Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:11:34, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЎАТАНЫМА ХЫЗМЕТ ЕТЕМЕН»

Елимизде жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде тәрбиясы аўыр, жынаятшылыққа ме­йиллиги болған, ишки ислер уйымларында профилактикалық есапта турған, Президентимиз тәрепинен кеширим берилген ҳәм Жаслар аўқамы кепиллиги тийкарында суд залынан қамақ пенен байланыслы болмаған жаза түрин тәмийинлеў арқалы азат етилген ержетпегенлер ҳәм жаслар менен айрықша шуғылланыў ар­қалы олардың жәмийетке араласыўын тәмийинлеў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Жақында Өзбекстан Қураллы Күшлерине көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Қарақалпақстан Кеңеси, ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да ти­йисли шөлкемлер тәрепинен Нөкис қаласындағы «Жас әўлад» балалар жазғы дем алыў орайында дем алып атырған, қала ҳәм районлардың ишки ислер бөлимлеринде профилактикалық есапта турыўшы жас өспиримлер арасында «Ўатаныма хызмет етемен» сүрени астында ҳаўа мылтығынан оқ атыў жарысы шөлкем­лестирилди. 

Онда «Ватанпарвар» шөлкеми Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының руўхый-ағартыўшылық ислери бо­йынша орынбасары М.Шамуратов, ҚРИИМ ҲПБ бөлимше баслығы А.Сержанов, Хожели спорт техникалық клубы баслығының орынбасары П.Асаматдиновлар сөзге шығып, жыйналғанларды Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы менен қутлықлады. Сондай-ақ, жас өспиримлердиң тәлим-тәрбиясы бойынша да тоқтап, бул жердеги дем алып атырған жас өспирим балаларды буннан былай ҳуқықбузарлықларға жол қоймай, жаңа оқыў жылында жақсы баҳаларға оқып, спорт пенен турақлы шуғылланыўға шақырды.

Соңынан шөлкемниң Нөкис қалалық оқыў спорт техникалық клубы оқытыўшысы Н.Байжанов жол ҳәрекети қағыйдасына әмел етиў бойынша көргизбели шынығыў өткерди.

Буннан соң спорттың техникалық ҳәм әмелий түри болған ҳаўа мылтығынан оқ атыў жарысына нәўбет берилди. Онда  қатнасыўшылар пневматикалық мылтық жәрдеминде 10 метрлик нышанды атып, көрсеткен нәтийжелери бойынша жеңимпазлар анықланды. 

Әлбетте, бул өткерилген спорт жарысы жас өспиримлерди ҳәр тәреплеме кәмил, Ўатанға садық инсанлар болып, әскерий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли болып табылады.

Илаж соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF