«БАР МЕҲРИМИЗ УСЫ ХАЛЫҚ, УСЫ ЎАТАН УШЫН!»
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-июльдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жыл 12-июль күни Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрығы шығып, ондағы ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде «Бар меҳримиз усы халық, усы Ўатан ушын!» сүрени астында ең шетки аймақларда жасайтуғын халық тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериледи.
Усы жылдың 29-июль сәнесинен 27-август күнине шекем даўам ететуғын бул ири көлемли илажды өткериўден мақсет — узақ даўам ететуғын кардиологиялық, эндокринологиялық, дерматологиялық, неврологиялық, гинекологиялық, урологиялық сыяқлы бир қанша түрдеги кеселлиги болған наўқасларды диспансерлик бақлаўға алыў ҳәм сол тийкарда оларды дәслепки медициналық профилактикалық қадағалаўдан баслап профилактикасын толық өткериўге шекем әмелге асырыў. Соның менен бирге, тәжирийбели, маман қәнигелер менен биргеликте халықты тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерип, қурамалы операцияларды әмелге асырыўда белсене қатнасып атырған жергиликли шыпакерлер бир ўақыттың өзинде өз билим ҳәм көнликпелерин, тәжирийбелерин және де арттырыў имканиятына ийе болмақта.
Бундай тексериўлердиң және бир әҳмийетли тәрепи, халық өзи жасап атырған аймақтан шықпаған ҳалда республикалық дәрежедеги сапалы қәнигелестирилген медициналық жәрдем алыў имканиятынан пайдаланбақта. Егер бир наўқаста бир неше түрдеги кеселлик бар болса, оған усы кеселликлер бойынша қәнигелердиң мәсләҳәти тийкарында сол жердиң өзинде ем буйырылмақта.
Өткерилип атырған тексериўлердиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде қәнигелестирилген медициналық орайлардың директорлары, академиклер, илимий-изертлеў институтлары, абырайлы республикалық клиникалық емлеўханалардың жетекши илимпазлары, медицина илимлериниң докторлары ҳәм жоқары категориялы шыпакерлер басшылығындағы кардиолог, эндокринолог, акушер-гинеколог, дерматовенеролог, педиатр, терапевт, травматолог, аллерголог, хирург, невропатолог, офтальмолог сыяқлы жигирмаға шамалас тараў бойынша жумыс ислеп киятырған қәнигелерден ибарат топарлар республикамыздың ең шетки аймақларындағы пенсионерлер, физикалық жақтан имканияты шекленген пуқаралар, жалғыз баслы кекселер, балалар, фертиль жасындағы ҳаялларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткермекте. Тексериўлер даўамында қәнигелер ҳәр бир мүрәжат етиўши пуқараға айрықша итибар қаратып, төсекте жатып қалған кекселер ҳәм наўқаслардың ҳалынан хабар алмақта. Тексериў ўақтында аўырыў анықланған жағдайда ҳәр бир наўқас ушын арнаўлы емлеў ҳәм реабилитация режелери белгиленеди. Атап айтқанда, амбулатор шараятта, емлеўханаларда ямаса республикалық емлеў-профилактика мәкемелеринде орнатылған тәртипте саламатландырылады.
«Бар меҳримиз усы халық, усы Ўатан ушын!» сүрени астында өткерилип атырған илажлар шеңберинде халық арасында медициналық мәдениятты жоқарылатыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша түсиник жумыслары ҳәм сәўбетлесиўлер де алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.