ШӨЛКЕМЛЕСКЕНЛИК ПЕНЕН ӨТКЕРИЛДИ
Ең уллы, ең әзиз әййям — Ғәрезсизлик байрамының 28 жыллығын көтериңки руўхта өткериў, елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларына айрықша жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў, халқымыз арасында миллий қәдириятларымызға тән болған мийрим-шәпәәт ҳәм татыўлықты буннан былай да күшейтиў, бийғәрез жәрдем, мийрим-шәпәәт сыяқлы жақсы пазыйлетлерди жоқарылатыў, жасларымызды жоқары адамгершилик сезимлери руўхында Ўатанға садық ҳәм пидайы етип тәрбиялаў, мәҳәллелерди, халықтың турақ жайларын абаданластырыў ҳәм республиканың барлық аймақларында санитариялық жағдайды жақсылаў мақсетинде усы жылдың 17-18-август күнлери улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик республикамыз бойлап шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
Бунда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де университет ҳәм оған тийисли бина ҳәм имаратлар әтирапларында абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлескенлик жағдайында алып барды.
Еки күн даўамында университеттиң 1447 профессор-оқытыўшылары, 754 техникалық хызметкерлер ҳәм 1928 студент-жаслар университет әтирапын жабайы шөплерден тазалаў, тереклерди ҳәклеў, салмаларды тазалаў сыяқлы жумысларды иследи.
Улыўма шембилик даўамында 19,2 гектарға шамалас жерлер абаданластырылып, 4,4 километрден аслам салмалар тазаланды. Буннан тысқары, 4573 түптен аслам тереклер ҳәкленип, 2 техника жәрдеминде 22,6 тоннаға жақын шығындылар арнаўлы орынларға шығарып тасланды.
Шембилик шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
Р.АРЗИЕВ,
ҚМУ Баспасөз хаткери.