Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:57:04, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚ ЖЫРАЎЛАР  ИНСТИТУТЫ

Президентимиз Шавкат Мир­зиёев халқымыздың руўхый байлығына, ески мәдениятына итибар қаратып, усындай байлығымыз бенен дүнья халықларын таң қалдыратуғын дереклерди излеп, әсиресе, олардың миллий байлығымызға қызығыўы ушын туризмге айрықша кеўил бөлип отыр.

Усы жыл 5-10-апрель күнлери Термиз қаласында болып өткен «Дүнья цивилизациясында бақсышылық көркем өнериниң орны» атлы бақсылардың биринши фестивалы ҳәм халықаралық илимий-әмелий конференция буның дәлили. Конференция күнлери ески халық өнери болған бақсылар менен жыраўлар дөретиўшилигине деген қызығыўшылықтың күшли екенлигин көрдик. Бул фестиваль бизиң бай мийрасымызды өмирге қайта алып келди, жаңартты, оның жоғалып кетпеўиниң илажларын ислеп берди.

В.Савицкий атындағы Көркем өнер музейи дүньяға белгили музейлердиң қатарына шықты. Бул бизиң ушын мақтаныш. Демек, руўхый мәденияты бай, талантлы халық екенбиз. Қарақалпақларда және бир дүньяны таң қалдыра алатуғын байлығы ­ ол жыраўлар атқарыўшылығы деп айтсам қәтелеспеймен.

Мен 2014-жылы қазақ халқының жыршысы Мурын жыраўдың 100 жыллығына арналған халықаралық илимий конференцияға қатнастым. Бул түрки халықлары жыраўларының, жыршыларының жарысы бол­ғанлықтан қарақалпақ жыраўларына да мирәтнама болды. Бул конференцияға Бақберген Сырымбетов қатнасты. Конференцияға Татарстаннан, Башқуртстаннан, ноғайдан, Қазақстанның барлық аймағынан жыраўлар қатнасты. Солардың ишинде тамақты қырып, гүркиреген даўысы менен Бақберген нама атқарған ўақытта залдағы адамлар силтидей тынып қалды. Оның ат­қарыўы ҳәмме де қызығыўшылық оятты. Илимпазлар сахнаның алдына барып Бақбергенди видеоға түсирип атырғанын көргенимде, мен толып-тасып қуўанып кеттим. Демек, басқалардың дыққатын бөлетуғын, биз мақтана алатуғын байлығымыз ­ жыраўларымыз бар! Қарақалпақ жыраўлары ҳаққында елиўден аслам халықаралық илимий конферен­цияларда баянат жасадым, еки жүзге жақын мақалалар жәриялап, оларды мақтаныш етип дүньяға таныстырып киятырман.

Қарақалпақлар шарўашылық пенен шуғылланған халық. Бизиң ата-бабаларымыз мал жайлаўына қолайлы жер излеп, көп аймақты айланған. Шарўаның жасайтуғын ақ отаўы, оның руўхый байлығы дәстаны менен оны атқарыўшы жыраўы. Жыраў бизиң ата-бабамыздың барлық көркем-эстетикалық дүньясын өзинде сақлап, әсирден-әсирге жеткизген, шәкирт таярлаған, жыраўшылықтың теориясын, тарийхын дөреткен, методикасын қәлиплестирген талант ийелери. Қарақалпақ жыраўларының мектеби, профес­сио­наллығы, шәкирт таярлаў дәстүри ­ булардың барлығы жыраўлардың қәлиплескен институтының болғанлығын дәлиллейди.

Совет ҳүкимети жыраўлар институтын тарқатты. Жыраўларды, дәстанларды қуўдалады. Халқымыздың бийбаҳа ғәзийнеси болған, неше әсирлер бойы билим бериўдиң, театрдың, китапхананың Илимлер Академиясының, мәденияттың хызметин атқарып келген жыраўлар ХХ әсирдиң жигирмаланшы жылларына келгенде шәкирт таярлаўдан, халықтың алдына шығып жырлаўдан қол үзди, тек ҳәўескер жыраўлардың жыраў жолы менен атқарғаны болмаса, жыраўлар институты жоғалды.

1997-жылы Нөкисте «Қарақалпақ халық дәстаны «Қырық қыз» ҳәм түркий халықлар фольклорын изерт­леў мәселелери» атамасында халық­аралық илимий конференция болып өтти. Сол конференцияның резолюциясында «ҳәр еки жылда бир мәрте жыраўлар фес­тивалын өткериў, жыраўлардың атқарыў шеберлигин үйрениў, балалар бақшасынан баслап институтта жыраўлар дөретиўшилигине арналған сабақлар өтиў, дәстанлардың ноталарын шығарыў» деп көрсетилген еди. Конферен­цияның усы резолюциясын жаңарт­қанда жақсы болар еди, деген ой келеди.

Қырғызлар «Манас» дәстанының атын халықаралық университетине қойыпты, бир неше көше, мектеп қойылған. «Манас» халықаралық аэропорты бар, «Манас»ты жырлаған жыршыларын Қырғызстан ҳүкимети хошаметлеп, оларға стипендия шөлкемлестирген. Қытайда «Манас»ты үйрениў бойынша илимий-изертлеў орайы және «Манас» музейи бар. Булардың бәри халықтың миллий байлығы ­ дәстанға деген ҳүрмет.

«Еркин Қарақалпақстан» газетасында жәрияланған «Әййемги цивилизациядан қалған байлық» атлы мақалада қарақалпақ жыраўының тамақты қырып гүркиреген даўысы менен дәстан атқарыўы цивилизациядан қалған естелик деген пикирди билдирген едим. Әййемги греклер мраморды пайдаланғаны себепли олар салған театрлар бизге жетти, ал, бизиң жыраўымыз жырлаған музыка сес болғанлығы себепли жоғалып кетти, бирақ, сол дәўирден бизге жеткени жыраўдың тамақты қырып айтқан гүркиреген даўысы менен атқарыўы. Әййемги греклер «Илиада», «Одиссея» эпосын қалай атқарды, буны илим айта алмайды, тек оны аэдлар лира, кифара, форминга сыяқлы музыкалық әсбапты пайдаланғанын, аэдлардың халық арасында гезип жүрип атқарғанын ғана айтады. Ал, олар қандай музыканы пайдаланды, оны қалай атқарды, отырып яки түргелип турып, я амфитеатрда атқарды ма, я далада көпшилик жыйналған жерде ме, тойда ма, бул жөнинде анық мағлыўмат жоқ.

Бизиң жыраўларымыз сол әййемги дәўирден қалған музыкасы, ат­қарыў манерасын, қалай атқарғанын, саз әсбапты қалай пайдаланғанын бузбастан сол турысында усы дәўирге жеткизди.

Тамақты қырып гүркиреген даўыс пенен жырлайтуғын халықлар көп. Сибирьдеги түрки халықларында бул өз алдына дәстүр. Хакаслар «Хоомей» деген үлкен жәми­йетлик шөлкем дүзип, мәмлекет оны қаржыландырып отыр. Олар ҳәр жылы өз алдына хоомейшилердиң жарысын өткереди. Хоомей ­ тамақты қырып гүркиреген даўыс пенен айтыў деген сөз. Бизде «комей», комекей деген сөз бар, яғный, тамақта турған сөз, «комейиңдеги сөзиңди айт» десе, айта алмай тур­ған сөзиңди айт дегени. Тамақты қырып айтыўдың өзи ең әййемги дәстүр, бул өз алдына традиция. Усы дәстүрди бизиң жыраўлар жоғалтпай бизге алып келди. Енди биз жыраўдың тамақты қырып айтқан дәстүрине бийпәрўа қарамаўымыз керек, оны жоғалтып алсақ халқымыздың бизге жеткизген миллий байлығынан айырылған боламыз.

Қарақалпақ жыраўы дүнья халықларында аналогиясы жоқ халық жыршысы, әсирлер бойы халықтың барлық көркем сөзге, музыкаға бол­ған талантын өзине жыйнаған, халық мәдениятын бизге жеткизген талант ийеси. Гүркиреген даўысқа сай қобызы бар. Бул қобыз жәҳәнди шарлаған даўысқа ылайықласқан. Оның да даўысы бәлент, жоқары лапыздан алынады. Жыраў басқа саз әсбабында атқармайды, тек бир ғана қобызда атқарады. Қобызда жийде, я ерик ағашын, суўқабақтан, аттың жалынан, аттың я түйениң маңлай терисинен пайдаланады, онда я темир, я мыс пайдаланылмайды. Булардың бәри адам баласының әййемги дәўирде ойлап тапқан саз әсбабы екенин көрсетеди.

Жыраў ­ бул аўызеки жыршы. Қарақалпақларда бир дәстан l0 000нан баслап 25000 қатардан турады. Оны жырлағанда ядлап дәл айт­пайды, өзиниң дөретиўшилигинен қосады. Бул жағынан импровизатор. Яғный, тез ядлаўдың, тез тапқырлықтың, терең ой, терең ақыл және билимниң ийеси. Бунда ақыл менен тилдиң гимнастикасы ҳүкимлик етеди.

Жыраў халыққа күшли тәсир ете алады, оның жырлаўы адамның ишки дүньясындағы унамсыз, өзин қыйнап атырған мәселениң шешимин табады, тазаланады, руўхый күш алады, алға үмит пенен қарап, келешегине исеним алады.

Неге жыраў гүркиреген даўысы менен тамақтан қырып жырлаған! Жыраўдың гүркиреген даўысы адамның санасын оятады, руўхландырады, жаман иллетлерди қуўады, ол адамды емлейди. Неге порханлар бақырып әрўақларды шақырып зикир салған! Бундай даўыс нерви аўырған адамларды силкиндирген, олардың санасын оятқан.

Қарақалпақларда жыраўлар бир дәстанды 40-50 нама менен атқар­ған. Ал, барлық қарақалпақ жыраў намаларын есаплап шыққанымда, оның саны l50ге жақын болды. Буған қосымша ҳәр бир намалардың бирқанша онлаған вариантлары бол­ған. Мысалы, «Ылғал» намасының оннан аслам вариантлары бар. Дүньяда дәстанды усыншама көп нама менен атқарған тек ғана қарақалпақлар. Бул жағынан олар дүньяға мақтаныўына ҳақысы бар.

Қарақалпақлар музыканы жақсы көретуғын халық. Бурын қарақалпақтың отаўының төринде илиўли аламойнақ дуўтары болған. Ол дәўирде театр, радио жоқ, халықтың жал­ғыз мәдений дем алатуғын жери бақсы, жыраў айттырыў бол­ған. Жыраў, бақсыны арнаўлы түрде, тойларда, халық жыйналған жерде айттыратуғын болған. Сонлықтан, музыка тыңлаўға жаны қумар қарақалпақлар үйинде дуўтарды сақлаған. Қарақалпақтың ҳәр бир жигити ушын дуўтар шертип қосық айтыў дәстүри сақланған. Жигитлер қыдырып келгенде оларға шай берип болған соң төрдеги дуўтарды алдына қойған, сол дуўтарды шертип қосық айта алмаған жигитти мереке көрмеген, мәдениятсыз деп айыплаған. Жаслар усылай отырған жерин мереке етип, саз-сәўбет пенен ўақтын хошлаған. Соның ушын Н.ДәўқараевF «Қарақалпақ халық шайырларының барлығы дерлик қосықшылар, өзлериниң қосықларын, басқа шайырлардың, халық қосықларын саз даўысқа салып атқарыўшылар» деп баҳа береди.

Ал, қобызды сақлаў дәстүри бас­қаша, ол тек ғана жыраўлардың қолында болған, жыраўлар болса арнаўлы таярлықтан өткен, белгили жыраўлардың қолында тәрбияланып, оннан үйренип, устаздың пәтиясын алған адамлар ғана жыраў бола ал­ған. Устаз шәкирти толық оның репертуарын үйренип болған соң өз алдына жыраўшылық етиўге рухсат етип пәтия берген, өзи шәкиртине қобыз соқтырып берип жыраў болыўдың үлкен жолына сал­ған.

Жыраўшылықты жоғалтыўға бизиң ҳақымыз жоқ. Концертлерде атқарылған бир нама менен жыраўшылықты сақлап қала аламыз ба! Жоқ, әлбетте! Жыраў репертуарын толық нотаға түсириў, жыраўлардың шәкирт таярлаў мектебин тиклеў, жыраўлар жарысын, намаларының фестивалын, жыраў дөретиўшилигине арналған илимий әнжуманлар өткериў арқалы бул байлықты сақлап қаламыз. Дәстанларды жырлаўшылардың таңлаўы, мысалы, «Қырық қыз», «Алпамыс» дәстанларын ядтан атқарыўшылардың, жыраў намаларының таңлаўлары, халқымыздың басқа да миллий байлығын пайдаланыўдың түрли жолларын излеўимиз керек!

С.БАҲАДЫРОВА,

филология илимлериниң докторы, профессор.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF