Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:25:12, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӨРЕШИЛИК  СУДЛАРЫ  ҲӘМ  МЕДИАЦИЯНЫҢ  РОЛИ

Жақында Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм  АҚШ халықаралық раўажланыў  агентлиги менен биргеликте «Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда төрешилик судлары ҳәм медиацияның роли» атамасында илимий-әмелий семинар болып өтти.

Оған Саўда-санаат палатасы жанындағы төрешилик судлары, пуқаралық ислери бойынша ҳәм экономикалық судлары судьялары, исбилерменлер, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнас­ты.

Илажды Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Қ.Әзербаев  кирис сөз бенен ашты ҳәм қатнасыўшыларды Јәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы менен қутлықлап, семинардың жоқары дәрежеде өтиўине табыслар тиледи.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы жанындағы Төрешилик судының баслығы, юридика илимлериниң докторы Ф.Отаханов, Пуқаралар басламаларын қоллап-қуўатлаў орайының аймақлық мәселелер бойынша мәсләҳәтшиси, юридика илимлериниң кандидати Д.Якубова, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы Төрешилик суды баслығы Р.Айбергенов ҳәм басқалар сөзге шығып, «Төрешилик судлар ҳаққында» ҳәм «Медиация ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамларының мазмун-әҳмийетине ҳәм даў-жәнжеллерди шешиўде төрешилик судының өзине тән өзгешеликлери ҳәм абзаллықлары, сондай-ақ,  медиацияның жәмийетте тутқан орны ҳаққында айрықша тоқтап өтти.

Турмыста түрли инсанлар арасында даў-жәнжеллер пайда болыўы тәбийғый. Бундай мәселелерди шешиўде суд уйымлары ямаса альтернатив усыллар арқалы шешилиўи талап етиледи. Бундай жағдайларда альтернатив жол арқалы шешимин табыўда Төрешилик судлары айрықша әҳмийетке ийе болып табылады. Төрешилик судлары пуқаралардың ҳуқықый мүнәсибетлеринен келип шығатуғын даў-жәнжеллердиң нызамлы жол менен шешилиўине жәрдем береди. Мысалы ушын, исбилерменлик субъектлери арасында келип шығатуғын экономикалық даўларды тәреплердиң келисими ар­қалы тәртипке салады.

Төрешилик судының абзаллықлары, тәреплердиң судьяны еркин таңлап алыў имканияты бар екенлиги, қысқа ўақыт ишинде мәселениң шешим табыўы, судқа төленетуғын төлем муғдарының азлығы, суд процесиндеги жумыслар сыр тутылатуғынлығы, даўларды шешиўде тәреплердиң келисимине муўапық белгилениўи менен айрықшаланып турады.  

Ал, медиация ­ тәреплерден келип шыққан даўды өз-ара келисим жолы ямаса оларды жарастырыўға хызмет етиўши механизм болып табылады. Медиация субъектлер тәрепинен келип шыққан мәселени судқа шекем жетип бармай өз шешимин табыўына ҳәрекет етеди. Бул жумысларды ҳәрекетке келтириўши шахс медиатор есапланады. Әпиўайы етип айтатуғын болсақ, шаңарақта ерли-зайыплылар арасында түсинбеўшиликлер пайда болса, оларды жарастырыўшы тәреп медиатор ўазыйпасын атқаратуғынлығы бо­йынша да түсиник берилди.

Пикирлесиў тәризинде болып өткен илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

А.Юсупов.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF