Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:09:32, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕҢ  ИМКАНИЯТЛАРДАН  ПАЙДАЛАНЫП

Мәмлекетимизде жаслар сиясаты, яғный олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылған.

Яғный, Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарлары ҳаққындағы нызам, Президент ҳәм ҳүкимет қарарларында белгиленген.

Мине усындай ҳүжжетлердиң бири, 2018-жыл 27-июньде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаслар — келешегимиз»  мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы  Пәрманы есапланады.    

Бул Пәрманның қабыл етилиўиниң тийкарғы мақсети — орынларда жаслардың социал-экономикалық белсендилигин арттырыў, оларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў, жас исбилерменлердиң идеялары ҳәм жойбарларын жүзеге шығарыўға, сондай-ақ, усы тийкарда жаслар бәнтлигин тәми­йинлеўге тосқынлық етип атыр­ған сис­темалы маш­қалаларды сапластырыўдан, яғный, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, мәмлекеттиң мүнәсип келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алатуғын бәркамал, мақсетке умтылыўшаң жасларды тәр­бия­лаўдан ибарат.

Мәмлекетлик бағдарламада усы мақсетке ерисиў ушын бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген. Атап айтқанда:

-жаслардың бизнес басламалары, стартаплары, идеялары ҳәм жойбарларын әмелге асырыў ушын коммер­циялық банклер арқалы жыллық 7 процент ставка менен жеңилликли кредит ҳәм мал-мүлкти лизингке бериўf

-мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде алынатуғын кредитлер бойынша кредит көлеминиң 50 процентинен көп болмаған муғдарда кепиллик бериўf

-мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылатуғын исбилерменлик жойбарларында олардың баҳасының 50 процентинен көп болмаған муғдарда қатнасыў, соңынан Фонд үлесин 5 жыл даўамында реализация етиў;

-тийисли көнликпелерге ийе, бәнт болмаған жаслар жасайтуғын үй хожалықлары ушын 20 данаға шекем қусшылық ҳәм қоян баласы, 5 майда ҳәм 2 ири қарамал сатып алыў, олардың баҳасын келисилген мүддетлерде қайтарған ҳалда оларды бағыў ҳәм соңынан реализация етиўге көмеклесиў;

-жасларды қайта таярлаўды ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлес­тириў, мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў, сондай-ақ, оларға бизнес жүритиў көнликпелерин сиңдириўден ибарат.

2018-жыл 1-июльден баслап республиканың барлық район (қала)ларында  «Жаслар — келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы әмелге асырылыўы белгиленди.

Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтканда, 2018-жылдың июль айы даўамында барлық район (қала)ларда ҳәр қыйлы тараў қәнигелеринен ибарат болған 87 киши топарлар дүзилип, 313406 шаңараққа үйме-үй кирилген, 482302 жас ортасында сораўнамалар өткерилген.

Үйрениў нәтийжесинде жасларды қыйнап атырған машқалалар анықланып, ҳәр бир район (қала) кесиминде «Жол карталары» ислеп шығылған.

Ҳәзирги күнге шекем бағдарлама шеңберинде 12 район ҳәм қалада
22 «Жаслар мийнет гүзары» комплексин қурыў ушын имарат ҳәм жер майданлары ажратылып, басламашы жас исбилерменлер тартылған.

Сондай-ақ, жас исбилерменлерге көмеклесиў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында «Жас исбилермен» коворкинг орайларында қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде Елликқала, Хожели, Мойнақ ҳәм Беруний районларында  «Жаслар мийнет гүзары» комплекси иске түсирилип, жәми 37 жастың бәнтлиги тәмийинленди. 260 жасқа бос жер орынлары ҳәм де 8 жасқа пайдаланылмай турған бос имаратлар ажратып берилди.

2019-жылда Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 150 млрд. 290 млн. 600 мың сумлық 550 жаслар бизнес жойбарларының мәнзилли дизими қәлиплестирилген. Бул жойбарлар әмелге асырылыўы нәтийжесинде 3625 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген.

Ҳәзирги күнге келип 19 млрд. 723 млн. 100 мың сумлық 81 жойбар қаржыландырылған болып, 324 жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Жаслардың, әсиресе бәнт болмаған жаслардың бизнес жүргизиў көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде Жаслар аўқамы аймақлық ҳәм жергиликли Кеңеслери  жанында «Жас исбилерменлер бизнес клуб»лары шөлкемлестирилген.

Жуўмақлап айтқанда, жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында қабыл етилген нызам ҳүжжетлери жаслар ушын үлкен имканиятлар есигин ашып бермекте.

Н.Қутлымуратова,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый

үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң жетекши мәсләҳәтшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF