Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:48:26, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕЎИЛЛЕРГЕ ҚУЎАНЫШ БАҒЫШЛАДЫ

Ең уллы, ең әзиз сәне болған Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамын мүнәсип күтип алыў мақсетинде республикамыздың барлық орынларында мәдений илажлар шөлкемлестирилмекте.

Өткен пийшемби күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының қатнасында байрам илажы өткерилди.

Онда Ташкент мәмлекетлик юридика университетиниң профессоры М.Боротов, «Ўзбекистон адабиёти ва санъати» газетасы бас редакторының орынбасары Б.Ҳайдаров, Өзбекстан Миллий академиялық драма театры актёры С.Атажанов ҳәм басқалар сөзге шығып, жыйналғанларды Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы менен қутлықлады. Сондай-ақ, елимизде Қураллы Күшлер  тараўында жүргизилип атырған кең көлемли жумыс­ларға айрықша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүкиметимиз тәрепинен әскерий тараў хызметкерлерине айрықша итибар қаратылып, олардың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде жеңиллетилген кредитлер есабынан турақ жай ҳәм автокредитлер берилмекте. Сондай-ақ, 2018-жыл 14-майда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген  «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында усы тараўда жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң перзентлери ушын республика жоқары оқыў орынларына улыўма белгиленген қабыллаў көрсеткишлери квотасынан тысқары 5 процент мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў квотасы ажыратылды. Усы ажыратылған бес проценттиң үштен бир бөлеги Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлериниң перзентлери ушын  белгиленген болып, өткен жылы 250ге жақын әскерий хызметкерлердиң перзентлери жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. Буннан тыс­қары, қарарда 2018-2019-оқыў жылынан баслап әскерий хызметти өтеўде қайтыс болған, сондай-ақ, әскерий хызметти өтеўде жарадар бол­ған, контузия, жарақат алыў нәтийжесинде майып болып қалған ямаса кеселликлерге дуўшар болған әскерий хызметкерлердиң перзентлери жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат бағдарына мәмлекетлик грант тийкарында таңлаўсыз қабыл етилиўи белгиленген. Әлбетте, бул илажлардың барлығы Қураллы Күшлер қатарындағы әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына көрсетилип атырған ғам­қорлық ҳәм итибардың айқын көриниси болып табылады.

 Сондай-ақ, илажда тараўда айрықша белсендилик көрсеткен бир қатар әскерлерге байрам саўғалары тапсырылды. Илаж көркем-өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды. 

 

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

 СҮЎРЕТТЕ: байрам

илажынан көринис.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың

түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF