САЙЛАЎ КОДЕКСИНЕ КИРГИЗИЛГЕН ӨЗГЕРИСЛЕР
Быйыл сиясий партиялар ушын үлкен жуўапкершиликли жыл. Себеби, усы жылдың декабрь айында елимизде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, сондай-ақ, Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслерине сайлаўлар өткериледи.
Еркин, ашық сайлаў системасы ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийеттиң тийкарғы белгилеринен саналады. Ҳәр бир пуқараның сайлаў ҳәм сайлаўға қатнасыўы ең тийкарғы сиясий ҳуқықларынан болып, олар бул арқалы мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында тиккелей қатнаса алады.
Пуқаралардың сайлаў ҳуқықын тәмийинлеў, оның ҳуқықый тийкарларын беккемлеў Өзбекстан раўажланыўының нәўбеттеги басқышында әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында қаралып, Президентимиз тәрепинен 2017-жыл 22-декабрьдеги Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында Өзбекстан Республикасының Сайлаў Кодексин ислеп шығыў ўазыйпасына тоқтап өткен еди. Өткен дәўир ишинде Сайлаў Кодекси жойбарын ҳәр тәреплеме беккемлеў бағдарында қызғын пикир таласлар ҳәм де усыныслар болды.
Ҳақыйқатында да, ҳәр бир истиң негизи беккем болса, өз-өзинен күткен нәтийжени көриўимизге болады. Бунда Президентимиз айтқанындай, сайлаў дәўиринде бәримиздиң, ең дәслеп көзқарасымыз, сиясий ҳәм ҳуқықый мәдениятымыз, пуқаралық позициямыз және бир мәрте жүзеге шығады.
Тийкарынан Сайлаў Кодекси жойбары үстинде ислеў дәўиринде жигирмадан аслам сырт мәмлекеттиң усы бағдардағы әмелий тәжирийбеси пуқта үйренилди. Соның менен бирге, жойбар ушын жәмәәтшилик экспертлер, илимий орай әмелиятшылары, қәнигелер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жуўмақлаўшы пикирлери де алынды. Нәтийжеде 18 бап, 100 статьядан ибарат Сайлаў Кодекси қабыл етилди.
Бул сайлаў Кодексинде үлкен сиясий қәўпи болмаған жынаятлар ҳәм онша аўыр болмаған жынаят ислегенлер ушын қамақ орынларында сақланып атырған шахслардың сайлаўларда қатнасыўы ушын шеклеўлер алып тасланды. Сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслерине талабан көрсетиў тәртиби бийкар етилди. Талабанларды тек ғана сиясий партиялар ғана усыныс етиў ҳуқықына ийе. Соның менен бир қатарда, сайлаў комиссиялары қурамын ислеп шығыўда да бир қатар өзгерислер енгизилди.
Бир сөз бенен айтқанда, қабыл етилген Сайлаў Кодексине киргизилген жаңа нормалар демократиялық принцип ҳәм халықаралық қағыйдаларға муўапық болып, заман талабына сай болған жаңа сайлаў системасын жаратты, деп толық айта аламыз.
Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы да өткен жыллар даўамында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислердиң белсене қатнасыўшысына айланып, нәўбеттеги сайлаўға қатнасыўға таярлық жумыслары баслап жиберилди.
Гүлнара РАХМАНОВА.
Тахтакөпир районы.