Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:25:51, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЗБИРШИЛИК ҮЛГИЛЕРИ КӨРСЕТИЛДИ

Халқымызда ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлер, қәдириятлар арасында ҳәр қандай ўазыйпаны биргеликте, аўызбиршиликте, шөлкемлескенлик пенен өткериў әдетке айлан­ған.

Өйткени, бул елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абадан турмыста өмир сүриўи ушын хызмет етеди.

Елимизде 17-18-август күнлери өткерилген улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги де, мине, усындай ийгиликли жумыслардың әмелий көриниси болды. Ҳүкиметлик бийлик тийкарында 2019-жылдың 15-30-август күнлери республикамыздың барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы деп жәрияланып, бул бойынша барлық орынларда абаданластырыў ҳәм көгалландырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Еки күн даўам еткен улыўмахалықлық қайыр­қомлық шембилигине республикамыз бойынша 1 миллион 348 мыңнан аслам пуқараларымыз белсене қатнасты. Олардың 800 мыңнан асламы келешек ийелери есапланған жаслардан ибарат екенлиги елимизде жаслардың ҳәр тараўда белсендилик көрсетип киятырғанынан дәрек береди. Бул жумысларға улыўма 554 техника қатнастырылып, 2 мың гектардан аслам жерлер абаданластырылды, 1914 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары арнаўлы орынларға шығарып тасланды, 1083 километрлик салма ҳәм лотоклар тазаланып, 565 мыңнан аслам тереклердиң шақаларына форма берилип, түплери ҳәкленди.

Бул күнлери усындай ийгиликли жумысларға белди беккем буўып кирискен пуқараларымыз тәрепинен қойымшылықлар менен муқаддес зыярат орынларын абаданластырыў, ти­йисли оңлаў жумысларын алып барыўға да дыққат қаратылып, республикамыз бойынша 281 қойымшылық ҳәм 43 зыярат орнында әмелий жумыслар алып барылды.

Әзел-әзелден халқымыз социаллық жәрдемге мүтәж болған пуқараларға бийминнет қайырқомлық жәрдемлерин көрсетип келмекте. Шембилик күнлери де усындай ийгиликли дәстүрлер даўам еттирилип, «Мәҳәлле» қоры қаржылары есабынан улыўма республикамыз бойынша 375 турақ жайда 22 миллион 393 мың сумлық оңлаў жумыслары алып барылды.

Кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған, жалғыз баслы, майыплығы болған пуқараларымыздың ҳал-аўҳалынан да хабар алынып, «Мәҳәлле» қоры қаржылары есабынан 1329 шаңараққа 62 миллион 218 мың сумлық материаллық жәрдем көрсетилди.

Елимиз ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамын мүнәсип түрде белгилеў ушын таярлық көриў, халқымыз арасында миллий қәдириятларымызға тән бол­ған өз-ара мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршиликти еле де беккемлеў, мәҳәллелерди, халқымыз жасайтуғын турақ жайлар ҳәм олардың әтирапларын абаданластырыў мақсетинде шөлкемлестирилген улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги елимиздиң гүллеп-раўажланыўы, көшелеримиздиң пайызлы орынларға айланыўына хызмет етеди.

Исламь Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF