсин ҳәм муўапықластырсын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Республикалық комиссия ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- а) Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги:
экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда энергия нәтийжелилигин арттырыўды тәмийинлеў, мүлкшилик түринен ҳәм уйымлық бойсыныўына қарамастан барлық категориядағы тутыныўшыларда энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша ўәкилликли уйым есапланатуғынлығы;
Өзбекстан Республикасында экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў тараўындағы жойбарларды муўапықластырыў ҳәм басқарыў, сондай-ақ, оларды әмелге асырыў ўақтында мониторинг ҳәм есап-санақларды жүргизиў ушын жуўапкер болған атқарыўшы уйым сыпатында қатнасатуғынлығы;
Республикалық комиссияның жумысшы уйымы есапланатуғынлығы;
Қайта тиклениўши энергия дәреклери бойынша халықаралық агентликте (IRENA) Өзбекстан Республикасының миллий муўапықластырыўшы уйымы есапланатуғынлығы;
б) қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары ҳәм бағдарламалары Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги менен келисилиўи шәрт екенлиги белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, экономиканың энергия жумсаў көлемин азайтыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, сондай-ақ, энергияны үнемлейтуғын алдынғы технологиялардың жедел енгизилиўин хошаметлеў;
энергия нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде, соның ишинде, илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў арқалы инвестициялық жойбарлар бойынша усыныслар ислеп шығыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде, экономика тармақлары шөлкемлериниң өндирис процесслерине заманагөй энергия нәтийжели ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялардың енгизилиўин хошаметлеў механизмлерин ислеп шығыў, сондай-ақ, энергия ресурсларын жумсаў нәтийжелилиги мониторингин әмелге асырыў;
халықаралық тәжирийбени есапқа алып ҳәм зәрүр болғанда сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда энергетика аудити тараўындағы қәнигелер ҳәм энергетика хызметлерин жеткерип бериўшилердиң қәнигелигин арттырыў ушын тренинглерди шөлкемлестириў;
энергия аудиторларының жумысын шөлкемлестириў тәртибин белгилеў, жанылғы-энергетика ресурсларының тутыныўшылары мәжбүрий энергетикалық тексериўден өткерилиўи ҳәм тийисли усыныслар орынланыўының мониторингин, сондай-ақ, энергия сервис компанияларының жумысы мониторингин әмелге асырыў;
уйымлық бойсыныўына ҳәм мүлкшилик түрине қарамастан юридикалық шахсларға жанылғы-энергетика ресурсларынан нәтийжесиз пайдаланғанлығы ушын экономикалық жаза илажларын қолланыў.
- Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң орайлық аппаратының структурасында Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда энергия нәтийжелилиги ҳәм энергияны үнемлеў бойынша департамент шөлкемлестирилсин.
Шөлкемлестирилип атырған бөлимди толықтырыў мақсетинде Энергетика министрлигине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын 10 басқарыў қәнигесинен ибарат қосымша штат бирликлери төмендегилердиң есабынан ажыратылсын:
2 бирлик — Энергетика министрлиги жанындағы Нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда — Өзнефтьгазинспекция) аймақлық бөлимлериниң тийисли штат санын қысқартыў есабынан;
3 бирлик — Энергетика министрлиги жанындағы Электр энергетикада қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда — Өзэнергоинспекция) аймақлық бөлимлериниң тийисли штат санын қысқартыў есабынан;
5 бирлик — Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының аймақлық бөлимлериниң тийисли штат санын қысқартыў есабынан.
- Энергетика министрлиги еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине Өзэнергоинспекция ҳәм Өзнефтьгазинспекцияның усынысларын орынламағаны, сондай-ақ, мәжбүрий энергетикалық тексериўлер ҳәм экспертизалар өткермегени ушын жуўапкершиликтиң белгилениўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм тармақ кәрханалары менен биргеликте 2020-жылдың ақырына шекем реактив қуўатлылықты тиклеўши қурылмалар (конденсатор батареялары), реле қорғаныўы микропроцессор блоклары, частоталы өзгерткишлер, бир тегис иске қосыў қурылмалары және энергияны үнемлейтуғын басқа да өнимлерди ислеп шығарыўды өзлестириў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги бир ҳәпте мүддетте қуяш суў ысытқышлары, энергия нәтийжели газ-горелкалы қурылмалар және энергияны үнемлейтуғын басқа да түрдеги үскенелердиң абзаллықларын, соның ишинде, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары, үскенелердиң баҳасы ҳәм тутыныўшылардың қаржыларының үнемлениўи ҳаққындағы мағлыўматларды адамлар арасына кеңнен жәриялаў бойынша медиа-режени тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Энергетика министрлиги еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 22-август.