ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА МУЎАПЫҚЛЫҚТЫ БАҲАЛАЎ СИСТЕМАСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ҲӘМ СЫНАЎ ЛАБОРАТОРИЯЛАРЫ КОМПЛЕКСИН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республикада ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасын ҳәм экспорт көлемлерин арттырыў, олардың халықаралық стандартларға муўапық ислеп шығарылыўын тәмийинлеў ҳәм бар сынаў және калибрлеў лабораторияларын модернизациялаў, сондай-ақ, халыққа сапалы ҳәм қәўипсиз өнимлерди жеткерип бериў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Муўапықлықты баҳалаў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў, уйымлараралық ҳәм инновациялық сынаў және калибрлеў лабораторияларының комплексин раўажландырыў, тараўға жеке меншик инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм жергиликли өнимлерди халықаралық стандартларға муўапық баҳалаў арқалы саўдадағы техникалық тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және «Өзстандарт» агентлигиниң:
«Өзстандарт» агентлигиниң «Республикалық сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасын 2020-жыл 1-январьдан «Өзбекстан илимий-сынаў ҳәм сапаны қадағалаў орайы» мәмлекетлик кәрханасына (кейинги орынларда — «UzTest» мәмлекетлик кәрханасы) айландырыў ҳәм оның мәкемеси етип Стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў илимий-изертлеў институтын белгилеў;
«Өзстандарт» агентлигиниң «Республикалық сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасының мийрасқоры етип «UzTest» мәмлекетлик кәрханасын белгилеў;
2019-2020-жылларда Ташкент қаласында халықаралық шөлкемлердиң (ISO, IEC, UNECE, EN, CODEX STAN) стандартлары, талап ҳәм өлшемлерине муўапық азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери, электротехника, жеңил санаат, машина қурылысы, қурылыс, полимер ҳәм химия санаатының өнимлери және жоқары технологиялар тийкарында ислеп шығарылған өнимлердиң сынаўларын толық әмелге асыратуғын заманагөй сынаў ҳәм қадағалаў лабораторияларынан ибарат «UzTest» мәмлекетлик кәрханасының сынаў ҳәм қадағалаў комплексин шөлкемлестириў;
«Өзстандарт» агентлигиниң 1-қосымшада нәзерде тутылған аймақлық сынаў ҳәм сертификатластырыў орайларының мәмлекетлик кәрханаларын сапластырыў;
сапластырылып атырған аймақлық сынаў ҳәм сертификатластырыў орайлары негизинде «UzTest» мәмлекетлик кәрханасының аймақлық филиалларын 2-қосымшаға муўапық, «Өзбекстан миллий метрология институты» мәмлекетлик кәрханасының аймақлық филиалларын 3-қосымшаға муўапық шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Муўапықлықты баҳалаў системасын жетилистириў, сынаў ҳәм калибрлеў лабораторияларын раўажландырыўға байланыслы комплексли илажлар режеси (кейинги орынларда — Комплексли илажлар режеси) 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына Комплексли илажлар режесинде нәзерде тутылған ўазыйпалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- «UzTest» мәмлекетлик кәрханасының сынаў ҳәм қадағалаў комплекси тәрепинен өзлестирилетуғын өнимлерди сынаўдан өткериў бағдарлары 5 ҳәм 6-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер «UzTest» мәмлекетлик кәрханасының сынаў ҳәм қадағалаў комплексин шөлкемлестириў, технологиялық әсбап-үскене менен үскенелеў ҳәм модернизациялаў жумысларын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсинF
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-июньдеги «Өзбекстан Республикасында мийўе-овощ тармағын раўажландырыў жойбарын Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң қатнасыўында әмелге асырыў бағдарындағы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3790-санлы қарарына муўапық Жәҳән банки тәрепинен 25 жыл мүддетке жыллық 2 процент ставкада ажыратылатуғын 11,6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржы;
UNI Credit Bank (Чехия) тәрепинен 7 жыл мүддетке жыллық 2,1 процент ставкада ажыратылатуғын 3,88 миллион евро муғдарындағы қаржы;
халықаралық финанс институтларының грантлары, жеңиллетилген кредитлер ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- «Өзстандарт» агентлиги системасы шөлкемлерине, буған кирмейтуғын, сынаў, калибрлеў ҳәм салыстырыў лабораторияларын шөлкемлестириў шеңберинде 2021-жылға шекем өз қаржылары есабынан импорт етилетуғын лаборатория үскенелери, әсбап-үскенелер, стандарт үлгилер, химиялық реактив ҳәм реагентлерди сатып алыў ушын тиккелей шәртнамалар дүзиўге оларды Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизалаў орайы» МУКда экспертизадан өткериў шәрти менен рухсат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги «UzTest» мәмлекетлик кәрханасының сынаў ҳәм қадағалаў комплексин шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў, сынаў және калибрлеў лабораторияларын модернизациялаў мақсетлери ушын халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
- «UzTest» мәмлекетлик кәрханасының сынаў ҳәм қадағалаў комплекси қурамындағы сынаў лабораторияларының өним сынаўларын әмелге асырыў менен бирге «Өзстандарт» агентлигиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў орайының буйыртпалары (жумыс режелери)на тийкарланып мәмлекетлик қадағалаўға байланыслы сынаўларды (өсимликлер карантини хызмети ҳәм фармацевтика өнимлери буған кирмейди) әмелге асыратуғыны белгиленсин.
- 2019-2020-жылларда Стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў илимий-изертлеў институты курсларында маманлығын арттыратуғын қәнигеликлердиң аймақлар ҳәм қәнигеликлер бойынша бөлистирилиўи 7 ҳәм 8-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- «Өзстандарт» агентлиги жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте 2019-2020-жыллар даўамында аймақлардың санаат, өндирис ҳәм экспорт потенциалынан келип шығып, усы қарардың 2-қосымшасына муўапық «UzTest» мәмлекетлик кәрханасының аймақлық филиалларын сырт ел ҳәм жергиликли инвесторларға реализациялаў, соның ишинде, олардың негизинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў илажларын көрсин.
- «Өзстандарт» агентлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги менен биргеликте:
бир ай мүддетте шеттен алып келинетуғын ҳәм республикада ислеп шығарылатуғын өнимлерди сынап көриўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде әмелдеги стандарт ҳәм нормаларға муўапық ҳәр бир өним бойынша сынаў бағдарламаларын ислеп шығып тастыйықласын ҳәм турақлы жаңалап турған ҳалда рәсмий сайтларға жайластырып барыў системасын жаратсын;
өнимлер сапа ҳәм қәўипсизлик сынаў көрсеткишлери толық баҳаланғаннан кейин муўапықлық сертификатын рәсмийлестириў системасын жолға қойсын.
- 2020-жыл 1-январьдан:
аккредитацияланған сынаў лабораториялары өним сынаўларын «Өзстандарт» агентлиги рәсмий сайтында жайластырылған сынаў бағдарламалары тийкарында өткеретуғыны;
бир түрдеги өнимге салыстырғанда тастыйықланған сынаў бағдарламаны еки ҳәм оннан артық жеке меншик сынаў лабораториялары толық халықаралық талаплар тийкарында өзлестирген жағдайда, мәмлекетлик уйымлардың системасына киретуғын сынаў лабораториялары тәрепинен усы өнимди сынаў тек ғана мәмлекетлик мониторинг ҳәм қадағалаў мақсетлеринде әмелге асырылатуғыны;
өнимниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тастыйықлайтуғын рухсат бериўши ҳүжжетлер ҳәм муўапықлық сертификатларын рәсмийлестириў уйымлық бойсыныўына қарамастан аккредитацияланған сынаў лабораторияларында өткерилген унамлы сынаў нәтийжелерине тийкарланып әмелге асырылатуғыны;
аккредитацияланған сынаў лабораториялары халықаралық стандартларға тийкарланып жаңа сынаў усылын енгизсе, үш ай ишинде аккредитация шеңберин кеңейтиў миннетлемесин алған ҳалда усы усыл бойынша муўапықлықты баҳалаў жумысларын әмелге асырыўына рухсат етилетуғыны. Онда жаңа сынаў усылларын қолланыўға аккредитация тараўын кеңейтиў ушын белгиленген тәртипте усынылған буйыртпа тийкар болатуғыны;
муўапықлығы тастыйықланыўы шәрт болған өнимлерди сынап көриўди әмелге асырмайтуғын ҳәм шөлкемлердиң өзиниң өндирис талаплары ушын шөлкемлестирилетуғын сынаў лабораторияларын аккредитациялаў орнына олардың техникалық жақтан сазлығын мақуллаў тәртиби енгизилетуғыны.
Онда усы бәнтте нәзерде тутылған қағыйдалар өсимликлер карантини хызмети ҳәм фармацевтика өнимлерине енгизилмейтуғыны белгилеп қойылсын.
- «Өзстандарт» агентлиги бир ай мүддетте:
Сынаў ҳәм калибрлеў лабораторияларының техникалық жақтан сазлығына қойылған улыўма талапларды белгилейтуғын мәмлекетлик стандартты тастыйықласын ҳәм сынаў және калибрлеў лабораторияларының техникалық жақтан маманлығын мақуллаў тәртиби ҳаққындағы нызам жойбарын ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте республикада ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде стандартластырыў, метрология ҳәм муўапықлықты баҳалаў бағдарларында билим алып атырған 3 ҳәм 4-басқыш студентлери арасынан таңлаў өткерип, олардың сырт мәмлекетлердиң ең алдынғы илимий-сынаў лабораторияларында әмелиятын шөлкемлестириў ҳәм миллий сынаў және калибрлеў лабораторияларына мүддетли шәртнама тийкарында жумысқа тартыў бойынша илажлардың режесин тастыйықласын ҳәм әмелге асырсын.
- «Өзстандарт» агентлиги сынаў ҳәм калибрлеў лабораторияларының талапларын қанаатландырыў мақсетинде келеси дәўир ушын сатып алынып атырған лаборатория үскенелери, әсбап-үскенелер, стандарт үлгилер, химиялық реактив ҳәм реагентлердиң дизимин электрон кооперация порталына жайластырып барсын.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги, «Өзхимиясанаат» АЖ ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖ импорт етип атырған лаборатория үскенелери, әсбап-үскенелер, стандарт үлгилер, химиялық реактив ҳәм реагентлерди ислеп шығарыўды локализациялаў бойынша 2019-жыл 1-октябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийкарланған усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм «Өзстандарт» агентлигиниң 2020-жыл 1-январьдан төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртипти енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
мәмлекетлик сатып алыўларда, биржа саўдаларында қатнасыў ҳәм жеңиллик пенен преференциялар алыў ушын кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлери усыныс етип атырған өнимлердиң техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына муўапықлығын тастыйықлаў;
импорт етиўши ҳәм жергиликли өндирис кәрханаларына муўапықлық белгисинен пайдаланбағаны ушын бир мәртелик төлемди базалық есаплаў муғдарының ярым есеси муғдарында қатаң белгилеў ҳәм сертификатластырыў уйымларына түскен сумма салық төлемлери төленгеннен кейин нызамшылықта белгиленген тәртипте бөлистирилиўи;
сертификатластырыў уйымларына өзлериниң брендлерин жаратыў ҳәм олардан орнатылған тәртипте шәртнама тийкарында пайдаланыў әмелиятын енгизиў.
- «Өзстандарт» агентлиги Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте сертификатластырыў процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм исбилерменлик жумысының субъектлери, соның ишинде, экспорт етилетуғын кәрханаларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде өнимниң үлгилерин сынаў ҳәм калибрлеў лабораторияларына жеткериўде транспорт логистикасы системасын енгизиў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине белгиленген тәртипте киргизсин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги бир ҳәпте мүддетте «UzTest» мәмлекетлик кәрханасының сынаў ҳәм қадағалаў комплексин қурыў ушын зәрүр болған жер участкасын белгиленген тәртипте ажыратып бериўди тәмийинлесин.
- «Өзстандарт» агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 15-август.