Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:28:10, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТИМИЗ ҒАЗНАСЫН БАЙЫТЫЎ ЖОЛЫНДА

 Елимиздиң арқа-шығыс дәрўазасы саналған, шегара алды «Қарақалпақстан» посёлкасына барсаңыз, абадан турмыс, қайнаған мийнеттиң гүўасы боласыз.

Биз посёлкада жайласқан шегара алды «Қарақалпақстан» бажыхана посты баслығының орынбасары, бажыхана хызмети майоры Рахат Минажович Бекмурзаев пенен ушырасып, өзимизди қызықтырған бирқанша сораўларға жуўаплар алдық.

­

Рахат Минажович, «Қарақалпақстан» шегара алды темир жол постындағы бүгинги күнде исленип атырған жумыслар ҳаққында сөз етсеңиз...

­ Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана бас­қармасының  шегара алды «Қарақалпақстан» темир жол бажыхана посты пайтахтымыздан 450 километр узақлықта жайласқан. Пост­қа 1997-жылдың октябринде тийкар салынды. Темир жол шегара алды посты арқалы ҳәптесине 30 рейс жолаўшы (соннан 9 рейси транзит), 20-24 жүк поездлары көриги ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи өткериледи. Жыл басынан усы күнге шекем бажыхана көригин өткериў барысында 381 бажыхана қағыйдасын бузыў жағдайлары анықланып, 710 миллион  848 мың сумлық товарлардың республикамызға нызамсыз кирип келиниўи ҳәм алып шығылыўына жол қойылмады.

Буннан тысқары, жолаўшылардың белгиленген нормасынан артықша болған товарларына жәми 1 млрд. 397 млн. 780 мың сумлық бажыхана төлемлери өндирилди.

2018-жылдың 12-апрелинде «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысларын және де жетилис­тириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәр­маны қабыл етилип, бул пәрманда сыртқы экономикалық хызмет тараўында мәмлекет хызметлериниң ашықлығын ҳәм олардан еркин пайдаланыў имка­ниятын, мәмлекеттиң экономикалық мәплерин есапқа алған ҳалда экспорт-импорт операцияларының сәйкеслигин тәмийинлеў бағдарындағы исбилерменлик хызметин және де раўажландырыў, инвестиция ҳәм экспорт потенциалын асырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға итибар қаратылды.

Усы пәрман тийкарында 2018-жыл 1-июльден баслап товарларды бажыхана режимлерине жайластырыўда, сондай-ақ, шет елли автотасыўшылардың Өзбекстан Республикасы аймағы бойлап ҳәрекетлениў жөнелислерин өзгертиўге бажыхана уйымлары тәрепинен берилетуғын рухсатнамалар бийкар етилди.  Сыртқы экономикалық хызмет қатнасыўшылары бажыхана брокерлерине мүрәжат етпестен бажыхана жүк декларациясын интернет тармағы ар­қалы реал ўақыт режиминде толтырыў ҳәм бажыхана уйым­ларына усыныў ҳу­қықына ийе болды. Импорт товарлары әмелде Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағына жетип келиўинен алдын, сондай-ақ, товарларды тиккелей шегара өткериў пунктлеринде еркин айланысқа шығарыў арқалы инсаплы сыртқы экономикалық хызмет қатнасыўшыларын хошаметлеў мақсетинде усы товарларды дәслепки декларациялаў әмелияты енгизилди.

Бир сыртқы саўда шәртнамасы (контракты) шеңберинде бир түрдеги товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи (физикалық қәсийети, сапасы, ислеп шығарыўшысы, сыртқы экономикалық хызметтиң товар-номенклатурасы коды бойынша) мәўсимли декларацияларды усыныў арқалы әмелге асырылатуғын болды.

Дәл бир түрдеги товар­ларға сыртқы саўда шәртнамасы (контракты) шеңберинде карантин рухсатнамалары, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы объектлерин, азон қатламын бузыўшы эле­ментлерди ҳәм қурамында усы элементлер бар болған товарларды алып кириў ҳәм алып шығыў ушын рухсатнамалар, муўапықлық сертификаты, ветеринар, гигие­налық ҳәм экологиялық сертификатлар бир календарь жылынан аспаған мүддетте бир мәрте талап етилетуғын болды.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20l8-жыл 24-ноя­брьдеги «Бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары ис нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы менен бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, бизнести раўажландырыў жолында бюрокра­тиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм мәмлекетте инвестиция орталығын жақсылаў мақсетинде бажыхана постлары аймақларына тутас орынларға заманагөй бажыхана терминалларын қурыў белгилеп берилди. Бажыхана терминалларындағы мәмлекет уйымлары ҳәм басқа мәкемелердиң тийкарғы функциялары «Бир айна» принципи тийкарында бажыхана, банк, логистика-қыстаўлы лаборатория, фитосанитар, ветеринар, санитар-эпидемиологиялық, экологиялық, сертификатластырыў ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиўге қаратылған. Буннан тысқары, барлық товарларға экспорт шәртнамаларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана уйым­ларында есапқа қойыў талаплары бийкар етилди. 

­ Мәмлекетимиз қазнасын байытыўда шегара алды темир жол пос­тында өзлериниң хызмет ўазыйпаларын қырағы, сап ҳүжданы менен ат­қарып атырған кәсиплеслериңиз ҳәм оларға жаратылып атырған қолайлы турмыс шараятлары ҳаққында сөз етсеңиз...

­ «Қарақалпақстан» темир жол шегара алды бажыхана постының жоқарыда атап өткенимиздей,  жақсы көрсеткишлерге ерисиўинде бажыхана көриги ҳәм рәсмийлестириў топары аға инспекторлары ­ Қ.Жарыл­қағанов, У.Әбдимуратов, Г.Алламбергенова, бажыхана көриги ҳәм рәсмийлестириў топары инспекторларынан Ш.Исмайылов, А.Султанов, У.Шамуратов ҳәм кинология хызмети киши инс­пекторы, кинологлары   С.Оралбаев, Р.Аташевлардың қосқан салмақлы үлеслерин мақтаныш пенен тилге аламыз.

Бажыхана хызметкерлериниң турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 7-ноябрьдеги қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана бас­қармасының «Қарақалпақстан» темир жол шегара алды бажыхана посты хызметкерлери ушын 2 қабатлы, l6 бөлмеден ибарат хызмет үйлериниң қурылыс жумыслары жедел пәтлер менен алып барылмақта. Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы менен пүткил республикамыз халқын кәсиплеслерим атынан шын жүрегимизден қутлықлағымыз келеди.

Сәўбетлескен: Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF