Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:02:10, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎ РАЙОНЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘСЕЛЕСИ ДОДАЛАНДЫ

Кегейли районындағы 20-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  жаңадан шөлкемлестирилип атырған Бозатаў районын раўажландырыў мәселелери, бул бойынша алда турған ўазыйпаларға бағыш­ланған мәжилис болып өтти.

Илажда министрликлер менен уйымлардың, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мир­зиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, үлкен жойбарлардың орынланыўы менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 20-21-август күнлери республикамызға сапары ўақтында шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районын шөлкемлестириў бойынша басламасы халқымыз тәрепинен айрықша қуўаныш пенен күтип алынды.

Районда  бир посёлкалық, төрт аўыл пуқаралар жыйыны шөлкемлестириледи ҳәм оларда 21 мыңнан аслам халық жасайды. Бүгинги күни аймақта шарўашылыққа қәнигелестирилген 54 фермер хожалығы болып, оларда еки ярым мың бастан аслам  қарамал бағылмақта.

Келешекте аймақ тур­ғынларының жасаў шараятларын жақсылаў бойынша бир қатар жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Шарўа малларының бас саны арттырылып, гөш ҳәм сүт өнимлерин қайта ислейтуғын кәрханалар иске түсириледи. Соның менен бирге, район аймағынан мың адам жумыс ислейтуғын тоқымашылық комплексин  қурыў нәзерде тутылмақта.

Аймақ турғынлары елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамын жаңадан шөлкемлестирилетуғын район орайында ылайықлы күтип алады.

Илажда бул бағдарда әмелге асырылатуғын илажлар додаланып, тийисли ўазыйпалар белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF