КИТАП ОҚЫЎ МӘДЕНИЯТЫ РАЎАЖЛАНБАҚТА
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев 2019-жыл 19-март күнги кеңейттирилген мәжилисте сиясий, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы жумысларды жаңаша система тийкарында жолға қойыў бойынша 5 баслы ўазыйпаны белгилеп берди.
Усылардан келип шығып, жаслар мәнаўиятын байытыў, олардың арасында китапқумарлықты кең түрде ен жайдырыўға қаратылған илажларды системалы тәризде әмелге асырыў бойынша төртинши баслама жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў көзде тутылған.
Китап инсан саналы өмириниң руўхый дүньясының бас бағдарынан бири. Көплеген данышпанлар китап ҳәм оның пайдасы ҳаққында көп пикирлер қалдырған. Раўажланған мәмлекетлерде китапқумарлық пән дәрежесине көтерилген. Китапқумарлық дегенде, тек китапты үгит-нәсиятлаў ғана емес, ал, сол китап оқыўды, оқылатуғын китапты таңлай билиўди, мазмунын, тийкарын түсинип жетиўди, жуўмақ шығарыўды ҳәм китап жәрдеминде өзлигин аңлаўды үйретиў болып есапланады деген пикирди алға сүреди.
Бүгинги күни Мәлимлеме-ресурс орайлары өз китап қорларында бар болған әдебиятларды үгит-нәсиятлаў ҳәм жаслар арасында китап оқыў мәдениятын раўажландырыў бойынша түрли илажлар, жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў кешелери, жаңа әдебиятлар бойынша иллюстратив, виртуал китап көргизбелер, викторина, видеоролик презентациялары, мультимедиа сабақлары, китап байрамлары, бир қанша таңлаўлар өткериў арқалы жаслардың руўхый дүньясын байытыўда үлкен үлес қосып келмекте.
Усы жылдың январь-май айларында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының улыўма орта билим бериў мәкемелеринде социал-руўхый орталықты және де саламатластырыў мақсетинде «Мен усы Ўатан перзентимен» сүрени астында түрли руўхый-ағартыўшылық илажларын өткериў бойынша үлги «Жол картасы» ислеп шығылды. Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша барлық орта билим бериў мәкемелериниң оқытыўшылары арасында «Китапқумар оқытыўшы» таңлаўы басқышы өткерилди. Бул таңлаўда Нөкис қаласының 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Д.Уразалиева биринши орынды ийеледи.
Оқыўшылар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, олардың қәлбинде Ўатансүйиўшилик, инсаныйлық сыяқлы жоқары пазыйлетлерге болған меҳир оятыў ҳәм де мәлимлеме алыў мәдениятын қәлиплестириў мақсетинде улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында «Китапқумарлар байрамы» шеңберинде «Ең жақсы китапқумар оқыўшы» таңлаўы республика көлеминде өткерилди. Бул таңлаўда Қоңырат районы ХББне қараслы 57-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 7-класс оқыўшысы Нуршода Қәдирбергенова жеңимпаз болды.
Оқыўшы-жаслар арасында миллий ҳәм жәҳән әдебиятларын турақлы түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде февраль-май айларында көркем әдебиятларды оқыў ҳәм олардың китап оқыў мәдениятын асырыў ушын класс басшылары, ана-тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери, китапханашылар ҳәм жаслар жетекшилери қатнасыўында «Китап ҳәптелиги» илажлары шөлкемлестирилди. Ҳәптелик даўамында оқыўшыларға республика Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен усынылған әдебиятлар бойынша китап презентациялары, сәўбетлесиў кешелери, жаңа әдебиятлар бойынша шолыўлар ҳәм китап оқыў мәдениятын қәлиплестириў бойынша шынығыўлар алып барылды.
Республикамыздың улыўма орта билим бериў мәкемелеринде мектеп оқыўшылары арасында көркем әдебиятқа болған қызығыўшылығын және де арттырыў, оларда кексе әўлад ўәкиллерине болған ҳүрмет сезимлерин қәлиплестириў, китап оқыў ҳәм китап оқыў мәдениятын арттырыў барысында үгит-нәсиятлаў жумысларын нәтийжели ҳәм системалы шөлкемлестириў мақсетинде «Мен сүйген әдебий қаҳарман» атамасында төрт басқышлы шығармалар таңлаўының III басқышы өткерилди. Шығармалар таңлаўында биринши орынды класслар кесиминде Әмиўдәрья районы ХББне қараслы 11-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы Ф.Шамурадова, Нөкис қаласы 28-санлы мектептен 9-класс оқыўшысы А.Абдрасулиева, 42-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы М.Орынбаевалар биринши орынды ийелеп, Өзбекстан көлеминде болып өтетуғын басқышқа жоллама алды. Билимлендириў системасында «Book challenge» акциясы өткерилди. Усы жылдың май айының ақырына шекем республикамыздан басшы хызметкерлер тәрепинен өзлери оқыған улыўма орта билим бериў мектеплерине 30 мыңнан артық китаплар саўға етилди.
Сондай-ақ, «Урганч китоб маркази» тәрепинен «Ең китапқумар мектеп» жойбары тийкарында республикамыздың барлық район ҳәм қалаларында жаңадан баспадан шыққан әдебиятлардың саўда ярмаркалары шөлкемлестирилди. Бул ярмаркаға Нөкис қаласы халық билимлендириў бөлимине қараслы 48 улыўма орта билим бериў мектеплери белсене қатнасып, «l миллион»лық сертификатты 37-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жеңип алыўға миясар болды.
Ҳәзирги күнлери «Ең китапқумар мектеп» жойбары барлық мектеплерде даўам етпекте. Сондай-ақ, усы жылдың март айында Республикалық Балалар китапханасы тәрепинен 30 атамада 5l0 дана көркем әдебиятлар ҳәм 40 атамада l360 дана өзбек классик ҳәм жәҳән әдебиятларының аудио (CD диск) китап тәризиндеги вариантлары саўға тәризинде районлық (қала) Мәлимлеме-ресурс орайларына тарқатылды.
Май-июнь айларында улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында көркем әдебиятқа болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде «Жылдың ең жас шайыры», «Жас китапқумарлар» ҳәм де «Ең жақсы китапқумар мектеп» атлы таңлаўлар өткерилди. Бул таңлаўларда Тахтакөпир, Төрткүл, Шоманай, Кегейли, Мойнақ, Елликқала, Хожели районларының мектеп оқыўшылары сыйлы орынларды жеңип алыўға миясар болды. Бундай илажлар еле даўам етеди.
З.РАМБЕРГЕНОВА,
Республикалық Мәлимлеме-ресурс орайының бөлим баслығы.